Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана посты хызметкерлери тəрепинен соңғы жыллары елимиздиң материаллық ҳәм мәдений байлықларының сырт еллерге нызамсыз алып кетилиўиниң алдын алыў бойынша бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Жақында басқарма хызметкерлери тәрепинен «Ташкент-Волгоград» жөнелисиндеги жолаўшы поезды жолаўшысы Өзбекстан Республикасы пуқарасына тийисли қол жүклер бажыхана тексериўинен өткерилгенде, бажыхана қадағалаўынан жасырып алып өтпекши болған əййемги дәўирге тийисли қолда исленген бир дана ҳəйкелди елимиз аймағынан Россияға алып кетип баратырғанлығы анықланды ҳәм өз ўақтында иркип қалынды.
Тайынланған экспертиза жуўмағына бола, айғақлы зат сыпатында алынған бул ҳəйкел, мүсинши Макс Клингер тəрепинен исленген “Касандра” бюсти нусқасы болып, ол шама менен 1970-жылға тийисли екенлиги тастыйықланды.
Әне, усыған уқсас жағдай Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы “Даўыт-ата” шегара бажыхана посты хызметкерлери тəрепинен де анықланды.
Атап айтатуғын болсақ, бажыхана хызметкерлери тәрепинен өткерилген көзден өткериўлер даўамында жолаўшылар тәрепинен ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз “СССР” атамасындағы теңге, 3 ҳаял-қызлар көйлеги тағыншағы, 1 дана жүзик, 1 дана билезик, 1 шай қасық, 3 араб тилинде баспадан шығарылған диний мазмундағы китаплар мәмлекетимиз аймағынан Қазақстан Республикасына алып шығылып баратырғанында тоқтатып қалынды.
Айғақлы зат сыпатында алынған бул буйымлар экспертиза жуўмағы тийкарында шама менен ислеп шығарылған ўақты ХХ əсир екенлиги көрсетилди ҳәм бул анықланған көркем өнер үлгилери «Мəдений байлықлардың алып шығылыўы ҳəм алып кирилиўи ҳаққында»ғы нызамына тийкарланып Өзбекстан Республикасы аймағынан алып шығылыўы қадаған етилген мəдений байлықлар категориясына киретуғыны тастыйықланды.
Бажыхана хызметкерлери тәрепинен республикамызда бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы