Президент Шавкат Мирзиёев 15-16-февраль күнлери Әндижан ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни Ханабад қаласындағы Янги ҳаёт мәҳәллесиниң турмысы менен танысыўдан басланды.

Ханабад мәмлекетимиздиң ең шығыс бөлегинде жайласқан. Шегарада жайласқанлығы себепли алдын жабық қала еди. Ақырғы жыллардағы өзгерислер, жақсы қоңсышылық сиясаты нәтийжесинде Ханабад және де абат ҳәм көркем болды. Оның экономикасы әдеўир жақсыланып, халықтың турмыс дәрежеси жоқарылай баслады. Бүгин бул жерде туризм, санаат, мийўе-овощ жетистириў ҳәм хызметлер раўажланбақта.

Янги ҳаёт мәҳәллеси белсендилери мәмлекетимиз басшысына адамлардың турмыс тәризи ҳаққында айтып берди.

Бул мәҳәлледе 3 мың 500 ден артық халық жасайды. Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, мектеп ҳәм колледжлерде сапалы билимлендириў ушын шараятлар бар, Таў жанбаўырларындағы дем алыў орынлары, өндирис кәрханалары ҳәм қыйтақ жер хожалықларында халық жумыс пенен бәнт.

Буннан тысқары, оннан аслам үй мийманханасы, жигирмаға шамалас саўда дүканы, шаштәрезхана, хызмет көрсетиў шақапшалары жумыс алып бармақта. Өткен жылы мәҳәлледеги жүзден аслам жумыссыз халық турақлы ҳәм мәўсимлик жумысларға жайластырылды. Және 181 пуқара өзин-өзи  бәнт еткен.

Өзбекстан Прнезидентиниң 2023-жыл 21-декабрьдеги пәрманына муўапық, мәҳәлле институтының жәмийетимизде ҳәм халықтың машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатындағы роли арттырылды. Мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, профилактика инспекторы, салықшы ҳәм социаллық хызмет хызметкеринен ибарат «мәҳәлле жетилиги» шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы усы системаның ўәкиллери менен сәўбетлести.

– Биз биринши күннен халық пенен байланыс, халықты разы етиўге кирискенбиз. Соның ушын, мәҳәлле системасын биринши буўын ретинде раўажландырып атырмыз. Мәҳәлле – пуқаралық жәмийетиниң тийкары. Бул халықтың дәрти, даўысы, дегени. Мәҳәлледеги мәмлекет ўәкиллери берилген ўәкиллик ҳәм қаржылардан пайдаланып, дүньяқарасын өзгертип, адамларды разы етиўи керек. Мен исенемен, Янги ҳаёт мәҳәллеси Өзбекстанға үлги болады, – деди  Шавкат Мирзиёев.

Президент мәҳәлле гүзары, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын де көзден өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Ханабад қаласы Янги ҳаёт мәҳәллесинде жасайтуғын Салоҳиддин Усмоновтың үйинде мийманда болды.

Шаӊарақ баслығы өмирлик жолдасы Зиёда апа менен еки перзентти тәрбиялаған. Турақ жайыныӊ әтирапы абадан. Үйи заманагөй көриниске ийе, жайыныӊ төбесинде қуяш панельлери орнатылған. Сондай-ақ, энергия үнемлеўши өз алдына система қурылған.

Соӊғы жыллары Ханабадта туризм раўажланбақта. Инфраструктура жақсыланып, саяхатшылар тартылмақта. Бул имканиятлардан пайдаланып, шаӊарақта үй мийманханасы шөлкемлестирилген.

С.Усмонов аўыл хожалығы қәнигеси. Олар замаррық жетистириў менен де шуғылланады.

Президентимиз бундай исбилерменликти мақуллап, басқа орынларда да қолланыў әҳмийетли екенин атап өтти.

– Ҳәр бир мәҳәллениӊ өз имканиятлары, дәстүрлери, адамлардыӊ қәлеўлери бар. Мәҳәлле ассоциациясы ҳәм экономикалық комплекс ўәкиллери оларды анықлап, қоллап-қуўатласа, халықты бәнт етиў, дәрамат дәрегин жаратыў мүмкин. Соныӊ ушын барлық жуўапкерлерди төменги буўынға түсирип, аймақларды мәҳәлле кесиминде раўажландырыўға итибар қаратып атырмыз, – деди Президент.

Буннан соӊ Ханабад қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында Әндижан ўәлаятын экономикалық-социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерилди.

Әндижан ўәлаятында санаат, исбилерменлик, аўыл хожалығы, туризм ҳәм социаллық тараўлар раўажланбақта. Соныӊ менен бирге, еле пайдаланылмаған имканиятлар да көп.

Мәжилисте сондай имканиятлар көрсетилип, оларды иске қосыў бойынша илажлар ҳәм жуўапкерлер белгиленди.

Быйыл Әндижанда 190 көп қабатлы турақ жай қурылып, 7 мыӊ шаӊарақ жаӊа жай менен тәмийинленетуғыны, Асака районында  “Жаӊа Өзбекстан” массиви шөлкемлестиретуғыны атап өтилди.

Мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша Әндижан тәжирийбеси жаратылады. Оларды мийўе-овощ, шарўашылық, өнерментшилик, жумысты үйге бөлип алып ислеў, санаат, саўда ҳәм хызметке тереӊ қәнигелестириў бойынша бағдарлама әмелге асырылады. Бул мақсетлерге 850 миллиард сум кредит ресурслары ҳәм 50 миллиард сум субсидия ажыратылады.

Транспорт хызметлерин жақсылаў мақсетинде Ханабадта Асакаға шекем поезд қатнаўын жолға қойыў, Әндижаннан мәмлекетимиздиӊ басқа қалаларына поезд ҳәм автобус қатнаўын көбейтиў режелестирилди. Сондай-ақ, киши ҳәм микро ГЭСлер қурыў, электр тармақларын ҳәм жолларды оӊлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Ўәлаятта жумыссызлық дәрежеси 7 процентке түскен. Халықтыӊ исбилерменликтен алып атырған дәраматы 1, 5 есеге артқан. 225 мыӊ халық өзин-өзи бәнт еткен.

Бирақ еле 400 мыӊ халықты кәмбағаллықтан алып шығыў, питкериўши жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў зәрүр. Усы мақсетте олар кәсип-өнерге оқытылады, жеӊилликли кредитлер берилип, исбилерменликке тартылады. Қытай тәжирийбеси тийкарында мәҳәллелер жанында ыссыханалар қурылып, шаӊарақларға бөлип бериледи. Жаслар мәлимлеме технологиялары ҳәм шет тиллерине қосымша оқытылады.

Әндижанда автомобиль қурылыс тараўында 12 ири ҳәм 160 тан аслам жерлигикли кәрхана бар. Оларда 17 мыӊ халық бәнт. Буны және де арттырыў ушын аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклерди кооперация тийкарында мәҳәллелерде ислеп шығарыў кеӊейтилди. Булақбошида керамикалық плита, Марҳамат ҳәм Балиқчида фарфор буйымлар кәрханалары шөлкемлестириледи.

Ўәлаятта жипти қайта ислеў дәрежесин 100 процентке жеткериў имканиятлары бар екенлиги атап өтилди. Быйыл 150 миллион долларлық бояў ҳәм таяр кийим ислеп шығарыў жойбарлары жуўмақланып, 6 мыӊ жумыс орны жаратылады. Тоқымашылық кәрханаларына Италиядан дизайнерлер алып келинеди. Сондай-ақ, Алтынкўл районында мебель ислеп шығарыў комплекси қурылады.

Қурамалы қурамдағы дәри ҳәм медициналық буйым ислеп шығарыў бойынша 7 жойбар әмелге асырылады. Жоқары билимлендириў шөлкеми менен бирге фармацевтика кластери шөлкемлестириледи.

Әндижан ўәлаяты менен Қытай исбилерменлери арасында 3 имиллиард долларлық келисимлерге ерисилген. Оныӊ 1 миллиард долларын усы жылдыӊ өзинде тартыў мүмкин. Усы мақсетте Әндижан районында 218 гектарда  “Жипек жолы” еркин экономикалық зонасы шөлкемлестириледи. Инвесторларға еркин экономикалық зоналар ушын белгиленген барлық салық ҳәм бажыхана жеӊилликлери бериледи. Сондай-ақ, санаат зоналарындағы бос жерлерге 300 миллион долларлық жойбарлар жайластырылады.

Жуўапкерлер усы жылы 2,5 миллиард доллар сырт ел инвестициясын алып келип, 45 мыӊ жумыс орнын жаратыў, 1 миллиард доллар экспорт тәмийинлеў режелерин билдирди.

Заманагөй мийманханалар ҳәм туризм орайларын қурыў, 20 мыӊ адамныӊ бәнтлигин тәмийинлеў миканияты бар екени айтылды.

Аўыл хожалығындағы тийкарғы ўазыйпа өнимдарлықты арттырыў, экспортты көбейтиў ҳәм санаатластырыў болады. Усы мақсетте патхашылықта 80 центнерге шекем өним беретуғын, талшық шығыны 45 процентке шекем болған Қытай сорты егиледи. 10 мыӊ гектарда тамшылатып суўғарыў енгизилип, және 20 мыӊ гектар жер лазер усылда тегисленеди. “Түйемойын”, “Миян”, “Чинободсой”, “Қадим”, “Қатортол”, “Пахтаобод” каналлары бетонланады.

Мийўе-овощ жетистириў ушын шаӊарақлық исбилерменлик шеӊберинде 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады, қурылмалар сатып алыўға субсидия бериледи, көп дәраматлы егинлердиӊ туқым ҳәм нәл кәрежетлериниӊ 30 проценти қапланады.

Азық-аўқат санаатында сырт елли брендлер тартылады. Әндижан районында ири агрологистика орайы қурылады. Дәрья ҳәм коллекторлар, олардыӊ әтирапы исбилерменлерге ижараға берилип, қус ҳәм балық бағыў жолға қойылады. Марҳаматтағы пиллешилик кластери Әндижанныӊ барлық районларына үлги болды. Жолдыӊ бойлары, атыз, бағ ҳәм тут шетлери халыққа бөлип берилип, 20 миллион тут егиледи.

Социаллық тараўлар талланып, бәринен бурын, мектеп билимлендириўиниӊ сапасын арттырыўға итибар қаратылады. Усы мақсетте 10-11-класс оқыўшыларына анық, тәбийғый ҳәм шет тили пәнлеринен бирин тереӊ үйрениў яки жумысшы ҳәм IT кәсиплерге оқыў имканияты жаратылады. Оныӊ ушын мектеплерде устаханалар шөлкемлестирилип, әмелий сабақты исбилерменлер өткереди.

Асака агротехнология техникумы менен Әндижан аўыл хожалығы институты арасында “2+2” бағдарламасы енгизиледи. Әндижан экономика ҳәм қурылыс институтында басқарыў ҳәм оқытыў методикалары жаӊаланады.

Ўәлаят емлеўханаларын раўажландырып, кардио, эндо ҳәм микрохирургия бағдарында медициналық хызметлер экспортын 2 есеге арттырыў мүмкин екени атап өтилди. Әндижан қаласындағы бир-бирине жақын жайласқан 8 емлеўхананы кластер усылында бирлестириў, Медицина институты клиникасы тийкарында көп тармақлы медицина орайын шөлкемлестириў бойынша усыныслар билдирилди.

Президентимиз мәжилис уллы шайыр Заҳириддин Муҳаммад Бабур туўылған күнлерде өтип атырғанына итибар қаратып, усы сәне мүнәсибети менен әндижанлыларды қутлықлады. Әндижан қаласындағы Бабур атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағы жаӊа идеялық концепция тийкарында қайта қурылатуғыны мәлим етилди.

Мәмлекетимиз басшысы Әндижан қаласындағы көркем өнер мектебине өзбек қосықшылығына үлкен үлес қосқан, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халық артисти Шерали Жўраевтиӊ атын бериўди усыныс етти. Ол Музыка ҳәм көркем өнер колледжине айландырылып, грант тийкарында жаӊа талант ийелери тәрбияланады.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы Бас министрдиӊ орынбасарлары, министрлер, ҳәкимлер ҳәм исбилерменлердиӊ усыныс ҳәм басламаларын тыӊланды.

Усыныӊ менен Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ Әндижан ўәлаятына сапары жуўмақланды.


Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Фахриддин УБАЙДУЛЛАЕВ,

ӨзА