22-24-март күнлери Грузия пайтахты Тбилиси қаласында дзюдо бойынша Үлкен Дубылға турнири болып өтти.
Улыўма сыйлық қоры 154 000 евроны қураўшы бул абырайлы жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнасты ҳәм онда еки гүмис медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Атап айтқанда, сайланды команда қурамында қатнасқан қарақалпақстанлы Шарофиддин Болтабоев -81 кг салмақта финалға шекем жетип келип, алтын медаль ушын беллесиўде россиялы Тимур Арбузовқа жеңилип қалды.
Сондай-ақ, бул жарыста -66 кг салмақта қатнасқан Сардор Нуриллаев та гүмис медаль ҳәм Париж-2024 Олимпиадасына жоллама бериўши рейтинг упайларын қолға киргизди.
Ал, -100 кг салмақ категориясында қатнасқан жас палўанымыз Ерназар Сарсенбаев шерек финалда еки мәрте жәҳән чемпионы ҳәм соңын ала усы турнирдиң алтын медалын жеңип алған Испания сайланды командасы ағзасы Николоз Шеразадишвилиге жеңилип қалды. Буннан соң ярым финалға шығыў ушын өткерилген беллесиўде болса, қазақстанлы Ислам Бозбаевқа да уттырып қойды.
Әлбетте, бул абырайлы жарыста Ерназар Сарсенбаев медаль қолға киргизбегени менен, дүньяға белгили дзюдошылар менен беллесип, өзи ушын үлкен тәжирийбе топлаўға еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги