Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў аагентлигиниң жуўапкерлери БМШ раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фуджии ханым менен ушырасты.
Сөйлесиў алдынан агентлик ўәкиллери мийманға мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кадрлар сиясаты, тараўға байланыслы жаңалықлар ҳәм Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң жумысы ҳаққында мағлыўмат берди.
Бүгинги күнде БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Европа Аўқамының «Өзбекстанның аўыл аймақларында мәмлекетлик хызметлерди көрестиўди жетилистириў ҳәм басқарыў дәрежесин арттырыў» биргеликтеги жойбары менен биргеликте бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў тараўында «Лицензия» мәлимлеме системасы жаратылды. «Э-регистер» апостиль системасы ислеп шығылып, енгизилди. «ПҲАЖ бирден-бир электрон архиви» мағлыўматлары блокчейн технологиясы тийкарында толық санластырылды.
“Лицензия” мәлимлеме системасында лицензия, рухсатнама ҳәм хабардар етиў сыяқлы 78 мәмлекетлик хызмет толық енгизилип, иске қосылды.
Ушырасыўда «Өзбекстанның аўыл аймақларында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди жетилистириў ҳәм басқарыў дәрежесин арттырыў» жойбарының екинши басқышы иске қосылыўы, БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәмлекетлик хызметти раўажландырыў тараўында жаңа биргеликтеги жойбарды ислеп шығыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Гулноза Бобоева, ӨзА