Мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығы жолында берилип жумыс ислеп атырғанлардың мийнети итибарсыз қалмайды.
Ең уллы, ең әзиз байрам алдынан Президент Шавкат Мирзиёевтиң пәрманларына муўапық, түрли тараўлардың ўәкиллери ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.
Бүгин Көксайрада усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды. Илаждан соң сыйлықланғанлардың айырымлары менен сәўбетлестик.
Турсынбай Абдижаббаров, «Нураний» қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлим баслығы, «Эл-юрт ҳүрмати» ордениниң ийеси.
– Президентимиз Қарақалпақстан ҳаққында айтқанында бизиң тамырымыз, тәғдиримиз бир, деп айрықша атап өтеди. Бул тек ғана гәп емес, әмелде де өз көринисин таўып атырғанын ҳәммемиз көрип турмыз. Кейинги жылларда барлық район ҳәм қалаларымыз жаңа көриниске енди. Заманагөй жойбарлар иске қосылып, адамлар турақлы дәраматқа ийе болмақта. Мәмлекетимиз басшысы февраль айында Әмиўдәрья районына барып, жаңа көпирдиң ашылыўында қатнасты. Жақсы еслеймен, ески понтон көпирден пайдаланыў қаншелли қолайсыз еди. Бәҳәрде муз ерип, дәрьяда суў көбейсе машқала болатуғын еди. Сондай ўақытларда дәрьяның еки тәрепиндеги халқына қаншелли қыйын болғанын көз алдыңызға келтириң. Бул үлкен жойбар болды. Ҳәм экономикалық, ҳәм социаллық әҳмийетке ийе стратегиялық объектке ийе болдық.
Шавкат Мирзиёев жақында Кегейли районында Қарақалпақстан Республикасы социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерин додалаў бойынша мәжилис өткерди. Онда елимиздиң келешегине байланыслы бир қанша жақсы басламалар алға қойылды. Бар машқалалардың шешимлери көрсетилди. Буннан халқымыздың басы көкке жетти.
Мәмлекет басшысының быйылғы исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи Нөкис қаласында болғаны тарийхый ўақыя болды. Қарақалпақстанға инвестиция киргизип,бизнес ислеўдиң басқа аймақларға қарағанда үстинлик бериўши тәреплери түсиндирилди. Бул қаншадан-қанша жойбарлар иске қосылылатуғынын аңлатады. Бул мыңлаған жаңа жумыс орынлары, халықтың абаданлығы дегени.
Президентимиздиң бул жерди гүллеп-жаснатыў бағдарындағы тилеги үлкен. Оны адамлар сезинбекте. Ең әҳмийетлиси мәмлекет басшысы ҳәм халықтың тилеги бир екенлиги жоқары шеклерге жетип атырғанымыздың тийкары.
Усы жердиң бир перзенти,нуранийи сыпатында жасларға усы тәреплерин бәрқулла айтып жүремен.
Бүгин мәмлекетимиз басшысынан жоқары ҳүрмет, орден алып кеўилим мақтанышқа толып турыпты. Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы қарсаңында бул маған үлкен байрам саўғасы болды.
ӨзАның хабаршысы Икрам АВВАЛБОЕВ жазып алды.
Рустам НАЗАРМАТОВ алған сүўрет.