Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниӊ әскерий бөлимлеринде әскерий-әмелий ҳәм олимпиада спорт түрлерин раўажландырыў, әскерий хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, еӊ қәбилетли спортшыларды таӊлаў алыў ҳәм оларды хошаметлеў мақсетинде Арқа-батыс әскерий округинде “Армия спорты ҳәптелиги” өткерилди.
100 ден аслам спортқа меҳир қойған әскерий хызметкерди өзинде жәмлестирген улыўма армиялық спорт жарыслары шеӊберинде қатнасыўшылар “Армия қол урысы”, “Әскерий-спорт комплекси көп гүреси”, “Офицерлер үш гүреси”, “Атыў спорты” бойынша күш сынасып, өзлериниӊ жеӊиске болған умтылысларын көрсетти.
Жарыслар Нөкис гарнизоныныӊ орайлық спорт комплексинде ҳәм “Нөкис” полигоны аймағында өткерилди. Ҳәр бир беллесиў әскерий округтиӊ тәжирийбели офицерлеринен ибарат төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып барылды.
Шығыс жекпе-жек гүреслери, бокс ҳәм миллий гүрес элементлерин өз ишине алған “Армия қол урысы” беллесиўинде ҳәр бир командадан сегиз адам сегиз салмақта беллести. Жарыс Өзбекстан Республикасы ҳуқық қорғаў уйымлары федерациясы ҳәм халық аралық қол урысы қағыйдалары тийкарында алып барылды.
“Әскерий-спорт комплекси көп гүреси” жарысы 100 метрге жуўырыў, 3 км аралықты басып өтиў ҳәм бирден-бир тосықлар аралығынан өтиў бойынша өткерилди. Пистолеттен оқ атыў, еркин усылда 3 км.ге жүзиў, 1-2 км аралыққа жуўырыў шынығыўларынан ибарат “Офицерлар үш гүреси” беллесиўлери де қызықлы өтти. “Атыў спорты” жарысында мергенлик шеберлигин көрсеткен қатнасыўшылар әмелдеги оқ атыў қағыйдалары тийкарында ПМ-1 пистолеттен ҳәм АК-1 автоматтан шынығыўлар орынлады.
Жарыс жуўмағында қатнасыўшылар жеке ҳәм командалық есапта кубок, медаль, диплом ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Сыйлы биринши орынларды ийелеген әскерий хызметкерлер усы жылдың март айында Қорғаныў министрлиги көлеминде болып өтетуғын чемпионатқа қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги