Ҳүрметли делегатлар!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Қоршаған орталық ҳәм биокөптүрлиликти сақлаў жолындағы әҳмийетли халықаралық илаж – Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин сақлап қалыўға байланыслы конвенциясы мәжилисиниң барлық қатнасыўшыларын ҳәм мийманларын қызғын қутлықлайман.
Бәринен бурын, Конвенция секретариаты ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Қоршаған орталықты қорғаў бойынша бағдарламасына усы абырайлы конференцияны мәмлекетимизде өткериў басламасын қоллап-қуўатлағаны ушын терең миннетдаршылық билдиремен.
Дүнья цивилизациясы бесиклеринен бири, бийбаҳа архитектуралық дүрданасы есапланған ески хош келдиңиз!
Кейинги жылларда бул ески ҳәм бийтәкирар қала бир қатар әҳмийетли машқалалар бойынша сөйлесиўлердиң глобаллық орайына айланып бармақта. Бул форум Самарқандтың экологиялық дипломатияның тәсирли орайларынан бири сыпатында статусын беккемлеўге хызмет етеди.
Усы жерде 2023-жылдың декабрь айында бул қалада шөллениўге қарсы гүресиў бойынша халықаралық конференция өткерилгенин, быйылғы жылы апрель айында болса Орайлық Азияда климаттың өзгериўлерине бағышланған ири форум шөлкемлестирилетуғынын айрықша атап өтпекшимен.
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Бәршеңизге жақсы белгили, ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлери планетамыз экосистемаларының ажыралмас бөлеги есапланады. Тилекке қарсы, ҳәзирги күнде олар климаттың өзгериўи, жасаў орынларының жарамсыз ҳалға келиўи, нызамсыз аң ҳәм саўда сыяқлы айрықша қәўип-қәтерлерге дус келмекте.
Нәтийжеде ҳайўанлардың генетикалық ресурслары қысқармақта, олардың сийрек ушырасатуғын түрлери, тәбийғый үнлеслик ҳәм экосистемалар жойтылып бармақта.
Изертлеўлерге бола, Жер жүзинен кейинги 50 жылда олардың 100 ден аслам түрлери, Орайлық Азияда болса 26 түрдеги қуслар, 12 түрдеги сүт емизиўшилер, соның ишинде, Туран жолбарысы, Азия қапланы ҳәм басқа да эндемиялық түрлери пүткиллей жоқ болып кетти.
Биокөптүрлиликти келешек әўладлар ҳәм турақлы раўажланыў ушын сақлаў, инсан турмысының тәбият пенен үнлеслигин тәмийинлеў – бизиң улыўма мақсетимиз болып есапланады. Бул пүткил халықаралық жәмийетшилик ҳәрекетлерин бирлестириўди, муўапықластырылған ҳәм кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырыўды талап етеди.
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Өзбекстанда көшип жүриўши жабайы ҳайўанлардың түрлерин сақлаўға үлкен итибар қаратылмақта. Кейинги жылларда бәринен бурын, тараўдың ҳуқықый базасы жетилистирилди, жаңа нызамшылық ҳүжжетлер қабыл етилди ҳәм олардың нәтийжели орынланыўы тәмийинленбекте. Мәмлекетлик басқарыў уйымлары, бизнес ҳәм пуқаралық жәмийетлериниң социаллық жуўапкершилигин арттырыўды қамтып алған институционаллық система беккемленбекте.
Бул тараўда фундаменталлық ҳәм әмелий изертлеўлердиң ең алдынғы мектеби болған Илимлер академиясының Зоология институты өз жумысын қайта тикледи. Қысқа мүддетте көшип жүриўши түрлерин исенимли қорғаўды тәмийинлейтуғын қорғалатуғын тәбийғый аймақлар үш есеге арттырылып, мәмлекетимиз улыўма майданының 14 процентине жеткерилди. Өзбекстанның сийрек ушырасатуғын тәбият ландшафтлары ЮНЕСКОның Пүткил дүнья жүзилик тәбийғый мийрас дизими, Пүткил дүнья жүзилик биосфера резерватлары тармағына ҳәм Рамсар конвенциясы объектлери дизимине киргизилди.
Жабайы ҳайўанларды сақлаў ушын жаңа питомниклер шөлкемлестирилди. Сийрек ушырасатуғын қустың түрлерин ҳәм сүт емизиўшилерди өзиниң жасайтуғын орынларында көбейтиўди қайта тиклеў бойынша бағдарламалар әмелге асырылмақта. Арал теңизиниң қурыған түбинде 2 миллион гектар майданда тоғайлар жаратылғаны өсимликлер биокөптүрлилигин ҳәм ҳайўанат дүньясын қайта тиклеў имканиятын бермекте.
Өзбекстан 2024-2027-жылларда Конвенцияға басшылығы дәўиринде көшип жүриўши ҳайўан түрлерин қорғаўға өзиниң пүткил күш ҳәм имканиятын толық жумсаўға таяр. Биз Самарқандта бул бағдарда келешектеги жумысларымыздың тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын 2024-2032-жылларға мөлшерленген Жаңа стратегиялық реже тастыйықланып атырғанын қоллап-қуўатлаймыз.
Сондай-ақ, Ҳайўанлардың көшиўине тосқынлықлардан жырақ экологиялық коридорларды жаратыў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўди қоллап-қуўатлаймыз.
Инфраструктура объектлери – автомобиль ҳәм темир жоллар, газ қубырлары ҳәм шегара имаратларының қурылысы жабайы ҳайўанлар миграциясына унамсыз тәсир көрсетиўди азайтыў ушын экологиялық баҳа берилиўи бойынша талапты күшейтиў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан трансшегаралық тәбийғый парклер жаратыў бойынша регион мәмлекетлери менен тығыз бирге ислеспекте ҳәм олардың санын кескин көбейтиў нийетиндемиз.
Бир ўақытлары Үстирт платосы кеңликлеринде жасаған ҳәм инсан факторы тәсиринде жойтылып кеткен Азия қапланы популяциясын қайта климатластырыўды баслаў нийетиндемиз. Илимпазлар менен экспертлерди бул бағдарда бирге ислесиўге шақырамыз.
Пурсаттан пайдаланып, Қоршаған орталықты қорғаў халықаралық аўқамының Ташкентте өз ўәкилханасын ашыў бойынша қарары ушын айрықша миннетдаршылық айтпақшыман. Биз шөлкемниң регионымыз флора ҳәм фаунасын сақлап қалыў сыяқлы ийгиликли исине ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таярмыз.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Бүгинги конференцияда қабыл етилип атырған қарарлардың турмысқа енгизилиўи көшип жүриўши жабайы ҳайўанларды сақлаў бойынша халықаралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Бул жолдағы абырайлы ҳәм жуўапкершиликли жумысларыңызда сизлерге үлкен әўметлер, күш-ғайрат ҳәм жаңа табыслар яр болыўын тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти