Байрам нәпеси менен орынларда болып атырған илажлар қатарында Тақыятас районында да байрам илажлары даўам етпекте.
Сурхандәрья районы ҳәкимлиги қәўендерлигинде қурылған тигиўшилик фабрикасында байрам мүнәсибети менен илаж болып өтти. Онда Тақыятас районы ҳәкими К.Айтбаев ҳәм сектор басшылары қатнасып, жыйнылғанларды байрам менен қутлықлады. Онда мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформаларда жәмийетимизде белсендилик көрсетип, ҳәр тәреплеме жетилискен, билимли, зийрек ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаўда өз үлесин қосып атырған ҳаял-қызлардың роли айрықша екенлиги атап өтилди.
Илажда ҳәким жәрдемшилериниң усынысы менен субсидия тийкарында тигиў машиналары өз ийелерине тапсырылды.
Илаж даўамында районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Онда райондағы мәкеме-шөлкемлер өзлеринде бар бос жумыс орынлары менен қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги