Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында исбилерменлер ҳәм тийисли жуўапкерлерден ибарат делегация Башқуртстан Республикасында болды.
Делегация ағзаларын Башқуртстан Республикасы басшысы Радий Хабиров салтанатлы күтип алды.
Буннан соң Уфа қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Башқуртстан Республикасы Басшысы Радий Хабиров пенен ушырасты. Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы жыллы жүзлилик пенен күтип алғанлығы ушын өз миннетдаршылығын билдирди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы Президентлериниң қоллап-қуўатлаўы менен еки мәмлекет аймақлары арасында тығыз шериклик қатнасықларының беккемлениўине тийкар жаратылып атырғанлығын айрықша атап өтти.
Атап өтилгениндей, усы жылдың май айында Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов усы аймақта мийманда болған еди. Сондай-ақ, Россия Федерациясы Президентиниң Өзбекстанға сапары шеңберинде еки мәмлекет аймақлары арасындағы байланыслар бағдарында Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм Башқуртстан басшысы арасында сөйлесиўлер алып барылды. Жоқарғы Кеңес Баслығының усы регионда әмелий сапар менен болыўы болса еки ел арасындағы тығыз байланысларды орнатыўға тийкар болып хызмет етеди. Өз гезегинде Башқуртстан басшысы еки регион арасында социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланысларды, жақын туўысқаншылық қатнасықларын еле де беккемлеў кереклигин, әмелге асырылыўы тийис илажлар бойынша 1 ҳәптелик мүддетке белгиленген «Жол карта»ны қабыллаўды айрықша атап өтип, усы жылдың 31-август күни Уфа қаласының 450 жыллығы мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам илажына мирәт етти.
Жоқарғы Кеңес Баслығы да усы жылдың 20-август күни Қарақалпақстанда өткерилетуғын Президентимиздиң исбилерменлер менен ушырасыўы ҳәм халықаралық форумға Башқуртстан басшысы ҳәм усы регион исбилерменлерин мирәт етти. Еки тәреплеме шерикликти беккемлеў бағдарында бүгинги өткерилген ушырасыўда да бир қатар әҳмийетли мәселелер сөз етилди. Қарақалпақстан ҳәм Башқуртстан арасында дүзилген келисимге бола 2026-жылға шекемги әмелге асырылыўы тийис илажлар бойынша «Жол картасы»нда белгиленген режелер шеңберинде бирге ислесиўдиң даўам еттирилиўи атап өтилди. Ушырасыўдың тийкарғы мақсети де мине, усы ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша жумысларды системалы жолға қойыўға қаратылған. Ҳәзирги ўақытта нефть ҳәм газ химиясы, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да бағдарлар бойынша бир қатар биргеликтеги жойбарлар үстинде бирге ислесиў жумыслары алып барылмақта. Өткерилген ушырасыўда мине, усы бағдарларда тығыз шериклик қатнасықларын даўам еттириў, билимлендириў тараўында да бирге ислесиўди орнатыў, Қарақалпақстанда Уфа жанылғы-энергетика колледжиниң филиалын шөлкемлестириў бойынша келисип алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Башқуртстан Республикасы Бас министри Андрей Назаров пенен биргеликте еки ел бизнес ўәкиллери ҳәм жуўапкерлериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў бағдарында Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар, жаңа жойбарлар ушын кең имканиятлар, перспективалы жойбарларды иске түсириў ушын жаратылған шараятлар, бул бағдарда Президентимиздиң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында өз алдына берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтти.
Қарақалпақстан Орайлық Азияның орайында жайласқан Өзбекстанның ең ири регионының бири екенлиги, оның инвестициялық потенциалы, ҳәр қандай инвестор ҳәм исбилермен ушын исенимли бизнес шериги бола алатуғынлығы, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарындағы мүмкиншиликлер айрықша тилге алынды. Сондай-ақ, ҳәр еки тәреп арасындағы байланыслар бүгинги күнде және де беккемленип атырғанлығы, буның ушын парламентлер аралық тығыз қарым-қатнас жолға қойылғанлығы, онда әлбетте, еки мәмлекет Президентлериниң айрықша қоллап-қуўатлаўы тийкар болып хызмет етип атырғанлығы да айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Башқуртстан исбилерменлерин Қарақалпақстанда биргеликте кәрханаларды иске түсириўге, жаңа базарларға биргеликте жол ашыўға ҳәм аймағымыздың инвестициялық потенциалы тийкарында перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға шақырып қалды. Ушырасыў еки ел исбилерменлери ҳәм жуўапкерлериниң қатнасыўындағы В2В форматындағы сөйлесиўлер менен даўам етти.
Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы исбилерменлер ҳәм тийисли жуўапкерлерден ибарат делегация сапар шеңберинде Уфа қаласында жайласқан санаат ҳәм хызмет көрсетиў орынлары жумыслары менен жақыннан танысты.
Түрли санаат бағдарындағы кәрханалар ушын арналған Уфа санаат паркиниң жумыслары көзден өткерилди. Бул жерде ағаш өнимлерин қайта ислеў, көмир санааты, мебельлер, бурғылаў, нефть-газ үскенелерин ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы кәрханалар жумыс алып барып атыр. Жыллық 50 мың тонна қуўатлылыққа ийе Деоль лак ҳәм бояўлар ислеп шығарыў кәрханасы, былғары ҳәм жасалма былғары өнимлерин ислеп шығарыўшы Полиэдрон кәрханасы сондай-ақ, экстремал саяхатлар ҳәм автомобиль жүриўи қыйын болған аймақларда ҳәрекет етиўди тәмийинлеўши квадрацикллерди ислеп шығарыўшы РБ Моторс кәрханасы, текстил ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў орынлары көзден өткерилди. Сөйлесиўлер даўамында Елликқала районы Бостан кластер ЖШЖ ҳәм Башқурстан кәрханасы арасында, сондай-ақ, туризм ҳәм аўыл хожалығы тараўында пайдаланыў ушын RB Motors кәрханасы менен келисимге ерисилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.