Президент Шавкат Мирзиёев 18-март күни Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигинде болып, тараўдағы режелердиӊ көргизбеси менен танысты.
Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы бул агентлик өсимликлер карантини, оны қорғаў ҳәм агрохимия тараўларында мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланады. Усыған муўапық, топырақ, төгинлер ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниӊ қурамын таллайды, зыянлы организмлер кирип келиўи ҳәм тарқалыўына қарсы гүресип, фитосанитариялық таза өнимлер жетистирилиўин тәмийинлейди.
Соӊғы жыллары тараўда 7 жаӊа мәмлимлеме системасы енгизилип, 40 бағдар санластырылды. Халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтларыныӊ 20 миллион долларға шамалас грант қаржылары тартылып, лаборатория ҳәм үскенелер жаӊаланды. Аймақлардағы стационар ҳәм мобиль лабораториялар арқалы 1 миллион 40 мыӊ гектар жердиӊ топырағы талланып, минерал төгинлерди қолланыў нормалары илимий тийкарда белгиленди ҳәм “uzagrolab.uz” бағдарламасына киргизилди. Ондағы мағлыўмат ҳәм усыныслар арқалы фермерлер атыз ҳәм бағларды анық қайта ислемекте.
Бундай илажлар мийўе-овощларымыздыӊ сапасы ҳәм қәўипсизлигинде әҳмийетли дәрек болмақта. Бүгинги күнде 80 мәмлекетте аўыл хожалығы өнимлериниӊ экспорты ушын 620 фитосанитариялық рухсатлар алынған. “GSP+” системасы шеӊберинде 200 мыӊ гектар майдан халықаралық талапларға бейимлестирилди. 2023-жылы аўыл хожалығы тараўындағы экспорт дерлик 2 миллиард доларды қураған. Бирақ, негизинде экспорт потенциалы буннан әдеўир көп.
Усы жылы 18-январь күни экспорт ҳәм санаат мәселелери бойынша болып өткен видеоселектор мәжилисинде мийўе-овощ жетистириў тараўындағы илажлар да белгиленген еди. Атап айтқанда, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигине экспортқа бейим өнимлер егилиўин шөлкемлестириў ҳәм жаӊа потенциалы базарлар табыў бойынша ўазыйпа қойылған еди.
Презентацияда усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.
Жойбарлардан бири “Агрокўмакчи” мобиль қосымшасы болып, онда өсимликлерди қорғаў, бул тараўдағы хызметлер, пайдалы мағлыўматлар, экспорт бойынша мәсләҳәтлер менен танысыў мүмкин.
Asiaexport.sе платформасы болса мәмлекетимиздеги экспортшылар менен сырт елдеги сатып алыўшыларды өз-ара байланыстырады. Онда тек мийўе-овощлар ҳәм кептирилген мийўелер ғана емес, ал шербетлер, үй-руўзыгершилик буйымлары, кондитерлик, тоқымашылық, териши ҳәм фармацевтика өнимлери сыяқлы кеӊ түрдеги товарлар ҳаққында мағлыўматлар жайластырылады.
Агентликтиӊ халықаралық ePhyto solution инновациялық система шеӊбериндеги бирге ислесиўи ҳаққында да мәлимлеме берилди. Бул система арқалы 119 мәмлекет пенен фитосанитариялық сертификатлар электрон формада алмастырылмақта. Усы жылы және 8 мәмлекетте 25 түрдеги өним бойынша фитосанитариялық рухсатнама алынады.
Усындай илажлар нәтийжесинде быйыл аўыл хожалығы өнимлери экспортын 3,5 миллиард долларға жеткериў мөлшерленген.
Мәмлекетимиз басшысы буныӊ ушын, бәринен бурын, экспортқа қолайлы өнимлерди көбейтиў, фермер ҳәм дийқанлардыӊ хабардарлығын арттырыў зәрүр екенин атап өтти.
– Бул тараўда ҳуқықый тийкар бар, көп мәмлекетлер менен келисимлерге ерискенбиз. Бирақ, экспортшылар өнимлерин қыйыншылық пенен сатып атыр. Соныӊ ушын экспортшылар менен турақлы “байланыс майданы”н шөлкемлестириў керек. Ҳәкимлер аймақта жетистирилип атырған өнимлер, елшилер сыртқы базардағы талап ҳәм баҳалар менен экспортшыларды таныстырып барыўы зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.
Президентимиз мийўе-овощларды қадақлаў мәселесине айрықша итибар қаратты.
– Қадақлаў халықаралық стандарталарға сай, заманагөй дизайн, санаатласқан тәризде болыўы керек. Сонда сапа болады, миллий бренд жаратылады, қосымша қун да жоқары болады. Соныӊ ушын, экспортшыларға дурыс, тәртипли ҳәм шырайлы қадақлаўды үйретиў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Өним жарамсыз болып қалмаўы, экспортқа сапасыз өним қосылып кетпеўи ушын системалы ислесиў әҳмийетли екени айтылды.
– Бул бағдарда да кластер системасы болыўы керек. Билимлендириўден баслап, өнимлерди егиў, төгин бериў, терип алыў, сайлап алыўға шекемги болған барлық басқышларды өз-ара муўапық ҳәм жоқары сапада жолға қойыў зәрүр, – деди Президент.
Министрлер Кабинетине усы системаны жетилистириў ҳәм экспортты режели шөлкемлестириў ушын 3 жыллық бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Халықаралық бирге ислесиўди кеӊейтиў арқалы экспорт баҳаларын салыстырмалы қымбат базарларға бағдарлаў ҳәмийетли екени айтылды.
Мәмлекетимиз басшысы агентликтиӊ заманагөй лабораториясы менен танысты. Лабораторияныӊ илимий потенциалын арттырыў, дүньядағы илимий жетискенликлерди өзлестирип, тараўға тийисли уйымларда жедел ен жайдырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Усы жерде агрохимия системасында қолланылып атырған техника ҳәм үскенелер де көрсетилди.
Атап өтилгениндей, сырт елден жоқары нәтийжели энтомофаглар алып келинип, зыянкеслерге қарсы жаӊа түрде гүрес жолға қойылған. Тәжирийбели экспертлерди тартқан ҳалда ҳәр бир өнимди жетистириў, сақлаў, қадақлаў ҳәм жеткерип бериў бойынша қолланбалар ислеп шығылған. 10 биргеликтеги лаборатория шөлкемлестирилген.
Быйыл аймақларда 10 биргеликтеги лаборатория шөлкемлестириледи. 6 мыӊ бағ, 3 мыӊнан аслам жүзим бағ ҳәм дала майданлары , 344 қадақлаў кәрханасы сырт ел фитосанитария талапларына муўапықластырылады. Пестицидлер машқаласындағы барлық процесслер санластырылып, сапасыз пестицидлердиӊ мәмлекетимизге алып келиниўи ҳәм нызамсыз саўдасы сапластырылады.
Президент системадағы қәнигелердиӊ маманлығын арттырыў, агентлик хызметлериниӊ ҳәм бир фермер ҳәм қыйтақ жер ийелерине жетип барыўын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА