Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районы аймағындағы ҳәким жәрдемшилериниң усыныслары менен 58 ҳаял-қыз ҳәм жасқа субсидия тийкарында тигиў машиналары, нан писириў печкалары, сондай-ақ, мотокультиваторлар тапсырды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы пуқаралар менен сәўбетте өз үстинде ислеўди, өзин-өзи бәнт етиўди қәлеўши ҳәр бир пуқара ушын, әлбетте, жәрдем берилетуғынлығын, мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў кереклигин атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.