Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Корпоратив қатнасықлардың ҳуқықый тийкарларының және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды. Бул ҳаққында Нызамшылық палатасы хабар берди.

Бул нызам жойбары менен айырым нызам ҳүжжетлерине төмендегилерди нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Атап айтқанда, әҳмийетли өзгерислерден бири унитар кәрхана ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийет түрлерин сапластырыў болыўы мүмкин.

Буннан тысқары, юридикалық тәреплерди қосып жибериў, қосып алыў ҳәм шөлкемлестириў-ҳуқықый түрин өзгертиў арқалы қайта шөлкемлестириўде кәрханалардың ҳуқықлары менен миннетлемелери тапсырыў ҳүжжетинде сәўлелендирилген ямаса сәўлелендирилмегенине қарамастан қайтадан шөлкемлестирилип атырған юридикалық тәрепке өткерилиўи де тәртипке салынады.

Корпоратив шәртнама, консорсиум ҳәм консорсиум шәртнамасы сыяқлы институтлардың ҳуқықый статусын белгилеў, жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерди шөлкемлестириўде шөлкемлестириў шәртнамасын дүзиў ҳаққындағы талап бийкар етиледи. Жаңа тәртиплерге бола, хожалық жәмийетлери бақдаў кеңеслериниң акциялар, коропоратив облигациялар ҳәм басқа да баҳалы қағазларды шығарыў ҳаққындағы қарарларды ҳуқықый ҳүжжетлерге муўапық әҳмийетли факт сыпатында жәриялаў мүмкин болады.

Сондай-ақ, баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен баҳалы қағазлар шығарылыўы мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳәм баҳалы қағазлар базарында профессионал жумыс пенен шуғылланыўға лицензия берилгенлиги ҳаққындағы мәлимлемени жәриялаў да белгиленбекте.

«Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи хожалық жәмийетлериниң жумысын ҳәм оларды басқарыўды әпиўайыластырыў, корпоратив қатнасықларды жетилистириў, хожалық жәмийетлериниң акционерлери ҳәм қатнасыўшыларының ҳуқықларын қорғаўдың және де исенимли қуралларын енгизиў, әмелиятта өз әҳмийетин жойытқан бир қатар тәртип-қағыйдалар ҳәм талапларды бийкарлаў арқалы корпоратив қатнасықлардағы бюрократияның алдын алыўға хызмет етеди», делинеди хабарда.

Нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда қабыл етилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги