Кеше Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында хоккей бойынша 18 жасқа шекемги спортшылар арасында Азия ҳәм Океания кубоги старт алды.
Жарыстың дәслепки күнинде әмелдеги чемпион – Өзбекстан U18 сайланды командасы Иранға қарсы өзиниң биринши ойынын өткерди ҳәм өз қарсыласларын 19:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Сондай-ақ, бул турда Таиланд Кувейтти 56:0, Монғолия Ҳиндстанды 32:0, Индонезия Бирлескен Араб Әмирликлерин 5:4 есабында жеңип шығыўға еристи.
Енди мәмлекетимиз сайланды командасы ертең 25-апрель күни Ташкент ўақты менен саат 19:30 да Малайзияға қарсы майданға түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги