Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында бәҳәрги егис мәўсимин шөлкемлестириў ҳәм шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Ташкент ўәлаятында терек егиў бойынша басланған жойбарға бола, Нурафшон, Бекабад қаласы, Орташыршық, Ташкент ҳәм Аҳангаран районлары аймағынан 34 гектар жер 30 жыл мүддетке абаданластырыў басқармасына бериледи. Ҳәр 1 гектар ушын жергиликли бюджеттен 100 миллион сум ажыратылып, тамшылатып суўғарыў системасы енгизиледи. Жер таяр ҳалға келтирилип, терек егиў тилеги бар халыққа өзи қәлеген түрдеги нәлди егиўи ушын шараят жаратылады.
Бул баслама мақулланып, ҳәр бир ўәлаят кеминде 20 гектардан жер ажыратып, усы тәжирийбени баслаў тапсырылды. Ўәлаят орайлары, Ташкент ҳәм Нөкис қалаларындағы кеминде 2 орайлық көшеге жергиликли климатқа бейим гүл нәллерин егип, оларды тематикалық көшеге айланырыў әҳмийетли екени атап өтилди.
ӨзА