Олий Мажлис Сенаты баслығының биринши орынбасары С.Сафоев Польша Республикасы мәденият ҳәм миллий мийрас министриниң орынбасары Б.Желазовска басшылығындағы парламент делегациясы менен ушырасты.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Польша қатнасықларының жағдайы ҳәм оларды раўажландырыў перспективалары, атап айтқанда, парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў, оны жаңа мазмун менен байытыў, нызам дөретиўшилиги ҳәм парламент қадағалаўы тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыўды жеделлестириў мәселелери додаланды.
Мийманларға Президент Ш.Мирзиёевтиң басшылығында халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, социаллық инфраструктураны жетилистириў, мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған социаллық-экономикалық реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Польша тәрепи Өзбекстанда демократиялық мәмлекет тийкарларын беккемлеў ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады.
Сәўбет даўамында еки тәреплеме парламентлераралық сөйлесиў избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекетлеримиз нызам шығарыўшы уйымлар арасында өз-ара пайдалы тараўларда бирге ислесиўди жеделлестириўде қызығыўшылық билдирди.
Аймақлараралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери де көрип шығылды.
«Варшава – Ташкент – Варшава» тиккелей авиақатнаўының ашылыўы Польша тәрепи ушын да оғада узақ күтилген ўақыя екени айрықша атап өтилди.
Тәреплер туризм тараўындағы бирге ислесиў ушын үлкен потенциал бар екенин атап өтип, еки мәмлекет пайтахтлары арасында турақлы авиақатнаўлар жолға қойылғаны исбилерменлик байланысларын кеңейтиўге, өз-ара туристлик ағымын арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы