Тыныш ҳәм тытыўлықта жасап атырған елимизге тойлар жарасады. Байрам нәпеси менен орынларда болып атырған илажлар халқымызға жоқары кейпият бағышлап, оларда шүкиршилик ҳәм  миннетдаршылық сезимлерин оятпақта.

Хожели районындағы пайызлы орынлардың биринде Президентимиздиң тапсырмасына муўапық Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги басламасы менен район аймағында жасаўшы 10 жас шаңарақтың неке тойлары ҳәм 15 баланың сүннет тойлары көтериңки руўхта өткерип берилди. Тойға Бухара ўәлаяты ҳәкиминиң биринши орынбасары Б.Ахмедов, Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери  қатнасты. Сөзге шыққанлар той ийелерин ҳәм балаларымызды өмириндеги умытылмас қуўанышлы күнлери менен  қутлықлап, баҳалы саўғалар менен сыйлықлады. Илаж шеңберинде бухаралы ҳәм районлық мәденият тараўы хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.



  

Той ийелери  Ғәрезсизлигимиздиң  33 жыллық байрамы мүнәсибети  менен әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер ушын мәмлекетимиз басшысына өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги