Өзбекстан ҳүкимети делегациясының Аўғанстанға сапары шеңберинде Қабыл қаласында еки мәмлекет исбилерменлери арасында ушырасыў өткерилди.

Жақсы қоңсышылыққа тийкарланған дослық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықты және де кеңейтиў мақсетинде шөлкемлестирилген сөйлесиўде исбилерменлер ушын жаратылған қолайлы шараятлар ҳаққында сөз етилди.

Мәлим етилиўинше, быйылғы жыл 1-октябрьден еки мәмлекет арасында Жеңилликли саўда келисими иске түседи. Усы ҳүжжет шеңберинде келисилген 14 түрли өнимге импорт бажы бийкар етиледи, экспортшылар ушын қосымша қолайлықлар жаратылады.

Ҳәзирги ўақытта Аўғанстаннан аўыл хожалығы өнимлери импортын және де арттырыў мақсетинде фитосанитариялық рухсатнама бериў тәртиби жеңиллестирилген.

1-августтан Айритом – Ҳайратон шегара посты 24 саатлық жумыс тәртибине өтти.

Халықаралық Термиз саўда орайына келиўшилер ушын 15 күнлик визасыз режим енгизиледи ҳәм олар барлық салықлардан азат етиледи.

Аўғанстанлы исбилерменлердиң мәмлекетимизде жедел ислеўи ушын еки мәмлекет арасында инвестицияны өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққында келисимге қол қойылды.

Ашық сөйлесиў тәзиринде өткен ушырасыўда мәмлекетимиз исбилерменлериниң жумысын қоллап-қуўатлаўға қаратылған усы ҳәм басқа илажлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

ӨзА