Президент Шавкат Мирзиёев 12-март күни усы жылғы турақ жайлар ҳәм “Жаӊа Өзбекстан” массивлери қурылысы бойынша мәжилис өткерди.
Халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў мақсетинде барлық аймақларда жаӊа турақ жайлар қурылмақта. Соныӊ менен бирге, адамлардыӊ сатып алыў имканиятларын кеӊейтиў ушын төрт жыл алдын ипотека системасыныӊ базар принциплерине тийкарланған жаӊа тәртиби енгизилди. Оған муўапық, өткен дәўирде барлық дәреклерден 100 триллион сум қаржы қаратылды. Олардыӊ есабынан аймақларда 6 мыӊ көп қабатлы жайлар қурылып, 250 мыӊ шаӊарақ жаӊа баспанаға ийе болды. Дәраматы жоқары болмаған 45 мыӊ шаӊараққа басланғыш төлем ҳәм процент төлеми ушын 2,4 триллион сумлық субсидиялар берилди.
Атап айтқанда, өткен жылы мәмлекетимиз бойынша 85 мыӊ яки 2022-жылға салыстырғанда 1,5 есеге көп жай қурылды. Халыққа 17 триллион сумлық ипотека кредитлери ажыратылды.
Халық саныныӊ өсиўин есапқа алып, бундай жумыслар избе-из даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, усы жылғы бағдарлама шеӊберинде 100 мыӊ турақ жай қурыў режелестирилген.
Мәжилисте усы бағдардағы илажлар додаланды.
Дәслеп жаӊа жайлардыӊ сатыў баҳасы ҳәм сапасына итибар қаратып, сәйкес келмеўшиликлер көрсетип өтилди. Жуўапкерлерге қурылыстыӊ өзине түсер баҳасын пәсейтиў ҳәм жйлардыӊ сапасын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди. Усы мақсетте, усынысты көбейтиў ушын көп қабатлы турақ жайлар қурылысына қосымша жерлер аукционға шығарылыўы белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы бул тараўда халық ҳәм қурылысшылар ушын бир қатар жаӊа имканиятлар берилетуғынын мәлим етти.
Быйыл ипотеканы қаржыландырыў ушын барлық дәреклерден 22,5 триллион сум қаратылады. Атап айтқанда, ипотека кредитлери ушын шама менен 10 триллион сум, дәраматы жоқары болмаған 20 мыӊ шаӊараққа басланғыш төлем ҳәм процент төлемин қаплаў ушын 2,3 триллион сум бериледи.
Жумысты бөлип алып ислейтуғын шөлкемлердиӊ айланба қаржысын көбейтиў ушын 500 миллиард сум ресурс қаратылады. Онда жыллық 16 процент ставкада 12 айлық жеӊилликли дәўир менен 18 айға жеӊилликли кредитлер ажыратылады.
Бул мақсетлерге банклер де өз қаржыларын киргизеди.
Қурылыс жумыслары ҳәм халықтыӊ турақ жай сатып алыўы ушын да қосымша жеӊилликлер жаратылады. Атап айтқанда, енди 5 қабатлы жайларды қурыўға кеминде “қанаатландырарлы” ҳәм 9 қабатлы жайларға “орташа қанаатландырарлы” рейтингине ийе болған жумысты бөлип алып ислейтуғынлар тартылады. Бул –қосымша 2 мыӊға шамалас жумысты бөлип алып ислеўшиге жол ашып береди.
Турақ жайлар қурылысында “жасыл” стандарт енгизиледи. Сол тийкарда қурылатуғын жай ушын жумысты бөлип алып ислеўшилерге кредитлер бир процент төмен, яғный 15 процент ставкада бериледи.
Жумысты бөлип алып ислеўшилерге кредитлер бойынша кепиллик бериў ҳәм процент қәрежетиниӊ бир бөлегин қаплаўға Исбилерменлик компаниясы тәрепинен 200 миллиард сум қаратылады. Жай қурылысы ушын арнаўлы техникалар импорты бойынша берилген бажыхана жеӊиллиги және бир жылға созылады.
Ендигиден былай ипотека кредитлери бойынша гиреўге алынатуғын жайды қамсызландырыў талабы бийкар етиледи.
Кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына кирген ҳәм турақ жайы ашынарлы жағдайдағы шаӊарақларға, “мәҳәлле жетилиги” усынысы тийкарында, өз ҳәўлисинде жай салыў ҳәм оӊлаўға 120 миллион сумға шекем ипотека кредитин ажыратыў жолға қойылады. Онда кредиттиӊ 15 проценти ҳәм дәслепки бес жылда процент ставкасыныӊ 6 процентке шекем бөлими бюджеттен қаплап бериледи.
Халыққа усы бағдарда жәрдемлесиўге Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы әҳмийетли орын тутады. Өткен үш жылда оныӊ кредит портфели 3 триллион сумнан артты. Бул компанияныӊ устав капиталын 100 миллион долларға жеткериў, сырт ел қаржыларын тартыўды кеӊейтиў ўазыйпасы белгиленди.
Мәжилисте “Жаӊа Өзбекстан” массивлерин қурыў мәселелери де көрип шығылды.
Бүгинги күнде аймақларда 38 массивтиӊ қурылысы басланды. Усы жылы және 17 массив қурылыўы нәзерде тутылған.
Бирақ, айырым орынларда кешигиў жағдайлары бар. Мысалы, Сурхандәрья, Әндижан, Ташкент, Самарқанд, Сырдәрья ўәлаятларында қурылыс жумыслары артта қалмақта.
Соныӊ ушын ҳәр бир массив кесиминде мәнзилли дизимди тастыйықлап, қурылыс жумысларын жеделлестириў бойынша көрсетпелер берилди. Мәмлекетимиз басшысы онда тийкарғы талаплар – сапа, мүддет ҳәм өзине түсер баҳасы екенлигин атап өтти.
Айырым инсапсыз қурылысшылар сатып алыўшылардыӊ исениминен пайдаланып атырғаны атап өтилип, үлеслилик тийкарында турақ жай қурыўда халықты қорғаў системасын күшейтиў зәрүр екени атап өтилди. Сондай-ақ, жер аукционында қатнасатуғын қурылыс ҳәм жумысты бөлип алып ислейтуғын шөлкемлеридиӊ қаржы потенциалына минимал талаплар енгизетуғыны белгиленди.
Айырым аймақлардағы ески үйлер реновация тийкарында жаӊаланып, адамларға заманагөй шараятлар жаратылатуғыны атап өтилди.
Бас министрдиӊ орынбасары ҳәм ўәлаят ҳәкимлери қурылыс жумысларын шөлкемлестириў режелери бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА