Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Шуша саммити өткерилетуғын сәнеси ҳәм бағдарламасы жәрияланды.
Әзербайжан президенти Илҳом Алиевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген саммит 5-6-июль күнлери Шуша қаласында болып өтеди.
«Илажда қатнасыўшы мәмлекетлер – Түркия, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан басшылары қатнасады. Олар менен бирге бақлаўшы мәмлекетлердиң басшылары ҳәм ТМШ Бас хаткери Кубаничбек Омуралиевтиң қатнасыўы да күтилмекте»,-деп жазады Yenisafak.
«Транспорт байланысы ҳәм климат бойынша ҳәрекетлер арқалы турақлы келешекти қурыў» темасында өтетуғын саммит шөлкемниң тийкарғы мәселелери ҳәм күн тәртиби бойынша жоқары дәрежедеги додалаўлар ушын платформа болып хызмет етиўи күтилмекте.
Саммит жуўмақлары бойынша Қарабағ декларациясы ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылады.
Шушадағы саммит алдынан ТМШ Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилиси болып өтеди. Онда рәсмий емес саммит күн тәртибиндеги мәселелер ҳәм басшылар тәрепинен қол қойылатуғын ҳүжжетлер бойынша жуўмақлаўшы келисимге ерисиледи,-деп жазады xabar.uz сайты
Қарақалпақстан хабар агентлиги