Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Корея Республикасының халықаралық
бирге ислесиў агентлиги (KOIKA) президенти Чанг Вон Сам басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет президентлериниң сиясий ерк-ықрары себепли Өзбекстан ҳәм Қубла Кореяның узақ жыллық бирге ислесиўи стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенлиги атап өтилди.

Өз-ара қатнасықлардың раўажланыўы ҳәм беккемлениўинде Корея Республикасының халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң орны айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында келешекте де билимлендириў, денсаўлықты сақлаў тараўларында, суў ресурсларын басқарыў ҳәм инвестицияларды тартыўға қаратылған бағдарламаларды даўам еттириў бойынша пикир алысылды.
Сондай-ақ, парламент жумысында мәлимлемелестириў системасын және де раўажландырыў мақсетинде агентлик пенен бирге ислесиў протоколына қол қойылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги