Бүгин елимиз бойлап барлық мектеплерде жаңа оқыў жылы басланып, «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек –Ўатанбыз!» сүрени астында «Биринши қоңыраў» жаңлады.

Пайтахтымыздағы «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейинде де «Биринши қоңыраў» илажы өткерилди. Онда  лицейдиң оқытыўшылары, 1 ҳәм 2-курс оқыўшылары, ата-аналар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда мәмлекелик гимнлер жаңлап, лицей директоры жыйналғанларды жаңа оқыў жылы менен қутлықлады. Буннан соң Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң бас қәнигеси Н.Шынназаров сөзге шығып, Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығы байрамы ҳәм жаңа оқыў жылы менен илаж қатнасыўшыларын қутлықлап, оқыўшыларға оқыўларында табыслар тиледи.



Илаж оқыў орнында Ғәрезсизлик сабақлары менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги