БМШ Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили, БМШтың Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы баслығы Каха Имнадзе Олий Мажлис Сенатына келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстанның БМШ ҳәм оның қәнигелестирилген системалары, соның ишинде, Орайлық Азияда превентив димломатия бойынша регионаллық орай арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективадағы режелери көрип шығылды.
Регион мәмлекетлери арасындағы тығыз қоңсышылық байланыслары, экономикалық өсиў, тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды избе-из даўам еттириў бойынша пикир алысты.
Соның менен бирге, гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм жаслар потенциалын жүзеге шығарыў, соның ишинде, билимлендириў менен байланыслы мәселелерге де айрықша итибар қаратылды. Бул бойынша тәсиршең парламентлик қадағалаў арқалы бирге ислесиўде анық мәнзилли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға келисип алынды.
ӨзА