Президент Шавкат Мирзиёевқа социаллық қорғаў системасын жетилистириў бойынша усыныслар таныстырылды.
Мәмлекетимизде халықтыӊ социаллық қорғаўына итибар қаратылып, социаллық хызмет түрлери ҳәм көлеми кеӊейтилип келинбекте. 2023-жыл 1-июньда мәмлекетимиз басшысыныӊ “Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў, оныӊ нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилген еди. Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди.
Өткен дәўирде Агентлик тәрепинен социаллық қорғаў системасыныӊ нәтийжелилиги ҳәм мәнзиллилиги орынларға шығып үйренилди. Бул процессте системаны мәҳәлле дәрежесинде әдил түрде шөлкемлестириў, дурыс қаржыландырыў, аўыр жағдайға түсип қалған адамлардыӊ социалласыўына жәрдемлесиўде кемшиликлер бар екени белгили болды.
Таныстырыўда усы машқалаларды системалы шешиўге қаратылған усыныслар көрип шығылды.
Оларға бола, енди мәҳәлледеги “жетилик” шаӊарақлардағы социаллық машқаланыӊ себеби, оларға тәсир етиўши дәреклерди анықлайды, бар имканиятларды баҳалап, оларды аўыр жағдайдан алып шығыў бойынша социаллық хызметлерди бағдарлайды.
“Сақаўат ҳәм жәрдем” қорынан жәрдемлерди социаллық жағдайын индивидуал баҳалаў тийкарында көрсетиў жолға қойылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, тийисли ҳүжжетлерди ислеп шығыў, турмысқа нәтийжели енгизиў бойынша көрсетпелер берди.
Өзбекстан тәрепинен ратификацияланған майыплардыӊ ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенция талапларын турмысқа енгизиўди избе-из даўам еттириў, атап айтқанда, майыплығы болған инсанларға жәрдемлесиў, жәмийетке интеграциялаў, сапалы протез-ортопедиялық үскенелер ҳәм реабилитация қураллары менен тәмийинлеў системасын жетилистириў зәрүр екени атап өтилди.
ӨзА