Самарқанд қаласында өткерилген «Шарқ тароналари»  XIII халықаралық музыка фестивалы жуўмақланды.

Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы алдынан Самарқанд және бир рет дүнья музыка ҳәм көркем өнер дөретиўшилери нәзеринде болды. Әййемги ҳәм ҳәмийше наўқыран қалада дүньяның 80 ге шамалас мәмлекетинен 400 ден аслам ўәкиллер халықаралық музыка фестивалинда қатнасып, көркем өнер тынышлық, дослық ҳәм аўызбиршилик символы екенлигин көрсетти.

Шерек әсирден аслам ўақыттан берли дәстүрий түрде өткерилип атырған фестивальдан гөзленген тийкарғы мақсет те дүнья халықлары миллий музыка мәденяты дәстүрлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм қәстерлеп-сақлаў, тили, дини, миллетине қарамастан, барлық халықларды көркем өнер арқалы бир-бирине жақынластырыў ҳәм олар арасындағы дослық байланысларды беккемлеўден ибарат болып есапланады. Әсиресе, бүгин дүньяның көриниси өзгерип баратырған глобалласыў дәўиринде бундай арнаўлы  көркем өнер байрамларын өткериўдиң әҳмийети жүдә үлкен.

Оны мәмлекетимиз басшысы фестивальдың салтанатлы ашылыў мәресиминдеги қутлықлаў сөзинде де атап өтип, Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы мәнисин түрли мәмлекетлер менен тынышлық ҳәм бирге ислесиў, дослық қатнасықларын раўажландырыў принципи қурайтуғынлығын атап өтти.

Усы мәнисте, елимизде «Шарқ тароналари» әнжуманы менен бирге, халықаралық мақам көркем өнери, бақсышылық көркем өнери, өнерментшилик фестивальлары, Ташкент халықаралық кинофестивалы сыяқлы ири мәдений илажлар турақлы өткерип келинбекте. Олар, атап өтиў керек болса, Өзбекстанның дүнья халқын тынышлыққа, туўысқаншылық ҳәм татыўлыққа шақыратуғын ийгиликли шақырығы болып табылады, деди Шавкат Мирзиёев.

Фестиваль «Шарқ тароналари » деп аталса-да, онда планетамыздың барлық жерлеринен қосықшы ҳәм сәзенделер, музыкатаныўшылар қатнасып, өзиниң миллий қосық-намаларын атқармақта, дәстүр ҳәм қәдириятларын көрсетпекте. Президентимиздиң атап өткениндей, «Шарқ тароналари» бүгин дүнья намаларына  айланды.

Пандемия себепли бес жыллық  тәнепистен соң өткерилген он үшинши фестивальда 30 дан аслам мәмлекеттиң музыкалық топарлары, қосықшы ҳәм сәзенделери өз бағдарламаларын көрсетти.Таңлаў қатнасыўшыларының шығыўлары 7 адамнан ибарат халықаралық жюрийлер ағзасы тәрепинен еки бағдар –профессионал (классик) дәрежедеги халық музыкасы ҳәм қосық бағдары ҳәм заманагөй музыка ҳәм қосық бағдары бойынша баҳаланды.

Дәстүрге бола, фестиваль шеңберинде «Шығыс халықлары музыка мәденияты: глобалласыў процеслеринде дөретиўшилик үйлесиў принциплери» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткерилди.

Әнжуманда  биринши рет 32 сырт  мәмлекеттен 50 ден аслам музыкатаныўшы, фольклор ҳәм мәденияттаныўшы илимпазлар, сондай-ақ арнаўлы жоқары билимлендириў мәкемелери ректорлары ҳәм илимий дөретиўшилик орайлардың басшылары қатнасты. Конференцияға 40 тан аслам мәмлекеттиң музыкатаныўшылары тәрепинен 100 ден көбирек, елимиз илимпазларының болса 70 илимий мақаласы усынылды.

Көркем өнер ийелери еки күн даўамында «Шығыс халықлары ески музыкалық дөретиўшилигинде улыўма миллий дәстүрлердиң уқсас тәреплери », «Музыка  дөретиўшилигиниң заманагөй процесслеринде  дөретиўшиликтиң  үйлесиў принциплери», «Шығыс халықлары музыка мәдениятының глобалласыў процесслери – жаслар нәзеринде» секторларында әҳмийетли темадағы шығыўлар менен қатнасты. Сондай-ақ елимиздиң белгили музыкатаныўшы илимпазлары ҳәм көркем өнер ийелери тәрепинен шеберлик сабақлары өткерилди.

