Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Илажды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Әзербайжан Республикасы Президенти, ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Илҳам Гейдарович Алиевтиң атына айтылған қызғын миннетдаршылық сөзлерине толық қосыламан.

Ҳүрметли Президент Уллы Мәртебели Мырза Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа Қазақстанның Шөлкемимизге нәтийжели басшылық етип атырғаны ушын айрықша миннетдаршылық айтпақшыман.

Сизлер менен түркий дүньяның мәденият пайтахтларынан бири болған Шуша қаласында көрисип турғанымызда терең мәнис жәмленген. Гөззал Қарабақтың дүрданасы есапланған бул муқаддес қала Әзербайжан халқының өшпес мәртлиги, теңсиз күш-жигери, ҳақыйқый мәртлик ҳәм тилеклеслигин айқын көрсеткен тарийхый жеңистиң жарқын тымсалы болып есапланады.

ХХ әсирдиң уллы сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткери, ғәрезсиз Әзербайжан мәмлекетиниң тийкарын салыўшысы, ҳүрметли Гейдар Алиевтиң сөзи менен айтатуғын болсақ, «Шушасыз – Қарабақ, Қарабақсыз Әзербайжан болмайды».

Ҳақыйқатында да, бул бийтәкирар қала, тек ғана Әзербайжан емес, ал барлық түркий халықлардың кеўлинде айрықша ҳүрмет ҳәм мақтаныш сезимлерин оятып келмекте.

Бүгинги күнде тарийхый әдил раўажланған ҳәм жаңа Әзербайжанның қушағына қайтқан Қарабақта ҳүрметли Илҳам Гейдаровичтиң басшылығында әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларына, архитектуралық естеликлер ҳәм мәдений қайта тиклеў бағдарындағы уллы жанкүйерликтиң кеше тиккелей гүўа болдық. Сиз, әзиз туўысқанымыздың бундай ийгиликли жумысларыңыз жақын дослар сыпатында бәршемизге, әлбетте, шексиз қуўаныш ҳәм мақтаныш бағышлайды. Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз ҳәм айрықша итибарымыз бенен бул бийбаҳа қала тымсалында пүткил Қарабақ келешекте мәңги дослығымыздың ҳақыйқый рәмзине айланатуғынына исенемен.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Биз буннан бес жыл алдын әйне Әзербайжан жеринде Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза болып кирген едик. Өткен қысқа дәўирде 30 дан аслам әҳмийетли бағдарларда өз-ара пайдалы ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди жолға қойдық.

Бул саммитимиз глобаллық қәўип-қәтерлер артып, өз-ара исеним кризиси барған сайын күшейип атырған бир шараятта өтпекте. Бундай қыйын жағдайда әзелий туўысқанлық руўхынан күш алып атырған байланысларымызды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўди, улыўма көзқарасларды ислеп шығыўды дәўирдиң өзи талап етпекте. Усы мәнисте, бүгинги мәжилисимиз «Транспорт, өз-ара байланыслылық ҳәм климат ҳәрекети арқалы турақлы келешекти қурыў» сүрени астында өтип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе.

Төмендеги тийкарғы мәселелерге дыққатыңызды қаратпақшыман.

Саўда ҳәм транспорт жолларын раўажландырыў.

Шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында саўда көлеми турақлы өспекте.

Өткен жылдың жуўмақларына қарағанда, улыўма өз-ара товар айланысымыздың көлеми 27 процентке артты. Бундай жоқары өсиў пәтлери усы жылы да бақланбақта. Оны турақлы сақлап қалыўдан мәпдармыз.

Мәмлекетлеримиз бүгинги күнде дүнья жүзиниң тийкарғы базарларына шығыў ҳәм Уллы Жипек жолын жаңа тарийхый шараятта қайта тиклеў ушын беккем бел байлаған.

Әлбетте, кейинги жылларда Шөлкем шеңберинде бул тараўдағы бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарлары беккемленбекте, санлы системалар иске қосылмақта. Нәтийжеде Транскаспий халықаралық транспорт коридоры арқалы жүк тасыў көлеми турақлы өсип бармақта. Бизнес ушын ең қолайлы тарифлерди енгизиў бул коридордың бәсекиге шыдамлылығын ҳәм тартымлылығын кескин арттыратуғыны сөзсиз.

Биз «Бир айна» системасы жолға қойылыўынан, бажыхана-шегара өткериў пунктлериниң үзликсиз жумыс ислеўи тәмийинлениўинен мәпдармыз.

Өткен ҳәптеде Ташкентте шөлкемлестирилген Түркий мәмлекетлер логистика орайлары ҳәм жүк тасыўшылар альянсын Шөлкемимиздиң транспорт тараўындағы күн тәртибин қәлиплестириў ҳәм тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыўда кеңнен тартыў мақсетке муўапық болып есапланады.

Шөлкемимиз шеңберинде Темир жол ҳәкимшиликлери кеңесин дүзиў ҳәм оның дирекциясын Ташкент қаласында жайластырыў ҳаққындағы усынысымызды мақуллайсыз, деп исенемен.

Тапсырма берсек, гезектеги саммитимизге шекем саўда ҳәм транспорт министрлеримиз халықаралық коридорлар имканиятларынан және де үнемли пайдаланыў ҳәм автотасыўларды толық санластырыў, «жасыл» коридорлар жаратыў бойынша комплексли илажларды биргеликте ислеп шығады.

Климат өзгериўлерине қарсы биргеликте гүресиў.

Шөлкемимиз аймағы климат өзгериўинен ең көп зыян көрип атырған регионлардан бири, десек, бул әйне ҳақыйқат болып есапланады.

Машқалаларды системалы шешиў ушын бизиң басламамыз тийкарында министрлер дәрежесинде Түркий экологиялық кеңесин дүзиў усынысын мақуллайсыз, деп исенемен. Бул структура резиденциясын экологиялық апатшылықтан ең көп зыян көрген аймақ – Аралбойындағы ири қала Нөкисте жайластырыў мақсетке муўапық болар еди.

Усы жерде түркий дүнья бүгинги күнде климат бойынша халықаралық бирге ислесиўде өзиниң жоқары орны ҳәм бәлент даўысына ийе болып атырғанын айрықша мақтаныш пенен атап өтпекшимен.

Усы жылдың ноябрь айында Бакуде өткерилетуғын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң XXIX Климат саммити (СОР – 29) барлық мәмлекетлеримиз ушын үлкен тарийхый ўақыя болады.

Климат өзгериўлери бойынша дүнья жүзи жетекшилери саммитиниң табыслы өтиўине шын жүректен тилеклеспен. Биз бул абырайлы конференцияда белсене қатнасыўға ҳәм бул бағдарда Әзербайжанға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўге таярмыз.

Альтернатив энергетика.

Биз 2030-жылға шекем қайта тиклениўши энергия қуўатлылықларын кескин арттырыў ҳәм энергетика балансында олардың үлесин 40 процентке жеткериўди мақсет еткенбиз.

Шериклеримиз бенен бирге жылына 2 гигаватт қуўатлылықтағы жаңа самал ҳәм қуяш электр станцияларын иске қоспақтамыз. Бул жойбарлар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принципи тийкарында, тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан әмелге асырылмақта.

Қоңсы Қырғызстанда гидроэлектрстанцияларын Қазақстан менен биргеликте қурыў жумысларын да баслап атырмыз.

Альтернатив энергетика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде «Жасыл энергетикаға қарай түркий ҳәрекет» концепциясын қабыл етиўдиң ўақты-сааты келди, деп ойлайман.

Түркий дүнья халықлары өз раўажланыўының түрли дәўирлеринде улыўма инсаныйлық цивилизацияның раўажланыўына шексиз үлес қосқан.

Атларын дүнья халқы жақсы билетуғын уллы ойшыл ҳәм уламаларымыз еки уллы Ренессансқа тийкар салған. Бул әзел-әзелден халықларымыздың турмысында инсан капиталы қаншелли жоқары болғанынан дәрек береди.

Биз заманагөй «билимлер экономикасы»н қурыў, креатив экономиканы раўажландырыў ушын санлы технологиялар, блок-чейн, бултлы, квант есаплаў технологиялары, робототехника, «төртинши санаат» кадрларын таярлаў тараўларында бирге ислесиўди күшейтиўден мәпдармыз. Буның ушын Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Инсан капиталын раўажландырыў илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў бойынша басламасын алға қоямыз ҳәм оны елимизде жайластырыўға таярмыз.

Шөлкемниң қәўендерлигинде анық пәнлер бойынша Жаслар түркий олимпиадасы ҳәм Пүткил дүнья жүзилик түрктаныўшылар конгрессин шөлкемлестириўди және оларды келеси жылы Өзбекстанда өткериўди усыныс етемиз.

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Тоғыз айдан берли Газа секторында болып атырған қанлы урыс ақыбетлери бизди терең қайғыға салмақта. Соқлығысыўлар 40 мыңға шамалас халық, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың өлимине себепши болғанын ҳеш бир себепсиз ҳәм бәне менен ақлап болмайды.

Биз зорлықларды жеделлик пенен тоқтатыўға, тынышлық процесслерин тезирек баслаўға шақырамыз.

Ғәрезсиз ҳәм азат Палестина мәмлекетиниң дүзилиўи Жақын Шығыста стратегиялық турақлылық ҳәм тынышлықты тәмийинлеўдиң ең тийкарғы шәрти болып есапланады.

Және бир әҳмийетли мәселе.

Тилекке қарсы, дүньяның басқа да регионларында урыс ҳәм келиспеўшиликлер күшейип атырғаны ақыбетинде жан қоңсымыз болған ҳәм көп миллионлы түркий халықлар жасап атырған Аўғанстандағы жағдай халықаралық жәмийетшиликтиң итибарынан шетте қалып кетпекте.

Өзбекстан аўған халқына зәрүр жәрдем көрсетиўди буннан былай да даўам еттиреди.

Аўғанстанның сырт елдеги «музлатылған» қаржы активлерин қайтарыў мәмлекеттеги социаллық жағдайды жумсартыўға хызмет ететуғынына исенемиз.

Жаңа реаллық шараятында Аўғанстан мәселеси бойынша Шөлкемимиз ағзаларының улыўма ҳәм бирдей көзқарасларын ислеп шығыў мәселелеринде сыртқы ислер министрлеримиздиң сөйлесиўинде тийкарғы додалаў темасы болыўы керек.

Ҳүрметли дослар!

Бүгин алға қойылған барлық усыныс ҳәм басламалар «Түркий нәзер – 2040» концепциясы ҳәм Самарқанд қаласында қабыл етилген Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бес жыллық стратегиясы мазмунына сәйкес ҳәм үнлес болып есапланады.

Конференция күн тәртибине киргизилген Қарабақ декларациясына қол қойылыўын толық қоллап-қуўатлаймыз.

Итибарыңыз ушын рахмет.