Ҳүрметли басшы!

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги саммити барлық қатнасыўшыларын қутлықлағанымнан қуўанышлыман. Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа қызғын қабыллағаны ҳәм бүгинги ушырасыўымыз жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип атырғаны ушын билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Беларусьтың ШБШқа қосылыў процесиниң жуўмағына жеткени менен қутлықлайман. Бул, шерикликтиң қосымша имканиятларын ашатуғыны сөзсиз. Усы ўақыя мүнәсибети менен ҳүрметли Александр Григорьевич Лукашенконы қызғын қутлықлайман.

Биз Қазақстанның Шанхай бирге ислесиў шөлкемине жедел ҳәм нәтийжели басшылығының жуўмақларын жоқары баҳалаймыз, бүгинги мәжилисимиз күн тәртибине киргизилген мәселелер ҳәм қарарлардың жойбарларын қоллап-қуўатлаймыз.

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Бул саммит халықаралық жағдай кескинлесип атырған бир шараятта өтпекте. Жаңа ўайран етиўши апатшылықлар пайда болмақта, глобаллық ҳәм регионаллық қәўипсизликке қәўип-қәтерлер күшейип бармақта. Бул мәмлекетлер арасында өз-ара исеним азайып атырған, қарама-қарсылықлар артыўы нәтийжесинде геосиясий кескинлик барған сайын өсип атырған жағдайда өтпекте.

Халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм принциплери тез-тезден бузылмақта. Барған сайын күшейип атырған кризис ҳәм машқалаларды шешиў бойынша дүнья жәмийетшилигинде бар қураллар, тилекке қарсы, өзиниң нәтийжелилигин жойытты.

Бундай қыйын жағдайда ШБШның тийкары болған принциплерге садықлығымызды сақлаў ҳәм және де беккемлеў айрықша әҳмийетли болып есапланады. Әне, усы принциплер себепли Шөлкем бүгинги жетискенликлерге еристи, халықаралық мәселелерде жоқары абырай ҳәм бирлестириўши орынға ийе болды.

Келешекте де «Шанхай руўхы»ның беккем тийкары болған принциплер – өз-ара исеним ҳәм мәп, теңлик, мәдениятлар рәң-бәреңлигине ҳүрмет ҳәм улыўма раўажланыўға умтылыс, қарарлар қабыллаўда консенсус принципиниң өзгермеўи ҳәм Шөлкемниң блоклардан жырақ статусын сақлап қалыў, оның ашық-айдынлығы, үшинши мәмлекетлерге қарсы қаратылмағаны, экономикалық, әскерий ҳәм сиясий потенциалына қарамастан барлық қатнасыўшылардың тең ҳуқықлығы ҳәм суверенитетин ҳүрмет етиўге айрықша әмел етиў әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Ҳәзирги күнде ШБШ аўызбиршилигиниң әззилигине жол қоймаў әҳмийетли болып есапланады. «ШБШ шаңарағы» аўызбиршилигин күшейтиўимиз, биргеликте раўажланыў принципин турмысқа избе-из енгизип, ашылып атырған жаңа имканиятлардан максимал дәрежеде пайдаланыўымыз зәрүр.

Буның ушын бизде барлық шараятлар бар. Дүнья жүзи халқының 40 проценттен асламы, глобаллық жалпы ишки өнимниң шерек бөлегинен көбиреги мәмлекетлеримиз үлесине туўра келеди. Бул шексиз потенциалды жүзеге шығарыў бизден экономикалық шерикликтиң жаңа моделлерин қәлиплестириўди ҳәм ШБШ шеңберинде турақлы раўажланыўдың узақ мүддетли күн тәртибин ислеп шығыўды талап ететуғыны сөзсиз.

Соны атап өтиўди қәлер едим, Өзбекстан 2030-жылға барып миллий экономика көлемин еки есеге арттырыўға қаратылған терең өзгерислерди даўам еттирмекте. Оған, бәринен бурын, инновациялық ҳәм жоқары технологиялы тармақларды қәлиплестириў, «жасыл» ҳәм санлы технологияларды енгизиў, қайта тикленетуғын энергетика үлесин түп-тийкарынан арттырыў есабынан ерисиўге умтылып атырмыз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бизиң көзқарасымыз бойынша ШБШ алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтиўге рухсат еткейсиз.

Биринши. Глобаллық дәрежеде исеним жетиспеўшилиги мисли көрилмеген дәрежеге шыққан шараятта улыўма қәўипсизлигимизди тәмийинлеўде жаңа көзқарасларды излеў зәрүрлиги өсип бармақта.

Сол себепли, ҳәзирги ўақытта улыўма қәўипсизлик ҳәм раўажланыў жолындағы аўызбиршилик бойынша биз алға қойған Самарқанд басламасының әҳмийети ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.

ШБШның Жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм трансшегаралық шериклик кодексиниң қабыл етилиўи ҳәзирги жаңа шараятта сөйлесиўди беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди және де тереңлестириў имканиятын береди, деп есаплаймыз.

Екинши. Экономикалық тараўда бирге ислесиў бойынша стратегиялық раўажланыўға ерисиў.

Өзбекстанның Шөлкемге ағза мәмлекетлер менен саўда айланысы өткен жылдың жуўмақлары бойынша 20 процент, усы жылдың басынан берли болса және 15 процентке өсти.

ШБШ шеңберинде саўда процесслерин әпиўайыластырыў бойынша келисимди ислеп шығыў ўақты келди, деп есаплаймыз. Ҳүжжетке саўдадағы тосқынлықларды сапластырыў, техникалық регламентлер ҳәм сертификатластырыў, фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық қадағалаў системаларын жақынластырыў бойынша биргеликтеги илажларды киргизиў мүмкин.

Буннан тысқары, трансшегаралық электро коммерцияны раўажландырыў бойынша дүнья жүзиндеги тенденцияларды есапқа алған ҳалда, бул тараўда әмелдеги санлы саўда платформалары интеграциясын нәзерде тутатуғын бирге ислесиў бағдарламасын таярлаўды усыныс етемиз.

Үшинши. Санаат кооперациясы бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў.

Бәринен бурын, инфраструктура, санааттың жоқары технологиялы тармақлары ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында өз-ара инвестицияларды хошаметлеў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыўды усыныс етемиз. Онда, бул жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў механизмлерин пуқта ойлап көриў, ШБШ Қоры ҳәм Раўажланыў банкин шөлкемлестириў мәселесин көрип шығыўға қайтыў әҳмийетли.

Төртинши, «Шығыс-Батыс» ҳәм «Арқа-Қубла» жөнелислери бойынша инклюзив транспорт системаларын қәлиплестириў мәмлекетлеримиздиң экономикалық потенциалын нәтийжели раўажландырыў имканиятын береди.

Транспорт коридорлары көп вариантлы болыўы – бул пүткил регионымыз турақлы раўажланыўының ең әҳмийетли шәрти болып есапланатуғынын айрықша атап өтемен.

Сондай-ақ, Логистика процесслерин санластырыў режесин ислеп шығыў, соның ишинде, мәмлекетлеримиз шегаралары арқалы өтетуғын өнимлер ҳаққындағы мағлыўматлардың электрон алмасыўын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Бесинши. ШБШ мәканында заманагөй ҳәм исенимли энергетика инфраструктураларын кеңейтиў.

Биз Өзбекстанда «жасыл» энергетиканы жедел раўажландырыў бойынша үлкен бағдарламаны қабыл еттик. Жылына еки гигаватт қуўатлылыққа ийе қуяш ҳәм самал электр станцияларын иске қоспақтамыз. Санаат дәрежесинде «жасыл» водород ислеп шығарыў жойбары үстинде жумыс басланды.

Қайта тикленетуғын энергетикаға инвестиция ҳәм технологияларды тартыўды хошаметлеў бойынша бирге ислесиўдиң комплексли режесин ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Алтыншы. Жеделлестирилген санлы трансформация.

Бизиң пикиримизше, санлы экономикаға өтиў, «жасалма интеллект»ти, алдынғы IT-қарарларды енгизиў мәмлекетлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығында шешиўши әҳмийетке ийе болып есапланады. Бул бағдарда билимлер, тәжирийбе ҳәм ең жақсы әмелиятлар алмасыўы, IT-парклердиң системалы бирге ислесиўин раўажландырыў мақсетинде «ШБШ келешек технологиялары» бағдарламасын ислеп шығыў тәрепдарымыз.

Жетинши. Социаллық раўажландырыў ҳәм қорғаў тараўында ШБШ мәмлекетлериниң бирге ислесиўи бойынша «жол картасы»н қабыллаў имканиятын көрип шығыўды усыныс етемиз.

Халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм аймақларды, биринши гезекте, аўыллық жерлерди раўажландырыў бойынша анық ўазыйпаларды әмелге асырыў 2030-жылға шекем мөлшерленген ең әҳмийетли мақсетлерге ерисиў жолында улыўма үлес болатуғынына исенимим кәмил.

Сегизинши. Ислеп шығарылып атырған өнимлер ҳәм оларды жеткерип бериў имканиятлары атпа-ат сәўлелендирилген мәмлекетлеримиздиң агросанаат тараўындағы потенциалы ҳаққындағы мағлыўматларды бирлестиретуғын «ШБШ азық-аўқат қәўипсизлиги атласы» биргеликтеги электрон платформасын ислеп шығыў мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде мәмлекетлеримиздеги ўәкилликли уйымлардың жумысын тығыз муўапықластырыўды, соның ишинде, ШБШның Регионаллық контртеррор структурасы бағдарында даўам еттириў зәрүр.

Орайлық Азияның ажыралмас бөлеги болған ҳәм регионаллық турақлылыққа тиккелей тәсир көрсететуғын қоңсы Аўғанстандағы жағдайға тоқтап өтпекшимен.

Аўғанстанның ҳәзирги ҳәкимшилиги менен қатнасықларды орнатыў бағдарындағы көзқараслар түрлише екени белгили. Кабул менен сөйлесиўлерди сақлаў пүткил регионның қәўипсизлик ҳәм экономикалық раўажланыў бағдарындағы мәплерине сәйкес келетуғынына исенемен. Барған сайын көбирек мәмлекетлер буны түсинип жетпекте.

Усы мүнәсибет менен, «ШБШ – Аўғанстан» сөйлесиў топарының жумысын қайта тиклеў ҳаққындағы усыныс елеге шекем әҳмийетли болып қалмақта.

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Саммитимиз ШБШның турақлы жумыс алып барыўшы уйымлары – Пекин қаласындағы Секретариат ҳәм Ташкент қаласындағы Регионаллық контртеррор структурасы Атқарыў комитетиниң шөлкемлестирилгенине 20 жыл толған жылы өтпекте. Қысқа дәўирде олар шерикликтиң нәтийжели механизми сыпатында беккем енгизилди ҳәм көп тәреплемели институтлар арасында мүнәсип орын ийеледи.

Биз ШБШны және де раўажландырыў процесслери тәрепдарымыз ҳәм Шөлкемимиздиң жумысын жетилистириў ҳаққындағы усынысты қабыллаўға таярмыз.

Сөзимниң жуўмағында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылықты Қытай Халық Республикасы қабыллап алып атырғаны мүнәсибети менен ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Си Цзиньпинге билдирилген қутлықлаў сөзлерине қосыламан.

Өзбекстан ШБШ шеңберинде көп тәреплемели шерикликти және де кеңейтиўге садық екенин және бир мәрте тастыйықлайман.

Итибарыңыз ушын рахмет.