Билимлендириў процесин санластырыў, дәреклерди өзлестириў, санлы технологиядан пайдаланыў, интер актив, мульти медиал ресурслар ҳәм жаңа платформалар жаратыў күнниң әҳмийетли ўазыйпасы болып есапланады. Усы көзқарастан маман, бәсекиге шыдамлы кадрларға талап барған сайын артпақта.

Санлы технологиялар министриниң орынбасары Рустам Каримжанов Ташкентте Ҳамад Бин Халифа университети президенти доктор Аҳмад Хасна менен ушырасып, жасалма интеллект, AI кадрларын таярлаў, санлы технологияны изертлеў бойынша бирге ислесиў имканиятын додалады.

Ҳамад Бин Халифа университети Қатар пайтахты Доҳада жайласқан, 2010-жылы шөлкемлестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемеси есапланады.

Қатардың алдыңғы амири Шайх Ҳамад Халифа Ол Соний атындағы жоқары оқыў орны дүнья университетлери рейтинги (QS World Universities Rankings)нде 183 – орынды ийелеген.

Мәмлекетимиздиң усы елдеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ашраф Ходжаев та жақында усы жоқары оқыў орны басшысы менен ушырасқан еди.

Доҳадағы ушырасыўдан көп ўақыт өтпей, усынысымызды қабыл етип, Өзбекстанға келгени ушын доктор Ҳаснаға миннетдаршылық билдиремиз,-деди дипломат.

– Енди келешек әўладлардың мәпи ушын нәтийжели бирге ислесиў орнатылыўын ынтықлық пенен күтемиз.

Өзбекстан ҳәм Қатар Миллий китапханалар арасында өз-ара түсинисиў Меморандумына қол қойылыўы да мәдений бирге ислесиў тарийхында жаңа бет ашты.

                                                                                              ӨзА