10-июль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў төртинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Сенаторлар өз жумысын жаңа редакциядағы “Электр энергетикасы ҳаққында”ғы нызамды додалаўдан баслады.

Атап өтилгениндей, әмелдеги нызам 2009-жылы қабыл етилген болып, онда электр энергиясының көтере ҳәм усақлап сатыў базары, атап айтқанда, тараўда бәсекини қоллап-қуўатлаў механизмлери нәзерде тутылмаған, электр тәмийнатының исенимли, қәўипсиз, турақлы ҳәм кем қәрежетли жумыс ислеўин тәмийинлейтуғын нормалар сәўлелендирилмеген, пайдаланыўшылардың баҳалар ҳәм хызметлер көрсетиў сапасы бойынша мәплерин қорғаў кепилликлери белгиленбеген. Соның ушын бүгинги күн талапларына толық жуўап бермеди.

Жаңа редакциядағы “Электр энергетикасы ҳаққында”ғы нызам менен пайдаланыўшылардың баҳалар, исенимли электр тәмийнаты ҳәм хызметлер көрсетиў сапасы бойынша мәплерин қорғаў, электр энергиясы қатаң тосқынлықларсыз сатылатуғын ликвидли базарды қәлиплестириў мақсетинде нәтийжели, ашық-айдын, дифференцияласпаған  ҳәм бәсекиге шыдамлы электр энергиясы базарының пайда болыўы ҳәм раўажланыўына жәрдемлесиў нәзерде тутылмақта.

Нызамда бәсеки орталығын раўажландырыў, жеке инвесторларды тартыў ҳәм енгизиўди хошаметлейтуғын электр энергетика тармағының нәтийжели жумыс алып барыўы ушын структура ҳәм улыўма қағыйдалар белгиленбекте.

Атап айтқанда, нызамда инсаплы бәсеки, теңлик ҳәм есап бериўшилик, ашық-айдынлық, электр энергетикасы қәўипсизлигиниң үстинлиги сыяқлылар тараўдың тийкарғы принциплери етип белгиленип, электр энергиясы тараўының мақсетлерине байланыслы жаңа статья киргизилмекте.

Нызамда электр энергетикасының бәсекиге тийкарланған көтере ҳәм усақлап сатыў базары қағыйдалары да сәўлелендирилмекте.

Буннан тысқары, нызамда электр энергиясы базарында трейдерлер (физикалық яки юридикалық тәреплер)диӊ жумысын тәртипке салыўға қаратылған улыўма қағыйдалар, олардың ҳуқықлары ҳәм миннетлемелерине байланыслы норма киргизилмекте.

Сенаторлардың атап өтиўинше, нызамның қабылланыўы тараўға жеке инвестицияларды тартыўға ҳәм бул арқалы электр энергетикасы тараўының нәтийжели жумыс алып барыўына, электр энергетикасы кәрханаларының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм жуўапкершиликлериниң белгилениўине ҳәм электр энергиясын қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен ислеп шығарыўды хошаметлеўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң “Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергияның нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде энергияның турақлылығын тәмийинлеў, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде қайта тикленетугын энергия дәреклериниң электр энергиясын ислеп шығарыў улыўма көлеминдеги үлеси дерлик 10 процентти қурамақта. Бул бағдарда Өзбекстан 2030-жылға шекем қайта тикленетуғын энергия дәреклери қуўатлығын 27 гигаваттқа жеткерип, электр энергиясын ислеп шығарыўдың улыўма көлемин кеминде 40 процентке алып шығыўды мақсет еткен.

Бул ҳәр жылы 25 миллиард куб метр тәбийғый газди үнемлеў, атмосфераға зыянлы тасландыларды 34 миллион тоннага қысқартыў имканиятын береди.

Әлбетте, белгиленген көрсеткишлерге ерисиў, энергетиканың турақлылығын тәмийинлеў ушын тараўдың ҳуқықый базасын беккемлеў талап етиледи.

Угловодород ресурсларының шекленгенлиги, олардың азайыўы энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергияның нәтийжелилигин арттырыў илажларын көриў зәрурүрлигин жүзеге келтирмекте.

Соның менен бирге, әмелде мәмлекетимизде энергия ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги, энергияны жумсаў нормалары ҳәм энергия аудит өткериўди монторинг етиўдиң тәсиршең системасы жоқ.

Мәмлекетлик мәкеме ҳәм шөлкемлерде заманагөй энергия үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, энергияның нәтийжелилигин арттырыў бойынша энергия сервис хызметлериниң жоқлығы, сондай-ақ, үнемлеў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў бағдарында мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў жумыслары төмен дәрежеде жүргизилип атырғаны да бир қатар машқалаларды келтирип шығармақта.

Нызам энергетика тармағында саламат бәсеки орталығын раўажландырыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў, тараўға сырт ел ҳәм жеке инвестицияларды тартыўды көбейтиў, баҳа қәлиплесиўиниң еркин ҳәм ашық-айдын механизмлерин енгизиўге тийкарланған электр энергиясының көтере ҳам усақлап сатыў базарларын шөлкемлестириўде үлкен әҳмийетке ийе.

Нызамда энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў, энергияны үнемлеў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тәртип-қағыйдалары, электр ҳәм ыссылық энергиясы, жанар май ҳәм дәстүрий емес энергия ресурсларынан экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда үнемли, нәтийжели пайдаланыў ўазыйпалары ҳәм қағыйдалары белгилеп берилмекте.

Сондай-ақ, энергияны үнемлеў ҳәм энергияныӊ нәтийжелилик талапларын бузғанлығы ҳәм ресурсларды нормадан артықша жумсағаны ушын жуўапкершиликти белгилеў де нәзерде тутылған.

Қурылыс ҳәм транспорт тараўында, имарат ҳәм ибъектлерде, ыссылық тәмийнаты ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў кәрханаларында, аўыл ҳәм суў хожалығында энергияны үнемлеў ҳәм энергияның нәтийжелилигин арттырыў бағдарлары нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи энергия ресурслары қәрежетлериниң және де оптималласыўына хызмет етип, энергиядан пайдаланыўдың нәтийжелилиги системалы мониторингин әмелге асырыў ушын ҳуқықый тийкар жаратады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң “Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, нызамның тийкарғы мақсети ҳәкимшилик актлерди қабыл етиў, өзгертиў, орынлаў ҳәм бийкарлаўға қаратылган ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әмелге асырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат екени анық етип белгиленип, ўазыйпалары түсиникли тәризде баян етилмекте.

Сондай-ақ, бул нызамның қолланылатуғын тараўы кеңейтилип, Нызам салық, бажыхана, мәмлекетлик қадағалаў ҳәм тексериў, пуқаралардың пенсия тәмийинаты, әскерий дизимге алыў ҳәм әскерий хызметке шақырыў, қаланы қурылыс жағынан режелестириў, жер участкаларын ажыратыў ҳәм алып қойыў сыяқлы тәртип-қағыйдаларға енгизилетуғыны белгиленбекте.

Нызам өзбасымшалықты ҳәм ўәкилликтен өз мәпи жолында пайдаланыўды қадаған етиў, ҳуқықты қолланыўды бийкарлаўға жол қоймаў сыяқлы жана принциплер менен байытылып, әмелдеги принциплерге анық ҳәм толық сыпатламалар берилмекте.

Бул нызамның қабыл етилиўин физикалық ҳәм юридикалық тәреплер менен мәмлекетлик уйымлар арасындағы қатнасықларды анық белгилеўге, олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери тәрепинен жеткерилиўи мүмкин болган нызамсыз ис-ҳәрекетлерден қорғаўға, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың бирден-бир механизминиң жаратылыўына хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында“ғы нызам корип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, жетистирип атырған аўыл хожалығы өнимлериниң көлемлерин арттырыў, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын екилемши ижараға бериў имканиятларын кеңейтиў, пиллешилик ҳәм тутшылыққа қәнигелескен фермер хожалықларына, агросанаат кластерлерине ҳәм басқа юридикалық тәреплерге жер участкалары ажыратылыўының ҳуқықый тийкарларын белгилеў, сондай-ақ, жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылар тәрепинен жерден пайдаланыўдың шәртлерин қайта көрип шығыў зәрүрлиги болып табылады.

Бул ҳүжжет пенен Өзбекстан Республикасының Жер кодексине ҳәм «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының атыз шетлериндеги каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданлар он жылға шекемги мүддетке екилемши ижарага берилиўи мүмкин екени, сондай-ақ, жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылар тәрепинен усы жер участкалары, бағ ҳәм жүзим атызларының қатар араларына алтернатив егинлердиң егилиўин яки тут нәллерин отырғызыўды нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Буннан тысқары, Өзбекстан Респуубликасының Жер кодексине пиллешилик ҳәм тутшылыққа қәнигелескен фермер хожалықларына, агросанаат кластерлерине ҳәм басқа юридикалық тәреплерге майданы он гектарға шекемги жер участкаларыныӊ ажыратылыўы мүмкинлиги ҳақкындағы қосымшалар киргизилмекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексинде Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадагалаў инспекциясы уйымларының ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларын көрип шығыўға байланыслы ўәкилликлери белгиленбекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў, пиллешилик ҳәм тутшылықты және де раўажландырыў аркалы аўыл хожалығы өнимин жетистириў имканиятларын кеңейтиўге, сондай-ақ, жер участкаларынан ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыўда нызам үстинлигин беккемлеўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар тәрепинен “Халықтың бәнтлиги ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Бул ҳүжжет пенен тараўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде жумыс бериўшиниң бос жумыс орынларының барлығы ҳаққындағы мағлыўматлардың электрон түрде жибериў шәртлери белгиленбекте.

Сондай-ақ, нызамда хызметкерлерди ғалабалық түрде жумыстан босатыў нормалары анық белгилеп берилип атырғаны ҳәм Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Мийнет кодекси менен өз-ара муўапықластырылып атырғаны келешекте жумысшыларды социаллық қорғаўды және де күшейтиўге хызмет етеди.

Нызамда бәнтликти хошаметлеў ҳәм халықты исбилерменликке тартыў ушын субсидиялар министрлик ҳәм уйымлардың қаржылары есабынан көрсетилип атырған қаржылай жәрдемлер, яғный субсидиялар олардың мақсетли қаржылары есабынан әмелге асырылыўы нәзерде тутылып, ссуда ажыратыў яки бийкарлаўдыӊ тийкарлары белгилеп қойылмақта.

