Наўрыз байрамы күнлеринде Берунийде районлар аралық Перинатал орайының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығы менен социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде оғада көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Усы жумыслардың даўамы сыпатында Беруний районында да быйылғы жылда 86 объектте 154,2 миллиард сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген. Соныӊ ишинде районлар аралық Перинатал орайының имаратында 7 миллиард сум қаржы тийкарында реконструкция жумыслары әмелге асырылды. Нәтийжеде, 100 ге шамалас туўыў жасындағы ҳаялға, соның ишинде аналар менен балалар ушын барлық қолайлы шараят жаратылды.
Бул орай Елликқала, Төрткүл ҳәм Беруний районлары халқының ийгилиги ушын хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги