Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев сапар даўамында Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов пенен ушырасты.
Атап өтилгениндей, Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Татарстан Республикасы пайтахты Казань қаласында өткен 2023-жылы октябрь айында өткерилген “III Өзбекстан ҳәм Россия аймақлараралық бирге ислесиў форумы” шеңберинде усы аймақта болған еди. Сондай-ақ, Татарстан басшысы Рустам Минниханов басшылығындағы делегация да сол жылдың ноябрь айында Қарақалпақстанға келди. Буннан тысқары, жақында Россия Федерациясы Президентиниң Өзбекстанға рәсмий сапары шеңберинде де федерацияның бир қатар аймақлары, соның ишинде, Татарстан менен де сөйлесиўлер өткерилип, парламентлер аралық байланысларды буннан былай да беккемлеў бойынша еки тәреплеме келисимге қол қойылған еди.
Әлбетте, Қарақалпақстан ҳәм Татарстан арасындағы бул байланыслар буннан былай да даўам еттириледи. Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Татарстан Республикасының ҳүрметли мийманлары китабында тилеклерин жазып қалдырды. Буннан соң еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери бойынша ушырасыў өткерилди. Онда бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы аймақлары менен Татарстан арасында товар айланысы көлеми артып баратырғанлығы, сондай-ақ, мәденият, туризм, спорт, илим, билимлендириў бағдарлары бойынша да байланыслар беккемленип атырғанлығы, Татарстан жоқары оқыў орынларында 2,5 мың өзбекстанлы студент билим алып атырғанлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, өткен жылы Өзбекстан-Татарстан арасындағы товар айланысы 370 миллион долларды қурап, 27 процент өсимге ерисилгенлиги, товар ҳәм хызметлерди өз-ара жеткерип бериў көлеми,олардың түрлерин көбейтиў үстинде ислеўди даўам еттириў ушын барлық имканиятлар бар екенлиги айрықша тилге алынды. Онда бир қатар әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелий бирге ислесиў жойбарларын биргеликте әмелге асырыў, жақын шериклик қатнасықларын еле де беккемлеў мәселелери талқыланды. Бул бағдарда Нөкис қаласында Татарстан Республикасы менен биргеликте Технопарк қурыў мәселесинде әмелий илажларды баслаў, сондай-ақ, Нөкис қаласы аймағында таяр база тийкарында инженерлер таярлаў техникумын шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы үлкен потенциалға ийе регион екенлигине айрықша итибар қаратылып, жаңа жойбарлар үстинде пайдалы бирге ислесиў ҳәм бир қатар бағдарларда тығыз бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў бойынша пикир алысты. Әлбетте, бул сөйлесиўлер ҳәм ерисилген келисимлер ҳәр еки тәреп ушын да әҳмийетли есапланып, еки ел арасындағы қатнасықларды беккемлеўге, сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет етери сөзсиз.
Республикамыз делегациясы Татарстандағы ири өндирис ҳәм хызмет көрсетиў орынларының жумысы менен жақыннан танысты.
Делегация ағзалары дәслеп “Казань синтетикалық каучук заводы” акционерлик жәмийетине барды ҳәм бул жердеги процесс пенен жақыннан танысты. Завод нефть-химия санааты кәрханаларынан бири болып, Россияда полисулфид полимерлерин ислеп шығарыўшы жетекши кәрханалардан есапланады. Улыўма 100 гектарлық өндирис майданына ийе заводта 550 ден аслам жумысшы қәнигелердиң бәнтлиги тәмийинленген болып, 160 түрдеги өним 5 өз алдына өндирис майданларында ислеп шығарылады.
Буннан соң, фармацевтика тараўында Россия Федерациясы бойынша Топ-20 компаниялары қатарына кириўши “Татхимфармпрепараты” жумысы көзден өткерилди. Бул жерде делегация ағзалары дәри-дәрмақ ҳәм фармацевтика тараўында қолланылатуғын өнимлердиң ислеп шығарылыў процесслери менен жақыннан танысты. Башир Рамеев атындағы IT-парк жумыслары бойынша презентация өткерилди. Илаж соңында келешекте бирге ислесиўди еле де раўажландырыў, яғный, Татарстан Республикасы кәрханалары қатнасыўында (нефть-газ, транспорт логистика тараўын санластырыў бағдарында) Қарақалпақстан Республикасында биргеликтеги кәрхананы шѳлкемлестириў бойынша меморандумға қол қойылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.