Жумыс излеп атырған шахсларды дизимге алыў тәртиби әпиўайыластырылмақта. Оған бола, жумыс излеп атырған шахслардың мийнет стажы, мағлыўматы (бар болған жағдайда), мийнет ҳақы ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм басқа мағлыўматтлар жергиликли мийнет уйымы тәрепинен жуўапкер мамлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден еркин түрде, соның менен бирге, “Санлы ҳүкимет” системасы уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы сорап алынатуғыны белгиленбекте.

Нызамда жумысқа жайластырыўға байланыслы қолланбалар ҳәм жумысқа орналасыўға жәрдемлесиў бойынша мүрәжатлар тийкарында жумыс излеп атырған шахсларды жумысқа орналастырыў тәртиби “Мәмлекетлик пуқаларық хызмети ҳаққында”ғы нызам талапларына муўапықластырылмақта.

Буннан тысқары, нызам тийкарында мийнет шәртнамасы айрықша тийкарларға бола бийкар етилгенде материаллык жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша кепилликлер белгиленип, егер мийнет шәртнамасы бийкар телиген жағдайда, жумыс излеў дәўиринде орташа айлық мийнет ҳақының жумыстан босатыў напақасы есабына алынған ҳалда, бирақ көби менен еки айға сақланып қалыўы хызметкерлер ушын кепилленетуғыны нәзерде тутылмақта.

Нызамда жумыстан ҳәм мийнет ҳақы (мийнет дәраматы)сынан ажыралған шахсларға жумыссызлық напақасының муғдарын белгилеў шәртлерине анықлық киргизилип, жумыссызлық напақасын төлениўди сапластырыў ҳәм тоқтатып турыў тәртиплери жетилистирилмекте.

Буннан тысқары, ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартылатуғын шахслар менен бундай жумысларда қатнасыў ушын мийнет шәртнамасы мүддетин он бир айға шекемги болған мүддетке дүзиў тийкарлары, жумыссыз шахсларға стипендия төлеў шәртлери белгиленбекте ҳәм Бәнтликке жәрдемлесиў мәмлекетлик қоры қаржыларынан пайдаланыў бағдарлары жетилистирилмекте.

Ҳүжжетте жумыссыз шахсларға кәсипке таярлаў, қайта таярлаў яки маманлық арттырыў дәўиринде Бәнтликке жәрдемлесиў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан стипендияларды төлеў нормалары анық белгиленбекте.

Атап өтилгениндей, бул нызамның қабыл етилиўи жумысқа орналастырыў бойынша халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыўға, жумысқа орналастырыў бойынша мүрәжат етип атырған пукаралардың артықша әўерегершилигине шек қойыў ҳәм халықтың мәмлекетлик уйымларға исенимин беккемлеўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң “Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине пиротехника буйымларының нызамға қарсы айланысы ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылган өзгерислер киргизиў ҳақкында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары мәмлекетимизде ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, соның менен бирге, пиротехника буйымларының нызамға қарсы пайдаланыўының алдын алыў бойынша илажлардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылган системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, 2021-2023-жыллары 239 жағдайда мәмлекетимиз аймағына баҳасы дерлик 2 миллиард сумлық 300 мыңнан аслам пиротехника буйымларын нызамсыз алып кириў жағдайларының алды алынған.

Соның менен бирге, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкин қорғаў бойынша илажларды және де күшейтиў мақсетинде пиротехника буйымларының нызамга қарсы айланысы менен байланысы ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларын күшейтиў зәрүрлиги пайда болмақта.

Усы нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине пиротехника буйымларын нызамға қарсы түрде ислеп шығарғанлығы, таярлаганлығы, сақлағанлығы, тасығанлығы, жибергенлиги ҳәм Өзбекстан Республикасынан алып шыққанлығы, сондай-ақ, пиротехника буйымларын нызамға қарсы түрде өткергенлиги яки Өзбекстан Республикасына алып киргенлиги ушын усы нызамбузыўшылықлардың социаллық қәўиплилик өзгешелиги ҳәм дәрежесинен келип шыққан ҳалда жуўапкершилик илажларының күшейтилетуғынын нәзерде тутатуғын өзгерислерди киргизбекте.

Атап өтилгениндей, Олий Мажлис Сенаты ҳәм пиротехника буйымларын нызамға қарсы түрде ислеп шығарыў, сақлаў, олардан пайдаланыў, тап сондай, оларды нызамға қарсы түрде мәмлекетимизге алып кириў яки өткериўге байланыслы унамсыз жағдайлардың алдын алыў бойынша турақлы муғылланып келмекте.

Атап айтқанда, Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен бул унамсыз жағдайлардың алдын алыў бойынша жуўапкер структураларға сенатор сораўы да жиберилип, тийисли жуўаплар алынған. Комитет тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлерине мәмлекетимиз аймақларына қоңсы мәмлекетлерден шегараны бузған жағдайда пиротехника қуралларын алып өтиў жағдайдарының алдын алыў бойынша профилактикалық илажларды күшейтиў кереклиги бойынша усыныслар жиберилген.

Сенат жалпы мәжилисинде додаланған нызамға киргизилип атырған жаңа нормалар бүгинги күнде алып барылған биргеликтеги улыўма ис-ҳәрекетлердиң әмелий нәтийжеси болып табылады.

Нызамның мақулланыўы жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм пиротехника буйымларынан нызамға қарсы пайдаланыў жағдайларының алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин және де арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың елиў төртинши жалпы мәжилисинде “Қала қурылысы жумысы тараўындағы мәмлекетлик басқарыў ҳәм елатлы пунктлердиң қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў системасын жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Қала қурылысы кодексине өзгерис ҳәм қосымашалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Жедел пикир-усыныслар алмасыўы тәризинде өткен нызам додалаўында тез өзгериўшең реаллыққа бейимлесе алатуғын, қалалар ҳәм елатлы пунктлердиң раўажалныўын нәтийжели басқарыўды тәмийинлейтуғын бейимлесиўшең ҳәм динамикалық қала қурылысы системасын жаратыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

Атап өтилгениндей, нызам менен Өзбекстан Республикасының Қала қурылысы кодексине Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигинң атамасын ҳәм ўәкилликлерин анықластырыў, сондай-ақ, республика аймағын раўажландырыўды режелестириў бас жойбарын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың аймақларын раўажландырыўды режелестириў жойбарларын ислеп шығыў жолы менен елатлы пунктлердиң қала қурылысы ҳүжжетлерин таярлаў системасын жетилистириўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Қалалардың бас режелерин әпиўайыластырыў түринде ислеп шығыўда буйыртпашыға ҳәм жойбар шөлкемлерине жойбарластырыў ушын тапсырмалар бериў нормасы белгиленбекте.

Атап өтилгениндей, нызамда нәзерде тутылған өзгерислер Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың аймақларын раўажландырыўдың режелестириў схемаларын жаратыў арқалы айрықша аймақларды, олардың өзгешелиги ҳәм потенциалын есапқа алган ҳалда раўажландырыўдың және де анық режелерин ислеп шығыў имканиятын береди.

Ең әҳмийетлиси, усыныс етилип атырған өзгерислер пуқаралар ушын экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық шараятты сақлаған ҳалда қалалар ҳәм елатлы пунктлердиң турақлы ҳәм пропорционал раўажланыўын тәмийинлейди.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам Өзбекстанда және де нәтийжели ҳәм ашық-айдың қала қурылысы системасын жаратыў ҳәм ҳәр бир пукараныӊ жасаўы ҳәм қәўипсиз келешекке ийе болыўы мүмкин болған заманагөй аймақларды қурыўға хызмет етеди.

Додалаўлар жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң жалпы мәжилисте “Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына бажыхана брокери жумысын ҳәм халықаралық курьерлик жөнелтпелерди жеткерип бериў бойынша жумысты жетилистириўге қаратылган қосымашалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Бул нызам менен бажыхана брокериниң жумысы ҳәм халықаралық курьерлик жөнелтпелери тараўы тәртипке салынбақта.

Атап айтқанда, “Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы нызамға ўәкилликли мәмлекетлик уйымның бажыхана брокериниң жумысы ҳәм халықаралық курьерлик жөнелтпелерин жеткерип бериў бойынша жумысын әмелге асырыўы ҳаққында хабардар етиў тәртиби белгиленбекте.

Сондай-ақ, ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етпестен жумыста әмелге асырғанлығы ҳәм хабардар етиў тәртибинде жумыс алып барыў ушын белгиленген талаплар ҳәм шәртлердиң орынланғанлығы бойынша ўәкилликли уйымға жалған яки надурыс мағлыўматлар бергенлиги ушын жуўапкершилик нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, бажыхана брокери сыпатында ҳәм халықаралық курьерлик жөнелтпелерин жеткерип бериў бойынша жумысын баслағанлығы яки жуўмақлағанлығы ҳаққында хабардар етпегенлиги ушын БЕМниң 20 есеси муғдарында жәрийма қолланыў белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи халықаралық курьерлик жөнелтпелерин жеткерип бериў ҳәм бажыхана брокери сыпатында жумысын әмелге асырыўда қағыйдабузыўшылықлардың алдын алыўға хызмет ететуғыны сенаторлар тәрепинен айрықша атап өтилди.

Сөйлесиўлерден соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң “Фитосанитария талапларының жеңиллестирилиўи мүнәсибети менен “Өсимликлер карантини ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымаша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Нызам менен фитосанитария сертификаны яки гүўалығын алыў талап етилмейтуғын карантин астындағы өнимлерди алып кириўде экспорт етиўши сырт мәмлекетлердиң фитосанитария сертификатын яки гүўалыгын талап етиў бийкарланбақта.

Соның менен бирге, нызамда Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен карантин астындағы өнимниң ҳәр бир түрине бөлек-бөлек берилетуғын карантин рухсатнамасы бар болған жағдайда, сырт мәмлекетлерден карантин астындағы өнимлерди алып кириўге жол қойылатуғыны беккемленбекте.

Нызамға киргизилип атырған бул қосымша ҳәм өзгерис өсимликлер карантини қағыйдалары ҳәм фитосанитария талапларын жеңиллестиреди.

Сенаторлардың атап өтиўинше, бул жаңалықлар ишки базарларда тийкарғы түрдеги өнимлер баҳаларының турақлылығын тәмийинлеўге, импорт есабынан қапланатуғын халықтың тутыныў талабы жоқары болған өнимлерди алып кириўде исбилерменлик субъектлерине имканиятлар жаратыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың елиў төртинши жалпы мәжилисинде “Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде билимлендириў тараўында мәмлекетлик басқарыўдың жетилистирилиўи мүнәсибети менне Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам да көрип шығылды.

Бизге белгили, кейинги жыллары мәмлекетимизде алып барылып атырған ҳәкимшилик реформалар шеңберинде жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында мәмлекетлик басқарыў системасы жетилистирилди, усы тараўдағы бир қатар республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары жумысының тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди.

Ҳәзирги ўақытта бир қатар республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының ҳәкимшилик реформалар шеңберинде трансформацияланыўы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәңигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң функциялары ҳәм ўазыйпаларының айрықша министрликлерге өткерилиўи, сондай-ақ, Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының қайта шөлкемлестирилиўи олардың рәсмий аталыўын ҳәм ўәкилликлерин анықластырыў ушын нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизилиўин талап етпекте.

Усы нызам менен бир қатар нызам ҳүжжетлерине Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Мектепке шекемги билимлендириў агентлигиниң атамалары ҳәм ўәкилликлери, сондай-ақ, Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорының атамасын анықластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тымқары, “Билимлендириў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына орта арнаўлы, профессионал, жоқары билимлендириўди ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўди әмелге асыратуғын мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерин сыртқы баҳалаўдың жаңа системасы енгизилиўин, кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаўды, сондай-ақ, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў тараўындағы жумысын лицензиялаў бойынша ўәкилликлер Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги арасында бөлистирилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлардыӊ атап өткениндей, бул нызам жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўындағы республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының бир пүтин системасын қәлиплестириўге, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери тәрепинен көрсетилип атырғван билимлендириў хызметлериниң сапасын арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додалаў орайында болды.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта сийрек ушырасатугын ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған ҳайўанлар ҳәм өсимликлердиң турлери артып бармақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына 2009-жылы 184 ҳайўан ҳәм 304 өсимлик түрлери киргизилген болса, 2019-жылға келип бул көрсеткиш сәйкес түрде 206 (+22) ҳәм 314 (+10) ти қураған.

Усы нызам менен бир қатар нызамларға мәмлекетимиздиң Қызыл китабына киргизилген сийкер ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған жабайы ҳалда өсетугын өсимликлер ҳәм жабайы ҳайўанлардың түрлерин қорғаўды және де күшейтиў ҳәм оларды тәбийғый орталықтан ажыратып алыўды шеклеўге байланыслы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, Қызыл китапқа киргизилген сийрек ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған жабайы ҳалда өсетуғын өсимлик түрлерин сақлап қалыў ҳәм қорғаў ушын олардың өсиў орталығы болған орынларда қорғалатуғын тәбийғый орталықлардың шөлкемлестирилиўи ҳәм илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыў мақсетинде оларды тәбийғый орталықтан ажыратып алған ҳалда пайдаланыўы мүмкин екени нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлар академиясының жуўмағы инабатқа алынған ҳалда, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен киргизилген усыныслар тийкарында Министрлер Кабинети тәрепинен Қызыл китапқа киргизилген, сийрек ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған жабайы ҳалда өсетуғын өсимликлердиң ҳәм жабайы ҳайўанлардың айырым түрлерин ҳәм олардың бөлеклерин тәбийғый орталықтан ажыратып алыўға байланыслы рухсатнамаларды бериў шекленетуғыны, шеклеўлердиң  тийкарлары, олардың әмел етиў мүддети белгиленетуғыны көрсетип өтилмекте.

Буннан тысқары, экология ҳәм тоғай хожалығы тараўындағы мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери анықластырылмақта. Нызам менен кодекслердеги ақаба суўларды шығарып жибериў бойынша хызметлер көрсетиўге байланыслы түсиниклер “Ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып жибериў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы нормаларына муўапықластырылмақта.

Атап өтилгениндей, бул нызамның қабыл етилиўи экология тараўындағы мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжели шөлкемлестирилиўин тәмийинлеўге, Қызыл китапқа киргизилген сийрек ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған жабайы ҳалда өсетуғын өсимликлер ҳәм жасаў орталығы шараятларының жақсыланыўына ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў тараўында ҳуқықты қолланыў әмелиятының бир түрделигин тәмийинлениўге, мәмлекетимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте “Ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың алдын алыў бойынша қосымша илажлардың қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Мәмлекетимизде ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында комплексли илажлар әмелге әмелге асырылып, ҳуқық қорғаўды тәмийинлеўде унамлы нәтийжелерге ҳәм криминоген жағдайды сезилерли дәрежеде жақсылаўға ерисилмекте.

Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында анық мәнзилге бағдарланған илажлардың белгилениўи, усы мәселеге комплексли қозқарастан қараған ҳалда ҳуқықбузарлықлардың системалы түрде әмелге асырылыўына байланыслы себеп ҳәм илажларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелий жумыслардың жолға қойылыўы әҳмийетли болып табылады.

Атап өтилгениндей, нызам менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине денсаўлықтың қысқа мүддетке төменлеўине яки мийнетке уқыплылықтыӊ оғада узақ болмаған мүддетке жоғалыўына алып келмеген билқастан денеге жеңил зыян жеткериў менен байланыслы жынайый қылмысты жынайый жаза қурамынан шығарып, оны ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық категориясына өткериўди, жарасыў институтына киретуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар шеңберин кеңейтиўди нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымашалар киргизилмекте.

Сенаторлар бул нызам халықтың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўге, мәмлекетимизде криминоген жағдайдың жақсыланыўына ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумыслар бойынша жарасыў институтының тәсир етиў шеңберин кеңейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың жалпы мәжилиси күн тәртибине муўапық парламент қадағалаўы шеңберинде Ташкент қаласында исбилерменликти раўажландырыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша әмелге асырылған жумыслар додаланды.

Пайтахтымызда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша бир қатар унамлы нәтийжелерге ерисилгени атап өтилди.

Атап айтқанда, Ташкент қаласында 2024-жыл 1-апрель жағдайына бола, жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлериниң саны 135,1 мыңды қурап, бул исбилерменлик субъектлериниң тийкарғы бөлеги, яғный 33 проценти саўда, 13 проценти санаат, 9 проценти қурылыс тараўына туўра келген.

Киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен быйылғы жылдың өткен шерегинде санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 9,5 триллион сумды, курылыс жумыслары 5,9 триллион сумды, усақлап сатыўдың товар айланысындағы көлеми 11,3 триллион сумды ҳәм хызметлер көлеми 20 триллион сумды қураған.

Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 2024-жылдың өткен 6 айында қала бойынша мыңнан аслам физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге 17,4 миллиард сум жеңилликли кредитлер ажыратылган.

Экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының бәҳәрги нәл егиў мәўсими шеңберинде Ташкент қаласында 700 мың түпке шамалас декоратив, мийўели терек, пута нәллери ҳәм қәлемшелери егилген. Сондай-ақ, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде 12 район ҳәкимликлери тәрепинен 20,47 гектар майданда 26 ҳәкимлик жасыл бағлары, ҳәр бир районда “Каштан көшеси”, “Шынар көшеси”, “Емен көшеси”, “Лала тереги көшеси” сыяқлы үлгили көшелер шөлкемлестирилген.

Шығындыларды басқарыў бойынша Ташкент қаласында 585 МПЖ толық санитариялық хызмет көрестиў бойынша қамтып алынған. Қалада улыўма есапта март айына шекем 363,2 мың куб метр халықтан қатты руўзыгершилик шығындылары алып шығып кетилген.

Быйылғы жылдың өткен дәўиринде қалада жаңадан қурылып атырған ҳәм жумыс алып баратырған санаат ҳәм басқа өндирис кәрханаларына жәми 1 057 мәмлекетлик экологиялық экспертизаның жуўмақлары берилген.

Сондай-ақ, үйрениў процесслеринде әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда айырым кемшилик ҳәм машқалалар да бар екени анықланды.

Атап айтқанда, мәжилисте атап өтилгениндей, қалада 2023-жылды 327 аймақлық кәрханалар 10,2 триллион сумлық зыян менен жуўмақлаған.

Соның менен бирге, Мырза Улығбек районындағы өндирис кәрханаларынан ибарат киши санаат зонасында турақлы түрде электр ҳәм газ тәмийнатында машқалалардың бар екени, Яккасарай районында болса Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасын шөлкемлестириў бойынша жумыслар толық әмелге асырылмағанлығы, Яшнабад районында 28 лоттан ибарат Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасы шөлкемлестирилген болса-да, бирақ бүгинги күнде 28 лоттан тек ғана 12 си аукцион арқалы сатылғанлығы көрсетип өтилди.

“Исбилермен виртуал офиси” мәлимлеме порталы арқалы келип түскен мүрәжатлерди көрип шығыў тәртиби ҳәм мүддети үстинен қадағалаў орнатылган болыўына қарамастан, мүрәжатлердиң 29 процентин (106) көрип шығыў мүддетлери бузылған.

Буннан тысқары, республикалық көлемде атмосфераға жылына 2 миллион 200 мың тоннадан аслам патасландырыўшы элементлер шығарылып атырған болып, Ташкент қаласында ҳаўадағы патасландырыўшы элементлердиң муғдары шама менен 420 мың тоннаны қураған.

Аймақлардағы айырым кәрханаларда елеге шекем 10 жылдан аслам қолланылып атырған шаң-газ тазалаў үскенелери модернизацияланбаған.

Быйылғы жыллдың өткен дәўири даўамында тереклердиң нызамсыз кесилиўи менен байланыслы 87 жағдай анықланып, тәбиятқа жәми 817,3 миллион сум зыян жеткерилген. Қаладағы ақаба суўды тазалаў имаратларының нәтийжелилиги төмен болып, Салар ҳәм Бўзсув имаратларында 72 процентти, Бектемир имаратында 53 процентти ғана қурайды.

Сенаторлар тәрепинен қалада исбилерменликти раўажландырыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўда жол қойылған кемшиликлер жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға көрсетип өтилди ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға, экология тараўында бар талаплардыӊ орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған зәрүрли илажларды көриў бойынша усыныслар билдирилди.

Атап айтқанда, кәрханаларды жақсылаўға қаратылған илажларды белгилеў, киши санаат зонасы ҳәм жаслар санаат зоналарыныӊ инженерлик тәмийнатын жақсылаў арқалы исбилерменликти раўажландырыў, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары тийкарында жумысларды шөлкемлестириў, қоршаған-орталықты қорғаў бойынша илажларды көриў кереклиги атап өтилди.

Көрип шығылған мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаттың жалпы мәжилисинде қорғалатугын тәбийғый аймақлардың сапа қурамын жақсылаў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын кәстерлеп-сақлаў ҳәм кадастрды жүргизиў жағдайы бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламент сораўы нәтийжелери көрип шығылды.

Парламент сораўына берилген жуўап арқалы республикамызда өзине тән, сийрек ушарасатуғын, баҳалы тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар фондын сақлап қалыў, сондай-ақ, тәбийғый процесслерди үйрениў мақсетинде қорғалатуғын тәбийғый аймақлар системасын раўажландырыў бойынша комплексли илажлардың әмелге асырылып атырғанын көриў мүмкин.

Атап айтқанда, соңғы бес жылда қорғалатуғын тәбийғый аймақлар (ҚТА) жумысына байланыслы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 3 қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң 13 қарары ҳәм 1 бийгили қабыл етилген. Алып барылган жумыслардың нәтийжесинде республикада ҚТА майданы 6,4 миллионға жеткерилип, мәмлекет аймағының 14,08 процентин қурамақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-февральдағы ПҚ- 37-санлы пәрманына муўапық быйылғы жылды Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларында миллий тәбият бағларын шөлкемлестириў ҳәм ҚТА майданын 14,2 процентке жеткериў режелестирилген. Трансшегаралық ҚТА шөлкемлестириў бойынша усыныслар ислеп шығылып, мәпдар тәреплерге берилген.

ҚТАда ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясының контрабандасы, нызамсыз аңшылық, өсимликлердиң нызамсыз кесилиўиниң алдын алыў мақсетинде мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте қадағалаў илажлары өткерилген.

Өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы объектлерин есапқа алыў ҳәм мониторинг етиў бойынша смарт мониторинг системасы енгизилип, кадастр мағлыўматларын жыйнаў ҳәм қәлиплестириў, таллаў жумыслары жолға қойылған. Сондай-ақ, Мәмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасы Миллий географиялық мәлимлеме системасына интеграцияланған. ҚТАда 500 ден аслам фотоқапқан орнатылып, жабайы ҳайўанлардың есабы ҳәм мониторинги жүргизилмекте.

ҚТА дәслепки өртке қарсы гүресиў қураллары менен тәмийинленген, өртке қарсы жоллар оңланып, минералластырылған коридорлар қурылған.

Биотехникалық илажлар ушын 693 орында азықлық-жем жыйнағышлары, 92 орында жасалма суўатлар, 500 ден аслам дузақлар ҳәм қосымша азықландырыў орынлары шөлкемлестирилген.

ҚТАда илимий-изертлеўлер алып барыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде арнаўлы транспорт қураллары, лаборатория үскенелери, электрон микроскоплар, фотоқапқанлар ҳәм басқа техникалық әнжамлар сатып алынған.

ҚТАға антропоген факторлардың тәсирин азайтыў мақсетинде бир қатар қорықханалар тутас аймақларда қорғаў (буфер) зоналары шөлкемлестирилген.

Өзбекстан Республикасының Қызыл китабына киргизилген сийрек ушырасатугын ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған жабайы ҳайўан ҳәм өсимликлердиң түрлерин қорғаў ҳәм қайта көбейтиў мақсетинде Бухара буғасы қорықханалары, Қызылқум архары қорықханасы ҳәм қәнигелестирилген “Жайрон” питомниклери шөлкемлестирилген.

Тараўда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде 2023-жыл даўамында еки мыңға шамалас қадағалаў, рейд илажлары әмелге асырылган. ҚТАға тутас аймақларда жасайтуғын халық арасында профилактикалық түсиндириў жумыслары алып барылған.

Атап өтилгениндей, парламент сораўы жуўабын таллаўлар ҳәм өткерилген үйрениўлер айырым мәселелер елеге шекем әҳмийетли болып қалып атырғанын көрсетпекте.

Атап айтқанда, ҚТАда биотехникалық илажларға қаржылар жергиликли бюджет есабынан қаржыландырылыўы керек болса-да, айырым жағдайларда олар тәрепинен жетерли қаржы ажыратылмай қалмақта.

Аймақлардың өзине тән тәреплерин, тәбийғый комплекслер ҳәм аймақлық өзгешеликлерди есапқа алған ҳалда эколгиялық индикаторларды ислеп шығыў керек.

Нызамсыз шарўа малларының бағылыўы, жерлердиң өзбасымшалық пенен ийелеп алыныўы ҳәм басқа унамсыз факторлар себепли ҚТАның биологиялық ҳәр түрлилигиниӊ қысқарыўы, улыўма биомассасының сийреклесиўи даўам етпекте.

ҚТА жер майданларын санаат ҳәм басқа максетлер ушын резервке қайтарыўға ҳәрекетлер күшейип бармақта.

Жалпы мәжилисте жоқарыда атап өтилген машқалаларды шешиў, сондай-ақ, белгили ўақыт талап ететуғын ҳәм турақлы қадағалаў керек болған айырым мәселелер парламент қадағалаўында қалатуғыны атап өтилди.

Додалаўдан соң Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан тысқары, өзин-өзи бәнт етиў тәртибинде жумыс ислеўди әмелге асырыўдың айырым мәселелери бойынша Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў мәселеси де додаланды.

2020-жылы халықты исбилерменлик жумысына және де кеңнен тартыў ҳәм нызамсыз жумыс ислеўин әмелге асырыў ушын қосымша шараятларды жаратыў мақсетинде мәмлекетимизде өзин-өзи бәнт етиў институты енгизилди.

Сенаттың Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлиги мәелелери комитети тәрепинен халықтың мүрәжатлеринен келип шығып, өзин-өзи бәнт етиў, атап айтқанда, пуқаралар тәрепинен социаллық салық төлеў арқалы пенсия ушын зәрүр мийнет стажын есапқа алыў бағдарындағы жумыслардың жағдайы үйренилди.

Өзин-өзи бәнт етиў системасы “Халықтың бәнтлиги ҳаққында”ғы нызам, Салық кодекси, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-июньдағы “Исбилерменлик жумысы ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары ҳәм басқа нормативлик ҳүжжетлер менен тәртипке салынған.

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болган 100 ден аслам жумыс (жумыслар, хызметлер) түрлери бар.

Салық кодексине муўапық өзин-өзи бәнт еткен шахслардың жумыс ислеўи нәтйижесинде алынған дәраматлары физикалық тәреплер жәми дәраматлары қурамына киргизилмейди.

Салық кодексиниң 408-статьясына тийкарланып өзин-өзи бәнт еткен шахслардың мийнет стажын есаплап шығыў ушын жылына базалық есаплаў муғдарының кеминде бир есеси муғдарында социаллық салық келисимли түрде төленеди. Сондай-ақ, усы статьяға бола өзин-өзи бәнт еткен шахслар социаллық салық төлеўин есабат жылының 1-декабрине шекем әмелге асырады.

Быйылғы жылдың 6 айы даўамында өзин-өзи бәнт еткен шахслардың саны артты.

Халықтың мүрәжатлери ҳәм таллаўлар системада айырым машқалалар бар екенин көрсетти. Атап айтқанда, 2020-2023-жыллары дизимге алынғанлардың тек ғана 13 проценти социаллық салық төлемин әмелге асырған.

Сондай-ақ, 2023-жылы халықты исбилерменликке тартыў қорының қарыжылары есабынан “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киргизилген 65 мыңға жакын пуқараларға өзин-өзи бәнт етиў ушын мәмлекет тәрепинен қаржылай жәрдем, яғный 313 миллиард сум субсидия ажыратылған болып, дәрамат алыў дәреги жаратылган болса-да, бул пуқаралар тәрепинен социаллық салық төлеми дәрежеси төменлигинше қалмақта.

Буннан жуўмақ шығарыўымыз мүмкин, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар тәрепинен социаллық салық төлемеў келешекте олардың социаллық қорғалыўы жағдайының төменлеўине, яғный жасқа байланыслы пенсия алыў ҳукықынан айырылыўына алып келеди.

Өзин-өзи бәнт еткен шахслар тарепинен базалық есаплаў муғдарының бир есесинен кем муғдарда салық төленген ҳалларда оларға тийисли жыл ушын мийнет стажы есапланбай атыр ҳәм ҳәзирги ўақытта төленген сумманы салық төлеўшиге қайтарыў әмелияты да жолга қойылмаған.

Рәсмий емес мийнет тек ғана мәмлекет экономикасына қатаң унамсыз тәсир етип қоймай, ал инсан өмири ҳәм саламатлығын қәўип астына қояды, қартайганда яки мийнетке жарамсыз болып қалғанда социаллық қорғаўсыз қалдырады.

Бизге белгили, Салық кодексиниң 408-статьясына муўапық өзин-өзи бәнт еткен шахслар есабат жылының 1-декабрине шекем төлемди әмелге асырыў белгиленген. Әмелде усы сәнеден кейин (1-31-декабрь аралығында) салық төлеген шахсларға тийисли жыл ушын мийнет стажы есапланбаған.

Министрлер Кабинетине жиберилген парламент сораўында халықты қыйнат атырған мәселелерге шешим табыў, нызамлы жумыс ислеўди әмелге асырыў ушын қосымша шараятлар, өзин-өзи бәнт еткен шахсларға қолайлықлар жаратыў соралмақта.

Додалаў соңында Сенаттың тийсли қарары қабыл етилди.

Олий Мажлис Сенатының елиў төртинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларыныӊ ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 18 мәселе, соның ишинде, 14 нызам додаланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме хызмети