Кеше Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенаты Парламентлераралық бирге ислесиў комиссиясы басшылары С. Сафоев ҳәм Ж. Асанов арасында онлайн форматта ушырасыў болып өтти.

Ушырасыў ўақтында еки тәреплеме қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтиң усы жылы 7-8-август күнлери Қазақстанға сапары шеңбериндеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары додаланды.

Тийкарғы итибар Комиссия алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм жоқары дәрежедеги еки тәреплеме келисимлердиң орынланыўы үстинен парламент қадағалаўын биргеликте әмелге асырыў механизмлерине қаратылды.

Саўда –экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў, регионаллық байланысларды беккемлеў, биргеликтеги қаржы  жойбарларын парламент тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм Аралбойы машқалаларын шешиў мәселелерин додалаў ушын Комиссияның үзликсиз мәжилислерин өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмақлары бойынша 2025-2026-жылларға мөлшерленген жаңа «Жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў  бойынша келисимге ерисилди. Оны додалаў Парламентлераралық бирге ислесиў бойынша комиссияның гезектеги мәжилисинде режелестирилген,- деп жазады  senat.uz  сайтында.

                                                                Қарақалпақстан хабар агентлиги