Фото: Nima Sarikhani/Wildlife Photographer of the Year

Шпицберген  атаўындағы Арктика теңизиндеги айсбергтиң қалдығы үстинде уйқылап атырған жас ақ айыўдың жүректи езиўши көриниси шынында да бәршени сергекликке шақырып атырғандай. Усы көринистеги кадрды британиялы ҳәўескер фотограф Ним Сарихани алған, деп жазады  Live Science басылымы.

Бул көринис Арқа полюстен 800 километр узақлыкта, Арқа полюс шеңбериниң тереңлигинде жайласқан Норвегияның Шпицберген архипелагине жақын жерде фотограф тәрепинен сүўретке алынған.

Сариханлдиң айтыўынша, ол экспедиция ағзалары менен ақ айыўларды табыўға ҳәрекет еткен. Үш күнлик үмитсиз излеўден кейин кеме жөнелисин өзгертти ҳәм қубла-шығысқа ҳәрекетленди. Әне, сол жерде экипаж ағзалары еки ақ айыўды көрди. Түн ярымынан алдын фотограф жас айыўдың жүзип кетип баратырған майда айсбергке шығып, бармақлары менен өзине «төсек» ойғанын, кейин уйқылап қалғанын бақлайды.

Соң Сарихани «Муз төсек» деп аталған көринисти жабайы тәбият ҳаққындағы сүўрет таңлаўына жибереди ҳәм жеңимпаз болады.

Тәбият тарийхы музейи директоры Дуглас Гуррдың сөзлерине бола, Ним Сариханидиң бул сүўрети планетамыздың гөзаллығын, нәзиклигин, соның менен бирге, қәўип астында екенин және бир мәрте еслетеди. Климат өзгериўи бүгинги күнде полюс айыўларының жабайы тәбиятта аман қалыўы ушын ең үлкен тосықлардан бири есапланады, себеби Жердиң ысыўы суўық өмирге үйренген ҳайўанлар ушын зәрүр болған теңиз музларын еритеди.

Мағлыўматларға бола, бүгинги күнде тәбиятта тек ғана 26 000 полюс айыўлары қалған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги