Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлимлемесине бола, 2024-жыл 29-август күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов БМШ Халықтаныў қорының (YUNFPA) Өзбекстандағы турақлы ўәкили доктор Нигина Абасзадени қабыл етти.

Ушырасыўда Өзбекстан Ҳүкимети аналар саламатлығын жақсылаў, халықтың өсиўи, жаслар потенциалын арттырыў, гендер теңлиги ҳәм басқа көплеген бағдарларда ең жақсы шараятларды жаратыў мақсетинде халықаралық шөлкемлер менен жедел бирге ислесип атырғаны атап өтилди.

Сөйлесиў жуўмағында 30 жылдан аслам ўақыт даўамында мәмлекетимизде жумыс алып барып киятырған YUNFPA топары тәрепинен алып барылып атырған барлық әҳмийетли жумыслардың қәдирленетуғыны атап өтилди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги