Президент Шавкат Мирзиёев 5-март күни Ташкент қаласында спорт билимлендириўи, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы жаӊа заманагөй объектлер, экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп, Ташкент қаласында қурылған Баҳодир Жалолов қәнигелестирилген бокс мектебин барып көрди.

Олимпиада ҳәм Азия ойынларыныӊ жеӊимпазы, еки мәрте жәҳән ҳәм үш мәрте Азия чемпионы Баҳодир Жалолов Өзбекстан спортыныӊ мақтанышы есапланады. Ол кейинги жыллары профессионал боксте де нәтийжели қатнасып келмекте.

Мәмлекетимизде бундай чемпионлардыӊ ислерин үгит-нәсиятлаў, олардыӊ үлгисинде жас спортшыларды тәрбиялаўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Мәмлекетимиз басшысыныӊ 2022-жыл 14-марттағы қарарына муўапық, усындай және бир орын – Бокс бойынша Баҳодир Жалолов спорт шеберлиги мектеби шөлкемлестирилди.

Бул жерде халықаралық дәрежедеги боксшилердиӊ таярлаў, буныӊ ушын жоқары маман тренер ҳәм қәнигелерди тартыў, оқыў-шынығыўларды халықаралық стандартлар дәрежесинде шөлкемлестириў ҳәм алдынғы тәжирийбелер тийкарында оныӊ сапасын арттырып барыў жолға қойылмақта.

Төрт қабатлы заманагөй имаратта буныӊ ушын барлық шараятлар жаратылған. Биринши қабатта тийкарғы спорт залы, жүзиў бассейни, медицина ханасы ҳәм асхана бар. Екинши қабатта психология, шет тиллери, теориялық сабақларлар, информатика ҳәм оқытыўшылар ханалары, сондай-ақ, 45 орынлық мийманхана жайласқан. Үшинши ҳәм төртинши қабатларда 235 орынлық жатақхана, руўхыйлық ханасы шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, имарат жертөлесинде автомобиль турыў орынлары қурылған.

Бокс мектеби 175 орынға мөлшерленген болып, 5-11-классларға ҳәр жылы 25 оқыўшы таӊлап алынады. Дәслепки қәбилетлер 2022-жылғы оқыў жылында қабыл етилген ҳәм бүгинги күнде 50 оқыўшы сабақ алмақта. Олар пүткил мәмлекетимизден келген талабанлар арасынан таӊлап алынған.

Баҳодир Жалолов мектеби оқыўшылары 2023-жылы халықаралық ҳәм республикалық беллесиўлерде 26 алтын, 18 гүмис, 15 бронза медалын колға киргизген. Быйыл да бир қатар турнирлерде қатнасыў режелестирилген.

Мектеп пүткил мәмлекетимиздиӊ жас боксшилери ушын оқыў-шынығыў базасы болады. Жас перспективалы боксшилерди сайлап алыў ҳәм тәрбиялаў бойынша спорт мектеплери ҳәм орайлары менен бирге ислесип барады.

Сонлықтан, мектепте жас спортшылар, тараў жуўапкерлери менен сөйлесиў болды. Сөйлесиўге видеобайланыс арқалы аймақлар да жалғанды.

– Биз быйылғы жылды Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы, деп жәрияладық. Бәрқулла бул мәселеге айрықша итибар қаратып, жасларға керекли шараятларды жаратамыз. Олардыӊ потенциалы, умтылысы күшли. Бокс бойынша дүнья жетекшилери қатарындамыз. Бул потенциалды, талантлы жасларымызды раўажландырыў мақсетинде усы мектепти шөлкемлестирдик. Енди Баҳодир Жалолов мектеби өз бағдарында тап Президент мектебиндей үлгили система болады. Бокс методологиясы, диетологиясы, медицинасы, психологиясы аймақлардағы спорт мектеплеринде де раўажландырылады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ўәлаят ҳәкимлерине спорт федерациялары менен бирге ислесиўди жақсылаў, аймақларда олардыӊ жумысына жәрдемлесиў бойынша көрсетпелер берилди. Жаслар арасында спортты және де ғалаба ен жайдырыў, атап айтқанда, оларды бокске тартыў, оныӊ ушын мектеп ҳәм дөгереклерде шараятларды кеӊейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.



Спорт гимнастикасы бойынша үш мәрте жәҳән чемпионы, жәҳән кубоги ийеси Оксана Чусовитина – мәмлекетимиз мақтанышы. Ол сегиз Олимпиадада қатнасқан бирден–бир  гимнастикашы сыпатында Гиннестиӊ рекордлар китабына киргизилген.


Мәмлекетимизде усындай спортшыныӊ болыўы балалар ушын үлги, мақтаныш. Президентимиздиӊ 2022-жыл 14-марттағы Оксана Чусовитина қәнигелестирилген гимнастика спорт мектебин шөлкемлестириў ҳаққындағы қарары спортқа қызығыўшы жасларға үлкен шараят жаратты.

Мәмлекетимиз басшысы усы спорт мектебине барып, бул жердеги шараятларды ҳәм шынығыўларды көзден өткерди.

Мәкеме миллий сайланды командалар ушын халықаралық дәрежедеги спортшыларды таярлаў, жоқары маман тренер ҳәм қәнигелерди тартыў, оқыў-шынығыў процесин халықаралық стандартлар дәрежесинде шөлкемлестириў, тренерлер ҳәм гимнастикашылардыӊ өнерин турақлы арттырып барыўға бағдарланған. Оныӊ ушын үш қабатлы заманагөй имаратта барлық шараятлар жаратылған.

Биринши қабатта тийкарғы зал ҳәм шынығыўлар залы, тренажёр майданшасы, медицина ханасы ҳәм асхана жайласқан. Жоқарғы қабатларда 165 орынлық жатақхана, мийманхана, информатика ҳәм руўхыйлық ханалары орын алған. Мектеп Германиядан алып келинген спорт әсбап -үскенелери менен тәмийинленген.

Гимнастика мектеби 5-11-класслардағы 105 оқыўшыға мөлшерленген. Бүгинги күнде 91 ул-қыз маманлығын арттырмақта. Оларға еки шет тили де үйретиледи.

Чусовитинаныӊ избасарлары өткен жылы спорт гимнастикасы ҳәм көркем гимнастика бойынша халықаралық беллесиўлерде 4, республикалық турнирлерде 6 ҳәм спорт мектеплери арасында 24 медальды қолға киргизген.

Еӊ әҳмийетлиси, гимнастикашы жаслар бир жерде жасап, билим алып, шынығыўлар өткереди. Улыўма алғанда, бул спорт мектеби гимнастикашылар ушын республикада бирден-бир оқыў-шынығыў базасына айланады.

Усы жерде спорт тараўы жуўапкерлери ҳәм видеобайланыс арқалы аймақлардыӊ басшылары қатнасыўында сөйлесиў болды.

– Не ушын биз бул бағдарға үлкен итибар берип, мектеплер жаратып атырмыз? Гимнастика – барлық спорт түрлериниӊ тийкары. Футболшы да, боксши де, саламат боламан деген инсан да гимнастика ислеўи керек. Экономиканы раўажландырыў, жасларға билим бериў менен оларды спорт пенен шуғылландыра алсақ, мәмлекетимизде саламат зүррият, саламат миллет болады, – деди Президент.

Усы мақсетте гимнастиканы балалар бақшаларына кеӊнен енгизиў, қәбилетли спортшыларды таӊлап алыўды усы басқыштан баслаў, ҳәр бир аймақта екеўден гимнастика мектебин шөлкемлестириў мәселелери додаланды.



Усы жылы Францияда болатуғын Олимпиада ойынларында қатнасатуғын спортшы ҳәм олардыӊ тренерлерине айрықша шараят жаратыў, мүнәсип таярлық көриўин тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.

Буннан соӊ Президент Шавкат Мирзиёев экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар менен танысты.

Соӊғы ўақытларда экологиялық машқалалар, әсиресе, ҳаўаныӊ тазалығы кеӊ жәмийетшиликти тәшўишке салмақта. Экологиялық қәўипсизлик талапларына жуўап бермейтуғын автотранспорт қуралларынан шығып атырған зыянлы газлер ҳәм жоллардағы тығылыслар буныӊ тийкарғы себеплеринен бири. Соныӊ ушын мәмлекетимиз басшысыныӊ басламасы менен экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша комплексли илажлар көрилмекте.

Атап айтқанда, автотранспорт қуралларыныӊ зыянлы шығынды менен байланыслы экологиялық машқалаларды сапластырыў мақсетинде Ташкент қаласы Мирабад районы Файзобод мәҳәллесинде жайласқан Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасыныӊ дизимнен өткериў ҳәм имтихан алыў бөлими толық жаӊа усылда ислейтуғын заманагөй диагностика орайына айландырылды.

Мәмлекетимиз басшысы орайдыӊ жумысы менен танысты.

Орайдыӊ жумысын шөлкемлестириўде Германия, Бельгия, Франция сыяқлы раўажланған мәмлекетлер қалаларыныӊ экологиялық орталықты қорғаў тараўындағы алдынғы тәжирийбеси инабатқа алынған.

Бул жерде транспорт қуралларына мәмлекетлик номер белгисин бириктириў ҳәм белгилеў гүўалығын тапсырыў процеси түрли бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм әўерегершиликтен жырақ етилген, инсан факторы минимал дәрежеге түсирилген. Алдын автотранспорт  қуралын дизимнен өткериў процеси алты-жети басқышта әмелге асырылған болса, ҳәзирги күнде басқышлар саны үшеўге қысқарды.

Тийкарғысы, ендигиден былай орайда автомобильден шығып атырған зыянлы элементлер муғдары тексериледи ҳәм экологиялық тексериў нәтийжесинен келип шығып RFID чип орнатылған «қызыл», «сары» яки «жасыл» жарлық (стикер) машинаныӊ алдынғы айнасына жабыстырылады.

Келешекте әмелдеги экологиялық жағдайдан келип шығып, қала аймағы бир неше экологиялық зоналарға ажыратылады ҳәм транспорт қуралларыныӊ ҳаўаға шығарып атырған зыянлы элементлериниӊ дәрежесине бола, яғный стикердиӊ реӊине қарап, айырым экологиялық зоналарға кириўди басқышпа-басқыш шеклеў усыныс етилмекте. Онда экологиялық зоналарға рухсат етилмеген транспорт қуралларыныӊ кириўи автомотластырылған ҳалда қадағаланады. Нызамбузыўшылық нәтийжесинде келип түсип атырған жәриймалар аймақтыӊ экологиялық жағдайын жақсылаў бойынша илажларды қаржыландырыўға бағдарланады.

Система толық ислеўи ушын мәмлекет бойлап 100 ге шамалас ҳаўаны мониторинг  етиў  автоматикалық станциялары орнаталыўы, транспорт қуралларыныӊ атмосфераға шығарып атырған зыянлы дәрежесин баҳалаў ушын 84 дизимге алыў –диагностика орайларын, сондай-ақ, Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниӊ 216 аймақлық, районлық бөлимлерин заманагөй диагностикалық үскенелер менен тәмийинлеў режелестирилмекте.

Өз гезегинде халық ушын электромобильлерди сатып алыўды хошаметлеў, соныӊ менен бирге, бундай категориядағы автомобильлер ушын мәмлекетлик номерлер бериўде өндирилетуғын төлем муғдарларын азайтыў бойынша анық әмелий илажлар көриледи.





