Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Азық-аўқат санааты өнимлерин ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў ҳаққында» қарар қабыл етти.
Азық-аўқат санааты өнимлерин ислеп шығарыў жумысын қоллап-қуўатлаў, өнимлердиң сапасы ҳәм қәўипсизлик көрсеткишлерин халықаралық нормаларға үйлестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Республикада азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында» 2024-жыл 16-февральдағы ПП-3 6-санлы Пәрманына муўапық:
Халықаралық аккредитация форумы (IAF) тәрепинен көп тәреплеме тән алыў келисимине киргизилген азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў шынжырында халықаралық сапаны басқарыў системасын енгизиў ҳәм керекли болған үскене ҳәм лабораториялық үскенелерди сатып алыў менен байланыслы қәрежетлердиң 50 проценти, бирақ 500 млн сумнан артпаған муғдары;
Жыллық түсиминде таяр азық-аўқат өнимлери экспортынан түсетуғын үлеси кеминде 30 процентти қурайтуғын ҳәм ҳәр жылы 1 млн АҚШ долларынан аслам көлемдеги өнимлерин экспорт етиўши жергиликли кәрханалар тәрепинен инженер-технолог, маркетолог, дизайнер ҳәм халықаралық стандартлар бойынша сырт ел қәнигелери кеңнен тартылғанда, оларға есапланған мийнет ҳақының 30 проценти, бирақ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 10 есесинен көп болмаған бөлеги Виношылықты раўажландырыў қоры қаржылары есабынан қаржыландырылыўы белгиленген еди.
Бул қарар менен:
Республикалық азық-аўқат санааты кәрханаларында халықаралық сапаны басқарыў системасын енгизиў ҳәм лабораторияға керекли болған әсбап ҳәм үскенелерди сатып алыў менен байланыслы қәрежетлер ушын субсидиялар ажыратыў тәртиби ҳаққындағы реже:
Жергиликли азық-аўқат санааты кәрханалары тәрепинен сырт ел қәнигелерин кеңнен тартыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплап бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Бул режелер Өзбекстан Республикасы азық-аўқат санааты кәрханаларында Халықаралық аккредитация форумына (IAF) ағза мәмлекетлерде аккредитацияланған сертификатластырыў уйымлары тәрепинен халықаралық сапаны басқарыў системасын енгизиў ҳәм сертификатластырыў ҳәм азық-аўқат өнимлери сынақлары ушын керекли болған лабораториялық үскенелер, өлшеў қураллары ҳәм әсбапларын сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплап бериў тәртибин белгилейди.
ӨзА