Әнжуман даўамында Түркий мәденият шөлкеми – ТҮРКСАЙ қасындағы түркий мәмлекетлер көркем өнер университетлери аўқамының мәжилиси болып өтти. Онда Юнус Ражабий атындағы өзбек миллий музыка көркем өнер институты аўқам ағзалығына қабыл етилди.

Фестиваль күнлери қатнасыўшылар Регистан майданындағы тийкарғы сахнада таңлаў дәстүри бойынша өз шығыўларын көрсетти. Самарқанд қаласы ҳәм районлардағы театрлар, мәденият ҳәм дем алыў бағларында шөлкемлестирилген концертлерде қатнасты.

Төрт күнлик бағдарлама бойынша барлық илажлар, әнжуман ҳəм көргизбелер жуўмақланды. Августтың соңғы күнлеринде дүнья көркем өнер тараўының бас сахнасына айланған Регистан майданында “Шарқ тароналари” XIII халықаралық музыка фестивалының жеңимпазларын ҳəм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Фестиваль қатнасыўшылары ҳәм жюрий ағзалары илажлардың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, үлкен ҳүрмет-иззет ҳәм миймандослық ушын мәмлекетимиз басшысына ҳәм Самарқанд халқына миннетдаршылық билдирди.

Дәслеп, фестиваль  қатнасыўшылары “Ең белсенди қатнасыўшы”, “Ең жас қатнасыўшы”, “Ышқыпазлар тəн алыўына ийе болған ең жақсы қатнасыўшы”, “Ең жақсы саз әсбап музыкасы атқарыўшысы” сыяқлы номинациялар бойынша сыйлықланды.

Самарқанд ўәлаяты ҳəм қала ҳəкимлиги ҳəм тағы басқа шөлкемлердиң арнаўлы сыйлықлары тапсырылды.

Номинация жеңимпазларына диплом, 1000 АҚШ долларынан ақшалай сыйлық ҳəм естелик саўғалары берилди.

Сахнаға Монголияның «Батбаяр Батням» топары, Япония ўәкили Машу Камазаки ҳәм Россияның «Арқа хор» ансамбли мирәт етилди. Оларға фестивальдың үшинши дәрежели дипломлары, 2 мың АҚШ долларынан ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Екинши орынға Қазақстанның “Атамекен” музыка топары ҳəм  мəмлекетимиз ўәкиллери – “ Мaqom Band ” топары ағзалары Әлийшер Аҳмедов ҳəм Фазилат Аҳмедова ийе болды. Оларға 3,5 мың АҚШ долларынан ақшалай сыйлық, диплом ҳəм басқа да сыйлықлар тапсырылды.

Фестивальдың биринши орын ҳəм 5 мың АҚШ доллары муғдарындағы ақшалай сыйлық Түркменстан миллий музыка ансамблине берилди.

Халықаралық жюрий ағзаларының жуўмағына бола, “Шарқ тароналари ” XIII халықаралық музыка фестивалының бас сыйлығы – Гран-при Әзербайжанның “ Семурғ ” муқам ансамблине берилгени мәлим етилди.

Жеңимпаз топарға 10 мың АҚШ доллары ақшалай сыйлық ҳəм естелик саўғалары тапсырылды.

– “Шарқ тароналари” халық аралық музыка фестивалы жеңимпазы болғанымыздан қуўанышлымыз,- дейди Гран-при ийеси, ” Семурғ” муқам ансамбли Элнур Микаилов.- Тийкарынан, бул көркем өнер байрамында қатнасыў, Регистанда қосық айтыўдың өзи үлкен шарапат. Жеңимпаз болыў болса барлық қатнасыўшылардың ең үлкен əрманы болып табылады. Бизге быйылғы жылы əне, усындай бахыт несип еткенинен қуўанышлымыз. Шығыўларымызға мүнəсип баҳа берген жюрий ағзаларынан, бизди қоллап-қуўатлаған тамашагөйлерден миннетдармыз.

Мәресимде елимиз көркем өнер ғайраткерлери ҳәм жас дөретиўшилер, фестиваль жеңимпазларының қатнасыўында концерт бағдарламасы көрсетилди.

“Шарқ тароналари” халықаралық музыка фестивалы қатнасыўшылары және Самарқандта ушырасыў мақсетинде хошласты.

Фестиваль жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Мәденият министри О.Назарбеков ҳәм Түркий мәденият шөлкеми – ТҮРКСАЙ бас хаткери С.Раев қатнасты.

                                                                                                  Ғолиб Хасанов

                                                                                                           ӨзА