Автотранспорт қуралларын дизимге алыў ҳәм диагностика орайына сапары ўақтында Президент Шавкат Мирзиёевқа Ташкент қаласындағы тығылыс кесилиспелер ҳәм көшелерди тәртипке салыў, бул арқалы тығылыслықларды сапластырыўға байланыслы жойбар көрсетилди.

Жойбар өз алдына үш тийкарғы ўазыйпаны қойған – пиядалар қәўипсизлиги ҳәм қолайлығы жәмийетлик трнаспортқа үстинлик, өткериў қәбилетин арттырыў ҳәм жол-транспорт ҳәдийселериниӊ санын азайтыў.

Бул жойбар сынақ жолы менен Ташкент қаласындағы ири кесилиспеде – Бабур ҳәм Фурқат көшелери кесилиспесинде әмелге асырылды.

Пиядалар ушын кесилиспелерде “қәўипсизлик атаўлары” қурылды, пиядалар өтиў орнында светофорды басқарыў үскенелери орнатылды. Жәмийетлик транспорт бәндиргилери жолаўшылар ушын түсип шығыўға қолайлы түрде қайта жойбарластырылды.

Сондай-ақ, кесилиспелерге даўамлылығы ағымға қарап бейимлесетуғын интеллектуал светофорлар системасы қурылды.

Усы сыяқлы жойбарлар нәтийжесинде кесилиспелердиӊ өткериў қәбилетин сезилерли дәрежеде артып, тығылыслықлар азаяды, жәмийетлик транспорт және де нәтийжели болады.

Президентимиз бул жумысларды кеӊейтиў, “қала – пиядалар ушын” принципин толық әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Tashkent City Mall саўда-кеўилашар орайына да барды.

Комплекс көп функциялы болып, заманагөй коммерция ҳәм хызмет түрлерин қамтып алған. 5 қабатта саўда дүканлары, ресторан ҳәм кафелер, кеўилашар ойынлар ҳәм спорт майданшалары жайласқан. Жер астында 2 қабатлы автомобиль тоқтап турыў орны бар.


Орайда дүньяныӊ еӊ алдынғы брендлери шақапшаларын ашқан. Олардыӊ арасында биринши мәрте Өзбекстан базарына кирип келип атырғанлары да көп.

Үлкен майданда балалар ҳәм үлкенлер ушын жабық ойын майданшалары бар. Сондай-ақ, 14 кинотеатр шөлкемлестирилген. Бир сөз бенен айтқанда, бул жерде адамлар сатып алыўы, дем алыўы, спорт пенен шуғылланып, ўақтын кеўилли өткериўи ушын барлық шараятлар жаратылған.


Комплекс бир күнде 60 мыӊ адамға хызмет көрсетиў қуўатлығына ийе. Онда 3 мыӊнан аслам адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Президент бул жерге келген адамлар менен сәўбетлести.

Мәмлекетимиз басшысы усы комплекстиӊ бир бөлеги болған бес жулдызлы мийманханада жаратылып атырған имканиятлар менен де танысты.


31 қабатлы бул мийманхана бир ўақыттыӊ өзинде 500 адамға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады. Онда жоқары мәртебели мийманлар ушын шараятлар, 273 стандарт хана шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, үлкен ҳәм киши конференция заллары, ашық ҳәм жабық жүзиў бассейнлери, ресторан ҳәм кафетерия хызмет көрсетеди. Имаратта заман талабына сай “Ақыллы үй” системасы ҳәм тезжүрер лифтлер орнатылған.


Мийманхана май айында иске қосылыўы режелестирилген. Бул жерде және 500 адам турақлы жумыс орнына ийе болады.

Халқымызға заманагөй хызметлер усынатуғын бундай орайларды мәмлекетимиздиӊ басқа қалаларында да қурыў әҳмийетли екени айтылды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзА