Қараөзек районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы мектеплерде «Билимлер күни» мүнәсибети өткерилген байрам кешеси Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Илажда район ҳәкими Анвар Баймуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы ҳәм «Билимлер күни» байрамы менен мектеп жәмәәти менен оқыўшыларын қутлықлап, соңғы жыллары республикамызда билимлендириў тараўында жүз берип атырған унамлы өзгерислерди атап өтти ҳәм биринши классқа қабылланып атырған оқыўшыларға Президент саўғаларын салтанатлы жағдайда тапсырды.
Буннан соң район ҳәкими мектеп оқыўшыларына «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз» сүрени астында биринши ғәрезсизлик сабағын өтти.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Қараөзек районы бойынша жаңа оқыў жылында улыўма орта билим бериў мектеплериниң 1-класына жәми 761 бала қабылланып, бул оқыўшылар ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 12 атамадағы «Президент саўғасы» мектеплерге толық жеткерип берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги