Японияның NHK телерадиокомпаниясы өз сайтына Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде туризмди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери ҳаққында материал орналастырды.

Төменде усы материалдың тексти берилмекте:

«Өзбекстан әййемде Уллы Жипек жолының тийкарғы халықаралық транзит орайы болған.

Бүгин ел ашық ҳәм жақын қоңсышылыққа тийкарланған сыртқы сиясат жүргизип атырғаны нәтийжесинде туристлердиң ағымы көбеймекте.

Ҳүкимет туризм тараўына елимиз экономикасының тийкарғы ҳәрекетлендириўши күши ҳәм стратегиялық тармағы сыпатында қарамақта. Туристлик инфраструктураны модернизациялаўда үлкен жетискенликлер бақланбақта. Инвесторлар мийманхана инфраструктурасын раўажландырыў ушын субсидиялар, сондай-ақ, мебель ҳәм үскенелерди импорт етиўде нәзерде тутылған салық жеңилликлерин алыў имканиятына ийе болмақта.

Самарқанд Уллы Жипек жолының кесилиспесинде жайласқан тийкарғы орай сыпатында танылған қала.

– Кейинги ўақытларда қаламызға Тәжикстаннан көплеген мийманлар келмекте, – дейди сатыўшы Суннат Мўминов. – Нәтийжеде исбилерменлик раўажланбақта, бул қуўанышлы жағдай. Елимизге пүткил дүньядан келетуғын туристлер ағымы еле де артатуғынына исенемен.

Сырт елли туристлердиң атап өтиўинше, Өзбекстанның дыққатқа ылайық орынлары, сулыў тәбияты бар. Бирақ оларды бәринен бурын елимиздиң бай архитектуралық естеликлери өзине тартады.

Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жақын үш жылда туристлердиң санын еки есеге арттырыўды мақсет еткен.

Өзбекстан 2017-жылы еки ярым миллионнан аслам туристти қабыл етти, бул  алдыңғы жылға салыстырғанда 25 процентке көп.

Ол раўажланып атырған перспективалы хызмет көрсетиў тараўы ушын бираз жоқары пәт болып табылады.

ӨзА