Қарақалпақ-әййемги үлке. Бир ўақытлары Арал теңизи себепли оның аты тиллерде дәстан болған еди. Теңиздиң әсте-әсте қурыўы регионда климат, тәбият пенен байланыслы машқалалар келтирип шығарды. Бирақ соңғы жыллары бул тарийхый жер жасарып атырғандай. Өзбекстан Президентиниң басламасы менен оның қала менен аўылларында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Олардан бири Қарақалпақстан районларын ўәлаятлар аталыққа алыўы болып есапланады. Мәселен, Бозатаў районында Ферғана ўәлаяты үлкен бағдарлама тийкарында көплеген экономикалық-социаллық жойбарларды әмелге асырмақта. Өткен қысқа ўақыт ишинде, яғный, 2023-2024-жыллары жәми 22,1 миллиард сумлық жумыслар орынланды. Соның ишинде, 11 миллиард сум қаржы есабынан 7 социаллық тараў объекти қурылды, оңланды ҳәм үскенелеў жумыслары әмелге асырылды. 5,4 миллиард сум қаржы есабынан 4 мектепте капитал оңлаў, жаңа спорт залларын қурыў ҳәм спорт инвентарлары менен тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылды. 5,5 миллиард сум қаржы есабынан 2 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жаңадан қурылды ҳәм ҳәзир оңланып, 1 денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық қорғаў мәкемелери оңланды.
Буннан тысқары, райондағы 72 ветеран ҳәм 100 социаллық дәптерге киргизилген ҳаялдың Ферғана ўәлаятындағы дем алыў дәргайларында емлениўи шөлкемлестирилди. 300 шаңараққа 1,5 миллиард сумлық 400 бас қой-ешки, 250 бас қоян, 4000 бас таўық, 1500 бас түйетаўық бийпул берилди.
200 шаңарақтың турақ жайының төбеси оңлап берилди. Аўылларда 2 км суў тармағы тартылды, 6 км автомобиль жолы жаңаланды.
– Ферғана ўәлаятынан келген дийқан ҳәм қәнигелер ҳәзирги күнге шекем 1750 гектар майданды қайта пайдаланыўға тапсырды ҳәм оларда пахта, ғәлле, овощ егинлери жетистирилиўи жолға қойылды,-дейди Ферғана ўәлаяты ҳәкиминиң биринши орынбасары Ҳабибулло Сирожиддинов. – 3,9 миллион долларлық инвестиция жойбарлары әмелге асырылды. Районда ферғаналылар тәрепинен 5 исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди.
Ҳәзирги күнлерде Ферғана ўәлаятының жумысшы топары Бозатаўда. Олар 2024-2025-жыл ушын және де үлкен режелер дүзбекте.
– Санаат бағдарындағы 34,2 миллион долларлық 3, аўыл хожалығы бағдарындағы 10 миллион долларлық 1 жойбар қәлиплестирилди,-дейди Ҳабибулло Сирожиддинов. – «Бозатаў Қува агро» ЖШЖ жеке меншик кәрханасы тәрепинен баҳасы 14,2 миллион долларлық жумыс орны 200 болған «Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў» жойбары «Вине гарден Бозатаў» ЖШЖ тәрепинен баҳасы 10 миллион доллар болған «Жүзимгершиликти раўажландырыў ҳәм оның базасында виношылық ҳәм спиртли ишимликлер ислеп шығарыў», «Фиш Пром агро» ЖШЖ тәрепинен баҳасы 10 миллион доллар болған «Балықшылық көллерин раўажландырыў ҳәм балықшылық кластерин шөлкемлестириў», «Қоқанд Бозатаў Бентонит» ЖШЖ тәрепинен баҳасы 10 миллион доллар болған «Боянтамыр тамыры экстрактин ислеп шығарыў» сыяқлы жойбарлар әмелге асырылады.
Бозатаўға қаратылып атырған инвестиция нәтийжесинде 44 исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилип, 1036 жаңа жумысшы орны жаратылады.
Муҳаммаджан Обидов,
ӨзА