Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-февраль күни Венгрияның ең үлкен «OTP» банки басқармасы баслығы Шандор Чаньиди қабыл етти.
Ушырасыўда банк-қаржы тараўындағы, соның ишинде, «OTP» топарына мәмлекеттиң «Ипотека-банк»теги үлесин сатыў бойынша келисим шеңбериндеги бирге ислесиўдиң унамлы пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы банк хызметлерин санластырыў арқалы олардың сапасын арттырыў, киши ҳәм шаңарақлық бизнес ушын инновациялық ҳәм жетерли финанслық өнимлерди енгизиў, хызметкерлерди Европаның ең үлгили әмелиятларына оқытыў зәрүрлигин атап өтти.
Венгрияның жетекши компаниялары менен, соның ишинде, Ташкент ўәлаятында олар ушын шөлкемлестирилип атырған арнаўлы экономикалық зона негизинде аўыл хожалығы, виношылық, ирригация, химия, фармацевтика ҳәм санааттың басқа тармақларында кооперацияны және де тереңлестириў мәселелери көрип шығылды.
Шандор Чаньи, өз гезегинде, Венгрия бизнеси мәмлекетимиз базарындағы жумысын жедел кеңейтиўге таяр екенлигин тастыйықлады.
Ушырасыў соңында «OTP» банки басқармасы баслығы оның жумысына берилген жоқары ҳүрмет ҳәм өзине мәмлекетлик сыйлық – «Дослық» ордени тапсырылғаны ушын Өзбекстан жетекшисине терең миннетдаршылық билдирди.
ӨзА