Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен орынларда қайыр-сақаўат илажлары өткерилип, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, қәстелер, жалғыз жасаўшы кексе ҳәм майыплығы болған шахслардан хабар алынбақта.
Атап айтқанда Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы тийкарында Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте қайыр сақаўат илажы өткерилди.
Онда Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы А.Юлдашов халқымызды байрам менен қутлықлап, Президентимиздиң басламасы менен бул бағдарда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Илаж даўамында Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Тақыятас районларындағы социаллық қорғаўға мүтәж 100 шаңарақтан хабар алынып, оларға азық-аўқатлық өнимлери тарқатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги