Усы жылы 7-март күни Нөкисте халық аралық Ҳаял-қызлар байрамына бағышланған байрам кешеси болып өтти.
Онда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген нураний аналар, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелердиң жуўапкерлери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, ҳаял-қызларды Жоқарғы Кеңес ҳәм Министрлер Кеңеси атынан байрам менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бул байрам ояныў пасылы, мийрим-шәпәәт ҳәм меҳир-муҳаббат, гөззаллық тымсалы болыўы менен бирге, дүньядағы ең уллы инсанлар болған ҳаял-қызларымызға деген айрықша ҳүрмет-итибарды өзинде жәмлейди. Өйткени, биз гөззаллық пенен мийрим-шәпәәттиң ең жоқары пазыйлетлерин муқаддес Аналарымыз бенен әжайып ҳаял-қызларымыз мысалында көремиз.
Президентимиздиң атап ѳткениндей, шаңарақтың сүйениши, жәмийеттиң үстини болған аналарымыз, ҳаял-қызларымыз турмыстан разы болса, пүткил халқымыз турмыстан разы болады. Сонлықтан, бүгинги күнге келип елимизде ҳаял-қызларымызды ҳәр тәреплеме қоллап – қуўатлаў мәселесиниӊ мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени оларға деген шексиз ғамхорлықтың, жоқары исеним ҳәм итибардың кѳриниси саналады. Бул бағдарда қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар ҳәр биримиз ушын оғада әзиз болған ҳаял-қызларымызды қәдирлеў, олардыӊ жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў, ғамхорлық кѳрсетиў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдай ийгиликли ислерди жаңа басқышларға кѳтермекте.
Өткен жылдың ѳзинде ҳаял-қызларымызды хошаметлеў мақсетинде «Ибратлы ҳаял» кѳкирек белгиси шѳлкемлестирилди. 247 ҳаял-қыз турақ жай менен тәмийинленип, 17 мыңнан аслам ҳаял-қыз ушын турақлы жумыс орынлары жаратылды. 4 мыңға шамалас ҳаял-қызға 20 миллиард сумлық субсидия ажыратылды. Буннан тысқары, исбилерменлик пенен шуғылланыўшы 29 мыңнан аслам ҳаял-қызға 563 миллиард сумлық кредит берилди.
Соның менен бир қатарда, 24 мыңнан аслам ҳаял-қызға 26,1 миллиард сўмлық материаллық жәрдем кѳрсетилгени, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында оқып атырған 22 мыңға шамалас ҳаял-қызға 197 миллиард сумлық тәлим кредитиниң ажыратылғаны, социаллық қорғаўға мүтәж 150 студент ҳаял-қыздың 1 миллиард сумнан артық контракт пулы төлеп берилгени, 112 ҳаял-қыз жеңиллетилген грант ҳәм бес жыллық мийнет стажына ийе 19 ҳаял-қыз төлемли шәртнама тийкарында жоқары оқыў орынларына қабыл етилгени – булардың барлығы ҳаял-қызларымыздың турмысында жүз берген әҳмийетли ўақыя болып есапланады. Буннан тысқары, Президентимиздиң басламасы менен напақа жасындағы 43 ана “Умра” зыяратына бийпул барыў бахтына миясар болды. Әлбетте, бундай ийгиликли ислер быйылғы жылы да даўам еттириледи.
Байрам мүнәсибети менен Президентимиз тəрепинен қабыл етилген пəрман тийкарында елимиздиң социаллық-экономикалық ҳəм жəмийетлик-сиясий турмысындағы белсендилиги ушын республикамыздан 5 ҳаял-қыз орден ҳəм медальлар менен сыйлықланыў бахтына миясар болды. Сондай-ақ, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 4-курс студенти Нурсулыў Коканова ҳәм Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқытыўшысы Гулшынар Худайбергенова Зульфия атындағы мəмлекетлик сыйлыққа миясар деп табылды. Буннан тысқары, қутлы сəне алдынан 20 ҳаял-қыз «Мўътабар аёл» көкирек белгиси менен сыйлықланбақта.
Салтанатлы кешеде бир топар пидайы ҳаял-қызларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен көкирек белгилери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды. Сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги, өзлериниң жоқары нәтийжели мийнети менен ажыралып киятырған бир топар ҳаял-қызлар “Мўътабар аёл” көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Сыйлықланғанлардың атынан шығып сөйлегенлер, ҳаял-қызларға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлығы ушын Президентимизге өз миннетдаршылықларын билдирди.
Салтанатлы кеше республикамыз көркем өнер шеберлериниң байрам концерти менен даўам етти.
Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы