Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Кембридж халықаралық эксперти Стив Кинг менен ушырасты.
Ушырасыўда билимлендириў тараўында инновациялық жаңаланыўларды, улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң оқыў процесине халықаралық тән алынған билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, билимлендириў тараўында хызмет кѳрсетиўши халықаралық шѳлкемлер менен бирге ислесиў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысыўлар болды. Соның менен бирге, Президентимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған итибар кең түрде атап өтилди.
Сондай-ақ, республикамызда мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеплеринде халықаралық Кембридж оқыў бағдарламасын жолға қойыў мәселелери талқыланды. Нѳкис қаласындағы 46-санлы улыўма билим бериў мектеби республикамыздағы ең алдыңғы оқыў орынларыныӊ бири болып, балаларға жоқары дәрежеде сапалы билим бериўде орны гиреўли болып келген. Бирақ, айырым себеплерге бола көрсеткишлери бираз төменлеп, билим бериў дәрежесин реформалаў талап етилмекте. Усы мақсетте республикамизда биринши мәрте 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде халықаралық тән алынған Кембридж оқыў бағдарламасы тийкарында оқыў процесин жаңа оқыў жылынан баслап жолға қойыў режелестирилмекте.
Қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Х.Умарова видео байланыс арқалы қатнасып, билимлендириў тараўын раўажландырыў, бул бағдарда алдағы режеге киргизилген жумыслар көлемин еле де кеңейтиў, бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги