Усы жылдың 30-август күни «Өзбекстан Президентиниң исбилерменлер менен төртинши ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Ҳүжжетке бола, 2024-жыл 1-октябрьден туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлерин, 2025-жыл 1-январьдан улыўма аўқатланыў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлерге  2028-жыл 1-январға шекем ҳәр айдың 25 сәнесине шекем төленген ҚҚСның бир бөлегин  төмендеги муғдарларда республика бюджетинен қайтарыў системасы енгизиледи:

 

айлық товар айланысының нақ пулсыз бөлеги:

60 проценттен асқан улыўма аўқатланыў кәрханаларына –бюджетке төленген ҚҚСның 40 проценти;

60 проценттен аз улыўма аўқатланыў кәрханаларына –бюджетке төленген ҚҚСның 20 проценти;

Туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлерин көрсетиўши исбилерменлерге –бюджетке төленген ҚҚСның 20 проценти.

2024-жыл 1-ноябрьден ҳәмме ушын ашық ҳалда жүргизилетуғын Инсан өмири ҳәм денсаўлығына жоқары қәўип салыўшы факторлар реестри енгизиледи.

2025-жыл 1-январьдан қадағалаўшы уйымлар тәрепинен исбилерменлердиң жумысында ҳуқықбузарлықты жүзеге келтириў қәўипин анықлаў бойынша «Қәўипти таллаў» электрон системасы енгизиледи,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

 

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги