Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев атына сырт еллердиң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, халықаралық шөлкемлерден қутлықлаў хатлары келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырзаға Шавкат Мирзиёевқа

 

Қәдирли Президент Мырза!

Америка халқы атынан Мелания ҳәм мен Сизге ҳәм Өзбекстан халқына Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаўларымызды жоллаймыз.

Рамазан айының жуўмақланыўын белгилер екенбиз, қоңсыларға жәрдем бериў ҳәм ҳәр қыйлы исенимге ийе адамлар менен тағамларды бирге татысыўдай ислам дининиң әдалатлы ҳәм мийрим-шәпәәтли болыў сыяқлы муқаддес дәстүрин және де терең аңлаймыз. Рамазан ҳайыты дослықта бир-бирин қоллап-қуўатлаў ҳәм ҳәммениң өз имканиятын толығы менен жүзеге шығара алатуғын жәмийетти қурыў жуўапкершилигин ядқа салады.

Америка Қурама Штатлары көплеген диний исенимлер, соның ишинде, елимиз раўажланыўына үлкен үлес қосқан ҳәм Қураллы Күшлеримизде абыройлы хызмет еткен америкалы мусылманлардың да ели.

Усы пазыйлетли әййямда мен дүньядағы барлық мусылманларға өзимниң ең шын жүректен шыққан қутлықлаўларымды жоллап, келеси жылдағы Рамазан ҳайытын да саў-саламатлықта ҳәм абаданлықта белгилеўди тилеймен. Рамазан ҳайыты мүбәрек болсын!

Ҳүрмет пенен,                                                      Дональд Ж.ТРАМП,

                                                                Америка Қурама Штатлары

                                                                                      Президенти

            *    *   *

 

Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

Қазақстан Республикасының Президенти Нурсултан Назарбаев;

Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов;

Әзербайжан Республикасының Президенти Илҳом Алиев;

Сауд Арабстаны Патшасы, еки мүқәддес мешит хызметкери Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд;

Сауд Арабстаны Патшалығы мийрасхоры, Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, қорғаныў министри Муҳаммад бин Абдулазиз Ол Сауд;

Иордания Хошмийлер Патшалығы патшасы Абдулла Екинши бин ал-Ҳусайн;

Палестина Мәмлекети Президенти, Палестина Азатлық шөлкеми Атқарыў комитетиниң баслығы Маҳмуд Аббос;

Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Юсуф ал-Усаймин.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.