Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте Наманганда бар потенциал толық иске қосылмай атырғаны ушын жуўапкер комплекслер ҳәм ўәлаяттағы басшылар сынға алынды.

Ўәлаят экспортының 86 проценти тоқымашылық ҳәм мийўе-овощ жетистириў үлесине туўра келеди. Мыңбулақ ҳәм Касансайда бир гектардан алынатуғын дәрамат ўәлаят көрсеткишинен 2 есеге аз. Халыққа берилген 16 мың гектардан 3,5 гектары бос тур. Поп, Чартақ, Нарин ҳәм Янгиқўрғонда санаатласыў дәрежеси төмен.

Жуўапкерлер ҳәр бир кәрхана, исбилермен ҳәм шаңарақ пенен тығыз ислесиў зәрүр екени көрсетип өтилди. Сайхунабад мысалында Уйчи районындағы 56 мәҳәлледе жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў, қыйтақ жерден 60-70 миллион сум дәрамат алыў бойынша үлги жаратыў тапсырылды.

ӨзА