Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-июль күни Шуша қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң «Транспорт, өз-ара байланыслылық ҳәм климат ҳәрекети арқалы турақлы келешекти қурыў» сүрени астындағы рәсмий емес саммитинде қатнасты.

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев басшылығында өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия вице-президенти Жавдат Йилмаз, Венгрия Бас министри Виктор Орбан, сондай-ақ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми бас хаткери Кубаничбек Омуралиев ҳәм ТМШ Ақсақаллар кеңеси баслығы Бинали Йилдирим да қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, шөлкем шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўдиң жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысты, әмелий шерикликтиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде бул ушырасыў түркий дүньяның мәденият пайтахтларынан бири болған Шуша қаласында өткерилип атырғанында терең мәни бар екенин атап өтип, Президент Илҳам Алиев басшылығында Қарабақта алып барылып атырған үлкен қурылыс ислерин жоқары баҳалады.

Өткен қысқа дәўирде Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде 30 дан аслам әҳмийетли бағдарларда өз-ара пайдалы ҳәм кең көлемли бирге ислесиў жолға қойылғаны айырықша атап өтилди.

– Бул саммитимиз глобал қәўип-қәтерлер артып, өз-ара исеним дағдарысы барған сайын күшейип баратырған бир шараятта өтпекте. Бундай қурамалы жағдайда әзелий туўысқанлық руўхынан күш алып атырған байланысларымызды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўди, улыўма көз қарасларды ислеп шығыўды дәўирдиң өзи көрсетпекте, – деди Өзбекстан Президенти.

Түркий мәмлекетлер арасында күп тәреплемели ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди және де раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан жетекшиси бир қатар әҳмийетли мәселелерге итибар қаратты.

Шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында саўда көлеми турақлы өсип атырғаны ҳәм өткен жылы 27 процентке көбейгени қатаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бундай жоқары өсиў дәрежелери усы жылы да бақланбақта.

– Мәмлекетлеримиз бүгинги күнде дүньяның тийкарғы базарларына шығыў ҳәм Уллы жипек жолын жаңа тарийхый шараятта қайта тиклеў ушын беккем бел байлаған, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарлары беккемленгени, санлы системалар иске түсирилгени нәтийжесинде Транскаспий халықаралық транспорт жолы арқалы жүк тасыў көлеми турақлы өсип баратырғаны атап өтилди.

Бизнес ушын ең мақул тарифлерди енгизиў бул жолдың бәсекиге шыдамлылығынан ҳәм тартымлылығын арттырыўға хызмет етеди. Буннан тысқары, «Бир айна» системасын жолға қойыў, бажыхана-шегара өткериў пунктлериниң үзликсиз ислеўин тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан Президенти жақында Ташкентте шөлкемлестирилген Түркий мәмлекетлер логистика орайлары ҳәм жүк тасыўлары альянсын ТМШның транспорт тараўындағы күн тәртибин қәлиплестириў ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўға кеңнен тартыў мақсетке муўапықлылығын көрсетип өтти.

Шөлкем шеңберинде Темир жол админстрациялары кеңесин дүзиў ҳәм оның дирекциясын Ташкент қаласында жайластырыў басламасы алға қойылды.

Усы жылы гүзде болатуғын гезектеги саммитке шекем халықаралық қарыйдарлар имканиятларынан және де үнемли пайдаланыў ҳәм автотасыўларды толық санластырыў, «жасыл» жоллар жаратыў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў бойынша саўда ҳәм транспорт министрлерине тапсырма бериў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз жетекшиси климат өзгериўине қарсы биргеликте гүресиў мәселелерине айырықша итибар қаратты.

Бар машқалаларды системалы шешиў ушын Түркий экология кеңесин дүзиў ҳәм оның бас резиденциясын экологиялық апатшылықтан ең көп зыян көрген аймақ – Аралбойындағы үлкен қала Нөкисте жайластырыў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы түркий дүнья бүгинги күнде климат бойынша халықаралық бирге ислесиўде өзиниң бәлент даўысына ийе болып баратырғанын атап өтти.

Усы мәниде, быйылғы жылдың ноябрь айында Бакуде өткерилетуғын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Климат саммити (COP–29) ТМШ мәмлекетлери ушын үлкен тарийхый ўақыя болатуғынына исеним билдирилди.

Алтернатив энергия дәреклерин раўажландырыўдың әҳмийети ҳаққында сөз етилип, мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан 2030-жылға шекем қайта тиклениўши энергия қуўатларының энергетика балансындағы үлесин 40 процентке жеткериўди мақсет еткенин мәлим етти.

Атап айтқанда, сырт елли шериклер менен бирге жылына 2 2 гигаватт қуўатлылықтағы жаңа самал ҳәм қуяш электр станциялары иске түсирилмекте.

– Қоңсы Қырғызстанда гидроэлектрстанцияларын Қазақстан менен биргеликте қурыў жумысларын да баслап атырмыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бул бағдардағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде «Жасыл энергетикаға қарай түркий ҳәрекет» концепциясын қабыллаў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы түркий дүнья улыўма дүньялық цивилизацияның раўажланыўына үзликсиз үлес қосқанын атап өтти.

– Атларын дүнья халқы жақсы билетуғын уллы ойшыл ҳәм уламаларымыз еки уллы Ренессансқа тийкар салған. Бул бурыннан халықларымыз өмиринде инсан капиталы қаншелли жоқары болғанынан дәрек береди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы мүнәсибет пенен заманагөй «билимлер экономикасы»н қурыў, креатив экономиканы раўажландырыў ушын санлы технологиялар, блок-чейн, бултлы, квант есаплаў технологиялары, робототехника, «төртинши санаат» кадрларын таярлаў тараўларында бирге ислесиўди күшейтиў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

Буның ушын Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Инсан капиталын раўажландырыў илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Сондай-ақ, Президентимиз шөлкемниң басшылығында анық пәнлер бойынша Жаслар түркий олимпиадасы ҳәм Жер жүзилик түрктаныўшылар конгрессин кейинги жылы Өзбекстанда өткериўди усыныс етти.

Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанлардың итибарын Газа секторында жаман жағдай жүзеге келип, қанлы урыс 40 мыңға шамалас халық, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың өлимине алып келгенине итибар қаратты. Тәреплерди зорлықларды тезлик пенен тоқтатыўға, тынышлық жағдайларын тезирек баслаўға шақырды.

Ғәрезсиз ҳәм азат Палестина мәмлекетиниң шөлкемлестирилиўи Жақын Шығыста стратегиялық турақлылық ҳәм тынышлықты тәмийинлеўдиң ең тийкарғы шәрти екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз жетекшиси көп миллионлы түркий халықлар жасап киятырған Аўғанстандағы жағдайға тоқтап, усы мәселе бойынша шөлкем ағзаларының улыўма ҳәм исенимли көзқарасларды ислеп шығыў әҳмийетли екенин айрықша атап өтти.

– Өзбекстан аўған халқына зәрүр жәрдем көрсетиўди буннан былай да даўам еттиреди. Аўғанстанның сырт елдеги «музлатылған» қаржылай активлерин қайтарыў мәмлекеттеги социаллық жағдайды жумсартыўға хызмет етиўине исенемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Саммит жуўмағында Қарабақ декларациясы ҳәм бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша бир қатар келисимлер қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев сол күни Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммити шеңберинде Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан – Венгрия көп тәреплемели қатнасықларының әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиў избе-из раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Барлық дәрежелерде жедел сәўбетлер даўам етпекте. Май айында Ташкент қаласында Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси ҳәм бизнес форумы нәтийжели өткерилди.

Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми дерлик еки есеге артты, биргеликтеги жойбар ҳәм кәрханалардың саны көбеймекте, 30-июньнан Ташкент ҳәм Будапешт арасында тиккелей авиақатнаўлар тикленди.

Санаат, фармацевтика, аўыл хожалығы, логистика, қурылыс ҳәм басқа бағдарларда кооперация жойбарларын әмелге асырыўды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Инвестициялық жойбарлардың жаңа портфелин таярлаў ҳәм усы жылдың ақырына шекем Қоқанд қаласында Аймақлар форумын өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларындағы бирге ислесиў жеделлести. Еки мәмлекет халықларын жақынластырыўға қаратылған мәдений илажларды өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм Европа Аўқамы шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Әзербайжан Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА