Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң  депутаты А.Реймов өзи сайланған аймақтағы Қос көл, Жаңа заман, Жаңа базар мәкан пуқаралар жыйынларында болды.

Дәслеп депутат аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж, наўқас ҳәм майыплығы болған пуқаралар менен сәўбетлесип, олардың пикир-усынысларын тыңлады. Буннан соң, байрам мүнәсибети менен оларға азық-аўқат өнимлерин тапсырды.

Ҳақыйқатында да мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған “Инсан қәдири ушын” принципи, бүгинги күнде турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланған. Бул принцип халқымыздың жәмийетке, мәмлекетке болған исенимин беккемлеў, шын мәнисинде халықты өмиринен разы болып жасаўына хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги