Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш 30-июнь – 1-июль күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды.

Сапардың тийкарғы илажлары 1-июль күни болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев сол күни Көксарай резиденциясында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш пенен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў алдынан БМШ Бас хаткери мәмлекетимиз басшысына Өзбекстанға мирәт еткени ҳәм көрсетилип атырған қызғын қабыллаў ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, мәмлекетимиз басшысы А. Гутерриштиң республикамызға бул ретки, екинши сапары «Өзбекстан – 2030» стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын реформалар БМШ тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғанының көриниси екенин атап өтти.

Сөйлесиўлер ўақтында глобаллық ҳәм регионаллық тынышлық, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў, Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў жағдайы додаланды.

Бирге ислесиўдиң жедел пәти ҳәм мисли көрилмеген жоқары дәрежеси үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

140 биргеликтеги бағдарламалар ҳәм жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Кейинги жыллардың өзинде Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 10 арнаўлы резолюциясы қабыл етилди.

Жыл басынан берли БМШ Бас хаткериниң бес орынбасары Өзбекстанға келди. Өткен айда мәмлекетимиз Экономикалық ҳәм социаллық кеңес (ECOSOC) қурамына ҳәм Халықаралық мийнет шөлкеминиң Ҳәкимшилик кеңесине сайланды. Өзбекстан ўәкили биринши рет БМШ Инсан ҳуқықлары комитетиниң ағзасы болды. Ташкентте БМШтың және бир арнаўлы мәкемеси – Аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша халықаралық қорының ўәкилханасы жумыс баслады.

Биргеликте глобаллық күн тәртибине байланыслы ири халықаралық илажлар, соның ишинде, азық-аўқат қәўипсизлиги, туризмди раўажландырыў, кәмбағаллық ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм биокөптүрлиликти қорғаў бойынша илажлар өткерилмекте. Келеси жылы Самарқандта ЮНЕСКОның 43-бас конференциясы болып өтеди.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе машқалалар бойынша да пикир алысты. Мәмлекетимиз басшысы Бас хаткердиң халықаралық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, БМШ ҳәм оның тийкарғы уйымларын реформалаў ҳәм усы жылы Нью-Йорк қаласында Келешек саммитин өткериў басламаларын айрықша қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Регионда транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты раўажландырыў, азық-аўқат, энергетика ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.

Аўғанстанда жүзеге келип атырған жағдай додаланып, аўған халқына гуманитарлық жәрдемди кеңейтиў, дүнья жәмийетшилигиниң бул мәмлекетке улыўма стратегиясын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында 2026-2030-жылларда Өзбекстанның Турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша БМШ менен бирге ислесиўдиң мақсетли бағдарламасын биргеликте ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.

Буннан кейин Көксарай резиденциясында БМШ Бас хаткери Антониу Гутерришке дүнья жүзинде аўызбиршилик ҳәм татыўлықты жедел алға қойыў, шөлкемниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, мәмлекетимиз ҳәм БМШ арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўдеги хызметлери ушын Өзбекстанның жоқары мәмлекетлик сыйлықларынан бири – «Олий Даражали Дўстлик» орденин салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы сыйлықты тапсырып, А.Гутерриштиң Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жоқары дәрежеге жетиўине қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.

Бас хаткер Өзбекстанда әмелге асырылып атырған глобаллық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе кең көлемли реформалар менен басламаларды, сондай-ақ, БМШ институтларының республикамыздағы жумысы кеңейиўин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны атап өтилди.

БМШ басшысының халықаралық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў, глобаллық басқарыў институтларын реформалаў, Турақлы раўажланыў мақсетлерин алға қойыў, климат өзгериўине қарсы гүресиў, «жасыл» ҳәм санлы раўажланыў, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы көп жыллық ҳәрекетлери атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында Көксарай резиденциясында терек егиў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолында кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бағдарындағы айрықша умтылыслардың көриниси сыпатында Ҳүрметли мийманлар қыябанында терек екти.

Сол күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш Жоқары Шыршық районындағы қуўатлылығы 200 мегаватт болған «ACWA POWER RIVERSIDE SOLAR» қуяш фотоэлектр станциясының жумысы менен танысты.

Жоқары мәртебели мийманға 2030-жылға шекем Өзбекстанда жасыл энергетиканы раўажландырыў стратегиясы, альтернатив энергия ислеп шығарыў тараўында қуўатлылықларды жаратыў бағдарламасы таныстырылды.

Соның ишинде, Саудия Арабстанның «ACWA Power» компаниясы тәрепинен Ташкент ўәлаятында баҳасы 400 миллион доллар муғдарында, 200 мегаватт қуўатлылығына ийе болған жойбар әмелге асырылды. Буның ушын 460 гектар жер майданы ажыратылған. Ҳәзирги күнде 150 мегаватт электр энергиясы ислеп шығарылмақта. Буннан тысқары, соң Паркент районында 500 мегаватт электр энергиясын сақлаў системасы иске қосылады.

Бул ҳәрекетлер нәтийжесинде 130 миллион куб метр тәбийғый газдиң үнемлениўине ерисилип, атмосфераға 180 мың тонна зыянлы газлер шығыўының алды алынады.

Тийкарғы мақсет халық ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў, электр энергиясын ислеп шығарыўда тәбийғый газден пайдаланыўды азайтыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў көлемин кеңейтиў болып есапланады.

БМШ Бас хаткери мәмлекетимизде қуяш ҳәм самал энергетикасын раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар екенин айтып өтти. Бул бағдарда әмелге асырылып атырған ҳәрекетлер климаттың өзгериўине қарсы гүресиў тараўындағы мақсет ҳәм ўазыйпаларға ерисиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш Олий Мажлис Сенатында болды.

Өзбекстанның БМШ ҳәм оның институтлары менен көп тәреплемели бирге ислесиўин және де кеңейтиў, глобаллық сиясат ҳәм регионаллық мәселелер бүгинги күнниң әҳмийетли темасы болып есапланады.

Ушырасыўда Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўға байланыслы, соның ишинде, гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери де додаланды. Кейинги жылларда гендер теңликке ерисиў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, оларға тең имканиятлар жаратыў бағдарында Өзбекстанда системалы жумыслар әмелге асырылып атырғаны, онда БМШтың усыныслары да әҳмийетли орын ийелейтуғыны айрықша атап өтилди.

Атап айтқанда, парламентлераралық қатнасықлар көлеми, гендер теңлик, ҳаял-қызлардың билим алыў ҳуқықлары, глобаллық климат өзгерислери шараятында әмелге асырыў керек болған ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтилди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш пайтахтымыздың Яккасарай районындағы Дилбулақ мәҳәллесинде де болды.

Мәҳәлле миллий қәдириятлар орны болып есапланады. Көплеген қайырқомлық жумыслары, ийгиликли басламалар мәҳәллелерде, халық пенен мәсләҳәтлесилген ҳалда әмелге асырылады.

Жоқары мәртебели мийманға кейинги жылларда бул система басқышпа-басқыш раўажландырылып, енди мәҳәлле жуўапкерлери және де кең имканиятлар менен ўәкилликлерге ийе болғаны ҳаққында сөз етилди.

Мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм профилактика инспекторынан ибарат системаға салықшы ҳәм социаллық хызмет хызметкери де қосылып, «мәҳәлле жетилиги» енгизилгени атап өтилди. Олар өз аймақларында исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлиги ҳәм аўызбиршилигин тәмийинлеў, социаллық-ҳуқықый қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў сыяқлы мәселелерди шешиўде биргеликте жумыс алып баратуғыны атап өтилди.

Усы жерде мәҳәлле халқы, нуранийлер менен сөйлести. Онда мәҳәллениң турмысы, бул жердеги басқарыў системасы ҳаққында сөз болды. Сондай-ақ, аймақтағы киши хызмет көрсетиў ҳәм өндирис объектлериниң жумысы менен танысты.

Дилбулақта 6 мың 700 ден аслам халық жасайды. Мәҳәлледе бақша, шаңарақлық поликлиника, спорт мектеби, саўда, санаат ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары жумыс алып бармақта.

Мәҳәлле уйымы жаңадан қурылған. Көп қабатлы турақ жайлар арасындағы жоллар ҳәм ишки көшелер оңланған. Аймақтан өтиўши салма жағасы тәртипке келтирилип, абат сейил етиў орнына айландырылған. Бағлар, мийўели ҳәм саяманлы тереклер, пиядалар жоллары мәҳәллеге көрик бағышлап тур.

БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш мәҳәлле мәмлекеттиң раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғын сийрек ушырасатуғын институт екенин айрықша атап өтти. Өзбекстанда халықтың турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў ушын бул структура имканиятларынан кеңнен пайдаланып атырғанын жоқары баҳалады.

Соның менен Бирлескен Миллет Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриштиң мәмлекетимизге рәсмий сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары