Көп миллетли халқымыздыӊ ана ўатан ҳәм тәбиятқа меҳир-мухаббат ҳәм ғамқорлық, жақсылық ҳәм кеӊ пейиллик, раўажланыўға умтылып, дослық ҳәм татыўлықта жасаў, тынышлық ҳәм абаданлықтыӊ қәдирине жетиў сыяқлы адамгершилик қәдириятларын өзинде жәмлеген әййемги байрам – Наўрыз мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық шөлкемлердиӊ басшылары, белгили жәмийетлик ғайраткерлерден қызғын қутлықлаўлар келмекте.

Сырт ел жетекшилери ҳәм бирге ислесиўшилер мәмлекетимиздеги халықтыӊ турмыс дәрежеси ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған артқа қайтпайтуғын сиясий жаӊаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды жоқары баҳалап, оларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиздиӊ халықаралық майдандағы абырайы сезилерли дәрежеде беккемленгенин атап өтип, Өзбекстан халқына даўамлы раўажланыў тилеклерин билдирмекте.

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Сизге Қытай календары бойынша Жаӊа жыл мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаў хатыныз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдириўге, Қытай ҳүкимети ҳәм халқы атынан, жеке өзимниӊ атымнан Сизди ҳәм Өзбекстан халқын дәтүрий байрамыӊыз – Наўрыз бенен шын кеўилден қутлықлаўға рухсат еткейсиз.

Жақында Қытайға әмелге асырған мәмлекетлик сапарыӊыз даўамында биз мазмунлы ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер өткерип, Қытай менен Өзбекстан арасында барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти раўажландырыўымыз ҳәм Қытай-Өзбекстан улыўмалық тәғдир жәмийетшилигин жоқары исеним менен қуратуғынымызды жәрияладық, бул болса еки мәмлекеттиӊ түрли тараўлардағы бирге ислесиўи ушын жаӊа тарийхый  имканиятларды ашады.

Мен Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратаман ҳәм халықларымыздыӊ дәстүрий дослығын беккемлеў, Қытай-Өзбекстан улыўмалық тәғдир жәмийетшилигин қурыўды үлкен әмелий мазмун менен байытыў ушын қарай мәмлекетлеримиз модернизациясына жәрдемесиў мақсетинде көп тәреплемели ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеӊейтиў бағдарында Сиз бенен бирге ислесиўге таярман.

Сизге беккем денсаўлық ҳәм жумысыӊызда табыслар, дос Өзбекстан халқына ығбал-бахыт ҳәм абаданлық тилеймен.

Си ЦЗИНЬПИН,

Қытай Халық Республикасы Баслығы

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Қурама Штатлар халқыныӊ атынан Сизге ҳәм Өзбекстан халқына ояныў ҳәм жаӊаланыў елшиси – Наўрыз әййямы мүнәсибети менен еӊ жақсы тилеклеримизди жолламақтаман.

Өткен жыл даўамында биз Орайлық Азия ҳәм оннан тысқарыда тынышлық ҳәм абаданлықты тәмиийнлеў ушын халықларымыз бенен дослық ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеў бағдарында бирге ислестик. Қурама Штатлар усы жаӊа имканиятлар дәўиринде Өзбекстанныӊ реформалар ҳәм раўажланыў жолын қоллап-қуўатлайды. Мен халықларымыз ҳәм дүньядағы барық инсанларға еле де жақсы келешек қурыў жолында мәмлекетлеримиздиӊ бирге ислесиўи ушын жаӊа имканиятларды интизарлық пенен күтемен.

Наўрыз мүбәрек!

Ҳүрмет пенен,

Жозеф БАЙДЕН,

Америка Қурама Штатлары Президенти

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракотуҳу,

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы Мәртебели мырзаға қызғын қутлықлаўлар ҳәм жақсы тилеклеримизди жоллаўдан оғада миннетдармыз.

Пурсаттан пайдаланып, Алла тааладан Сиз, Уллы Мәртебели мырзаға беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстан халқына раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп қаламыз.

Уллы Мәртебели мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Салмон бин Абдулазиз Ол САУД,

Саудия Арабстаны Патшасы

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракотуҳу,

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы Мәртебели мырзаға қызғын қутлықлаўлар ҳәм жақсы тилеклерди жоллаўдан оғада миннетдарман.

Сиз, Уллы Мәртебели мырзаға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, Өзбекстан Республикасы ҳүкимети ҳәм халқына болса жоқары раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп қаламан.

Сиз, Уллы Мәртебели мырзаға болған шын жүректен тилеклеримди ҳәм жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Муҳаммад бин Салмон бин Абдулазиз Ол САУД,

Саудия Арабстаны Мийрасхоры, Министрлер Кабинети Баслығы

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Уллы мәртебели Президент Шавкат Мирзиёев, әзиз туўысқаным!

Ҳәр жылы тәбияттыӊ жанланыўы ҳәм топырақтыӊ ояныў тымсалы болған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы Мәртебели мырза ҳәм дос ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына еӊ қызғын қутлықлаўларымды жоллаўдан оғада қуўыншлыман.

Әсирлер басына сүйене таянаттуғын әййемги дәстүр болған Наўрыз бизлерге үмит ҳәм берекетке толы күнлер ҳаққында сүйинши келтирмекте. Улыўмалық мәдениятымыздыӊ әҳмийетли бөлеги болған бул гөззал күнлерде дослық ҳсм туўысқанлық қатнасықларамыздыӊ және де күшейиўине исенемен.

2024-жыл бизлер ушын жаӊа имканиятлар ҳәм табыслар алып келетуғын жыл болыўына үмит етемен.

Мәмлекетлеримиз арасындағы байланыслар барған сайын беккемленип, раўажланыў ҳәм улыўмалық мақсетлеримизге биргеликте ерисиў жолында және де көбирек бирге ислесе алатуғынымызды нийет етип, Сиз, Уллы Мәртебели мырзаға, дос ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм аманлық тилеп қаламан.

Тереӊ ҳүрмет пенен,

Режеп Таййип ЭРДОҒАН,

Түркия Республикасы Президенти

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Бәршемиз ушын ортақ болған бәҳәр әййямы Наўрыз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымызды қабыл еткейсиз.

Наўрыз байрамы тынышлық-қәтержамлық ҳәм татыўлықтыӊ басланыўы, жақсылық ҳәм раўажланыў хабаршысы сыпатында туўысқан халықларымыз тәрепинен айрықша ҳүрметленеди, қайырлы нийетлер ҳәм үлкен үмитлер менен күтип алынады. Бул пайызлы әййям улыўмалық тәғдирлер менен байланысқан халықларымыздыӊ турмысын нурға толтырсын, қут-берекет ҳәм шадлық алып келсин.

Мәмлекетлеримиз арасындағы беккем дослық ҳәм жақсы қоӊсышылыққа тийкарланған стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары жақын халықларамыздыӊ мәплери жолында жедел раўажланыўда даўам ететуғынына исенимим кәмил.

Усы қутлы күнде Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысыӊызда жаӊа табыслар, Өзбекстанныӊ ҳәр бир шаӊарағына бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Қасым-Жомарт ТОҚАЕВ,

Қазақстан Республикасы Президенти

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди бәҳәрдиӊ қутлы байрамы – Наўрыз бенен қутлықлайман.

Әсирлер асып даўам етип киятырған улыўмалық дәстүримиз, бәҳәр ҳәм жаӊа өмир елшиси, туўысқанлық ҳәм тилеклеслик белгиси болған бул әййям мәмлекетлеримизди жарқын етип, шадлық ҳәм раўажланыў алып келсин.

Усы пайызлы байрам мүнәсибети менен Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық ҳәм үлкен бахыт, тилеклес Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм барлық жақсылықларды тилеп қаламан.

Еӊ жақсы тилеклер менен,

Нурсултан НАЗАРБАЕВ,

Қазақстан Республикасыныӊ Биринши Президенти

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Наўрыз байрамы менен Сизди ҳәм пүткил Өзбекстан халқын шын кеўилден қутлықлайман.

Әййемги Наўрыз жаӊаланыў ҳәм дөретиўшилик, тынышлық ҳәм татыўлыққа умтылып жасаўды сәўлелендирип, туўысқан халықларымыздыӊ улыўмалық келип шығыўын ҳәм еӊ үлгили қәдириятларын сәўлелендиреди, жақсы қоӊсышылық ҳәм өз-ара ҳүрмет беккемлениўине тийкар жаратады.

Исенимим кәмил, келешектеги еки тәреплеме илажлардыӊ нәтийжелери мәмлекетлеримиз арасындағы сиясий байланыстыӊ жоқары дәрежесин және бир мәрте тастыйықлайды ҳәм көп тәреплемели Қырғызстан – Өзбекстан бирге ислесиўиниӊ нәтийжели раўажланыўы ҳәм беккемлениўине хызмет етеди.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизга беккем денсаўлық, мәмлекетшилик жумысларыӊызда табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық, парахатшылық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Садир ЖАПАРОВ,

Қырғыз Республикасы Президенти

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди ҳәм Сиз арқалы дос Өзбекстан халқын халықаралық Наўрыз – бәҳәрги теӊ күнлик байрамы менен қутлықлаў маған үлкен қатнаатланыўшылық бағышлайды. ата-бабаларымыздыӊ бул әййемги байрамы мүнәсибети менен еӊ жақсы ҳәм қызғын қутлықлаўларымды қабыл етиӊ.

Мыӊ жыллар даўамында инсанияттыӊ жолын жарытып киятырған еӊ уллы байрамлардан бири болған Наўрыздыӊ әзелий үрип-әдетлери ҳәм бай философиясы пүткил адамзат турмысына өзгеше көриик бағышламақта.

Усы бәҳәр байрамы тийкарында жатырған улыўмаинсаныйлық қәдириятлар ҳәм мәӊғи идеялар жаӊа өмир басланыўы, тәбияттыӊ ояныў белгиси, кеӊпейиллик ҳәм өз-ара түсиниў салтанаты сыпатында буннан былай да бизлерге тиклениў ҳәм раҳажланыў, тынышлық ҳәм қәтержамлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге қарай жол көрсетип турады.

Пайызлы Наўрыздыӊ ийгиликли дәтүрлерине муўапық, бизиӊ ис-ҳәрекетлеримиз бенен стратегиялық шериклигимиз ҳәм аўқамласлығымыз шеӊберинде мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоӊсышылық қатнасықлары ҳәм өз-ара пайдалы көп қырлы бирге ислесиў раўажланыўында ҳәм кеӊейиўинде даўам ететуғынына исенемен.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар, тилеклес Өзбекстан халқына болса тынышлық ҳәм турақлылық, абаданлық, раўажланыў тилеймен.

Наўрыз мүбәрек!

Ҳүрмет пенен,

Эмомали РАҲМОН,

Тәжикстан Республикасы Президенти

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди ҳәм Өзбекстан Республикасыныӊ туўысқан халқын халықаралық Наўрыз байрамы менен қызған қутлықлайман!

Дүньяныӊ көплеген мәмлекетлеринде белгиленетуғын бул әййям бәҳәрдиӊ басланыўы ҳәм тәбияттыӊ ояныў белгиси. Наўрыздыӊ ийгиликли дәстүрлери ҳәм үрп-әдетлери бүгин оғада үлкен әҳмийетке ийе аўызбиршилик ҳәм өз-ара түсиниўди алға қойыўға, халықлар арасында тынышлық ҳәм дослықты беккемлеўге хызмет етпекте.

Усы әййям күнлеринде Сизге ҳәм мәмлекетиӊиздиӊ халқына бахыт-ығбал, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Тереӊ ҳүрмет пенен,

Сердар БЕРДИМУҲАМЕДОВ,

Түркменстан Президенти

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Халықаралық Наўрыз әййямы кирип келиўи мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларым ҳәм еӊ жақсы тилеклеримди қабыл етиӊ!

Наўрыз байрамы инсанияттыӊ тынышлық, татыўлық ҳәм дослық сыяқлы мәнги қәдириятларын сәўлелендиреди. Мыӊ жыллар даўамында қәлиплескен уллы дәстүрлерди өзинде жәмлеген Наўрыз жоқары адамгершилик ҳәм мийнет сүйиўшилик принциплери салтанатын көрсетип, тытыўлық, мийрим-шәпәәт ҳәм тынышлық-татыўлыққа умтылып жасаўға шақырады.

Усы пайызлы байрам Сизге ҳәм мәмлекетиӊиз халқына тынышлық-абаданлық, шадлық ҳәм жаӊа табыслар алып келсин!

Тереӊ ҳүрмет пенен,

Гурбангули БЕРДИМУҲАМЕДОВ,

Түркмен халқыныӊ миллий жетекшиси,

Түркменстан Халық Кеӊеси Баслығы

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Әзиз туўысқаным!

Сизге ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасымызды қәстерлеп сақлап киятырған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды жоллаў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Ана тәбиятқа шексиз меҳир-мухаббаттиӊ жарқын көриниси болған Наўрыз жоқары қәдириятларды өзинде жәмлейди ҳәм адамларды бир-бирине жақынластырады. Бәҳәрги кейпиятты бөлисетуғын Наўрыздыӊ әййемги дәстүрлерине садықлық бай мәдений мийрасымызға ҳүрметимиздиӊ көриниси де.

Бай ағартыўшылық мийрастыӊ мийрасхорлары болған туўысқан халықларымыз абаданлығы жолында шериклигимиз ҳәм татыўлығымызды қәстерлеў ҳәм турақлы беккемлеў мақсетинде биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримизди нәтийжели даўам еттириўимизге исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, мениӊ Әзербайжан Республикасы президентлигине қайта сайланғанлығым менен жоллаған қызғын қутлықлаўларыӊыз ҳәм жақсы тилеклериӊиз ушын Сизге миннетдаршылық билдиремен. Туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықларын раўажландырыў ҳәм барлық тараўларда бирге ислесиўимизди тереӊлестириў бойынша турақлы ҳәм исенимли ис-ҳәрекетлериӊизди жоқары қәдирлеймен, арамыздағы жеке қатнасықларды ҳәм дослығымызды бәрқулла ардақлайман.

Усы пайызлы күнлерде Сизге ҳәм шаӊарақ ағзаларыӊызға беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстан Республикасыныӊ раўажланыў жолындағы жоқары мәмлекетшилик жумысыӊызда табыслар тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Илҳом АЛИЕВ,

Әзербайжан Республикасы Президенти

***

Уллы мәртебели мырза Өзбекстан Республикасы

Президенти Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракотуҳу,

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз Уллы Мәртебели мырзаға қызғын қутлықлаў ҳәм тилеклеримди билдирип, Сизге жыл даўамында абаданлық ҳәм қайыр берекет тилеўден миннетдарман.

Дос мәмлекетиӊиз ҳәм халқыӊыздыӊ тынышлығы ҳәм раўажланыўы жолындағы барлық арзыў-нийетлериӊиз ҳәм умтылсларыӊыз әмелге асыўын сорайман.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз Уллы Мәртебели мырзаға ҳәм шаӊарағыӊызға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм Алла Таала Сизлерди өз панайында сақлаўын тилеп қаламан.

Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол МАКТУМ,

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти,

Бас министри, Дубай әмирлиги ҳәкими

Сондай-ақ,

Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий,

Пакистан Республикасы Президенти Асиф Али Зардорий,

Түркий мәмлекетлер шөлкеми бас хаткери Кубаничбек Омуралиев,

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми бас хаткери Чжан Мин,

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми бас хаткери Ҳусрав Нозирий

ҳәм басқалар қутлықлаў жоллаған.

Қутлықлаўлардыӊ келиўи даўам етпекте.