Кеше футбол бойынша Азия чемпионлар лигасында Саудия Арабстанының «Ал-Насср» ҳәм Бирлескен Араб әмирликлериниң «Ал-Айн» клублары арасында шерек финалдың жуўап ойыны болып өтти.
Ушырасыўдың 28-минутында «Ал-Айн» футболшысы Раҳими есапты ашқан болса, 45-минутта Раҳими және бир мәрте «Ал-Насср» дәрўазасын анық нышанға алыўға еристи.
1-тайм ақырында Саудия клубы футболшысы Ғариб арадағы есапты қысқартыўға еристи.
Екинши тайм басында «Ал-Айн» ағзасы Эйса күтилмегенде өз дәрўазасына гол урып, есапты 2:2 болыўына себепши болды.
72-минутта Теллес «Ал-Айн» дәрўазасына гол урып, «Ал-Насср»ды есапта алдыға алып шықты. Ойынның қалған минутларында есап өзгерместен қалды ҳәм ушырасыўға қосымша таймлар қосып берилди.
Онда «Ал-Айн» ағзасы Султон өз командасының үшинши голын урыўға миясар болды.
Ал, ушырасыўдың 118-минутында «Ал-Насср» жетекшиси Криштиану Роналду пенальти ислеп алды ҳәм оны өзи анық әмелге асырды ҳәм жеңимпаз команда пенальтилер сериясында анықланды.
Бунда «Ал-Айн» клубы 3:1 есабында жеңиске ерисип, ярым финал жолламасын қолға киргизиўге еристи.
Усы жерде мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, «Ал-Айн» бул турнирдиң 1/8 финалында Қаршының «Насаф» клубын да пенальтилер сериясында жеңип шыққан еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги